#Мойнақ_районы

Мәҳәлле жетиликлери нәтийжели жумыс алып барып атыр ма?


Районлық бөлим мәжилислер залында жетиликтиң жоқары турыўшы уйымларының жуўапкерлери қатнасында жыйналыс болып өтти.

Онда жоқарыдағы сораў дөгерегинде пикирлесилип, бул бағдарда ушырасып атырған айырым ҳалатлар сөз етилди.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң арнаўлы пәрман ҳәм қарары тийкарында жетиликте мәҳәлле баслығына кең ўәкилликлер берилген болса да, айырым тараў қәнигелери тәрепинен бир жәмәәт болып ислеў тәртип-қағыйдалары бузылмақта. Бүгинги ушырасыўдан мақсет усы кемшиликлерди сапластырыў болып табылады.

Жыйналыста усы сыяқлы мәселелер додаланып, жетилик жумысының нәтийжелигин еле де арттырыў бойынша келисип алынды.

Каналға ағза болыў   👉  https://t.iss.one/QR_mahalle
#Вакансия

Министрлик тәрепинен тийисли районлар шеңберинде бүгинги сәне ҳалатына ҳалатына жәрияланған бос жумыс орынлары менен танысың!


Мойнақ районы

Қоңырат районы

Тақыятас районы

Нөкис районы

Каналға ағза болыў   👉  https://t.iss.one/QR_mahalle
Мойнақ районына мүддетли әскерий хызметке келген әскерлер, сержант ҳәм офицерлер менен район прокуратурасы ҳәм басқа да ҳуқық қорғаў уйымлары жуўапкерлери қатнасында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыў даўамында мүддетли әскерий хызметшилерге ҳәр бир ер азаматтың ўатан алдындағы перзентлик миннети хаққында тусиник жумыслары алып барылды ҳәм олар менен турақлы бирге ислесиў илажларын көриў, сондай-ақ машқалалы мәселелерди орнында шешип барыў бойынша келисип алынды.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мойнақ ҳәр күни шет елли туристлер менен толы

Сиз видеокадрларда көрип турған бирқанша Бельгиялы мийманлар вертолёт пенен Мойнақ районын саяхат етти.

Хош бүгинги күнде Мойнақ районында вертолёт пенен қайсы орынларды барып көрип көриўге болады ямаса қайсы орынлар жанында вертолёт ушыў-қоныў майданшасы бар?

Вертолёт арқалы:
Арал теңизи акваториясы;
Мойнақ районы орайы;
Мойнақ маяги;
"Бозатаў" АПЖдағы "Ақ кеме" балалар орайы; 
"Бозатаў" АПЖдағы Мәмлекетлик Тоғай хожалығы бағы;
Қыпшақдәрья аўылындағы ыссыханалар;
Қазақдәрья аўылындағы шарўашылық комплексине
саяхат етиў мүмкиншилиги жаратылған.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Автомобиль басқарыўшылары дыққатына!

Бүгин, 18-апрель күни Мойнақ районы орайында "Арал балықларынан 99 тағам" гастрономиялық фестивалының өткерилиўине байланыслы автомобиль жолларында ҳәрекетлениў ўақтынша тоқтатылады.

Саат 09:00 ден 13:00 ге шекем Әжинияз ҳәм Өзбекстан көшеси кесилиспесинен баслап ҳәм Әжинияз ҳәм Бердақ көшеси кесилиспеси  аралығы автомобиль жолы ўақытша жаўылады.

Саат 13:00 ден 19:00 ге шекем  Әжинияз ҳәм Өзбекстан көшеси кесилиспесинен баслап  Әжинияз ҳәм Тентек арна көшеси кесилиспеси  аралығы автомобиль жолы ўақытша жаўылады.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Қыйтақ_жер_дәрамат_дәреги

Мәҳәлле баслығы өрнек болыўы керек!

___________________

#Томорқа_даромод_манбаи

Маҳалла раиси ўрнак бўлиши керак
!

Каналға ағза болыў   👉  https://t.iss.one/QR_mahalle
#Фоторепортаж

Бүгин Мойнақ районында "Арал балықларынан 99 түрли тағам" гастрономиялық фестивалы болып өтпекте.

Фестиваль мийманлары Мойнақ маяги жанында салтанатлы түрде күтип алынды.

Соннан соң гастрономиялық фестиваль шеңбериндеги жуўырыў марафонына старт берилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter