Мойнақ районы Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери тәрепинен "Бозатаў" аўыл пуқаралар жыйынында пуқараларға қолайлықлар жаратыў, узағын жақын қылыў ҳәм олардың артықша қәрежетлерин тежеў мақсетинде көшпели тәртипте мәмлекетлик хызметлер көрсетилди. Онда мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен пенсия ҳаққында мағлыўмат, наркология ҳәм руўҳый кеселликлер бойынша диспансер есабында турыўы яки турмаслығы ҳаққында мағлыўмат алыў, перзентин мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине нәўбетке қойыў хызметлери  бойынша 18 мәмлекетлик хызметлер көрсетилди. Соның менен бирге Мобил-ID системасы абзаллықлары ҳаққында түсиниклер берилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Өзбекстан Республикасы Халық демократиялық партиясы Мойнақ районы Кеңеси тәрепинен жаслардың сиясий, ҳуқықый саўаты ҳәм мәдениятын асырыў мақсетинде Мойнақ Кәсип өнер мектебинде қатарымыздағы жаслар жойбары әмелге асырылды. Илажға Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Мойнақ районы Кеңеси баслығы
Г. Тажибаева, партияның Мойнақ районы Кеңеси депутаты К.Насырова, Кәсип өнер мектебиниң руўхый ағартыўшылық жумыслары бойынша орынбасары Т.Уббинизов, белсенди жаслардан П.Мырзамуратова ҳәм кәсип өнер мектебиниң оқыўшы жаслары қатнасты. Жойбар шеңберинде жасларымызға мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, жасларымыз ушын жаратылып атырған мүмкиншиликлер ҳәм Халық демократия партиясының әмелге асырылып атырған жумыслары, сиясий искерлиги ҳаққында жасларға толық мағлыўмат берилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Жынаят ислери бойынша Мойнақ районы суды баслығы Ж.Кдырниязов тәрепинен Мойнақ районы қорғаў бѳлими имаратында  кɵшпели суд мәжилиси ɵткерилип, кɵшпели суд мәжилисинде 10 шахсқа қарата 10 ҳәкимшилик ис материаллары кɵрип шығылып, 9 шахсқа қарата жәрийма жазасы, ал 1 шахсқа болса, ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды. Буннан тысқары, кɵшпели ашық суд мәжилисинен соң суд баслығы жыйналғанларға Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 22-февральдағы “Тѳлеўге қәбилетсизлиги ҳаққында”ғы, 2024-жыл 27-февральдағы "Мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиў ҳаққында"ғы нызамлары ҳәм “Коррупция менен байланыслы жынаятлар ҳәм олардың алдын алыў” темасы бойынша түсиндирип ɵтти. Жыйналыс соңында Жынаят ислери бойынша Мойнақ районы суды баслығы Ж.Кдырниязов тәрепинен пуқаралардың суд-ҳуқық тараўы бойынша мүрәжатлары тыңланып, сол жердиң өзинде тийисли түсиниклер берилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы
Хабар бергенимиздей, газ тәмийинаты системасында оңлаў жумыслары алып барылмақта. Бул жумыслар саат 18:30 ға шекем даўам етеди. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Оңлаў жумыслары тамамланып, район аймағына тәбийғый газ жеткерип берилмекте. Табийғый газге қайта жалғанған ўақытта газ үскенелеринен белгиленген қағыйдаларға муўапық пайдаланыўға ескертемиз.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🌎🌍🪐💫⭐️ 19:00
Mo'ynoqlik tomorqa egasi yetishtirayotgan qovoqlar 20-25kg. Tosh bosmoqda

28.03.2024
#Qoraqalpoģiston
Muxbir: Zafarbek Artiqbayev

📲Bizni ijtimoiy tarmoqlarda kuzating: ⬇️
🌐 TELEGRAM | 🌐 INSTAGRAM
🌐 FACEBOOK | ▶️ YOU TUBE
Шет елдеги жаслар менен сәўбетлесиў алып барылды

Мойнақ районы ҳәкими Бахтияр Менглибеков шет еллерде жоқары оқыў орынларында оқып атырған ҳәм жумыс ислеп атырған жаслар менен интернет тармағы арқалы сәўбетлесиў алып барды. Ҳәким Б.Менглибеков сәўбетлесиў даўамында сырт еллердеги районымыз жасларына миллий қәдириятларымызға жат болған иллетлерге, түрли диний ағымларға ҳәм бузғыншы топарларға қосылып қалмаўға шақырды. Соның менен бирге,  Мойнақ районы аймағында  жаратылған бос жумыс орынлары ҳаққында мағлыўматлар берип, шет елде оқып атырған ямаса жумыс ислеп атырған жаслардың қызығыўшылығы бойынша исбилерменлик басламақшы болғанларға зәрүр әсбап-үскенелер алыўға субсидия ҳәм жеңиллетилген кредитлер ажыратып бериўге таяр екенлигин мәлим етти.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мойнақ районы "Арал" МПЖ аймағында Наўрыз байрамы сейиллери болып өтти.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ҳозирги таҳликали замонда тинчлигимиз учун барчамиз бирдек масъулмиз! Бефарқ бўлманг!
🎓Мойнақлы Артур Утегенов халқымыз мәдениятын Туркияға танытып атыр

Мойнақлы Артур Утегенов 2023/2024-оқыў жылларында Туркия мәмлекетиндеги ең алдынғы жоқары оқыў орынларының бири есапланған Анкара  Музыка ҳәм сүўретлеў өнери университетиниң магистратура басқышына грант тийкарында оқыўға қабылланды.

- Түрк тили бойынша үш ай таярланып, халықаралық дәрежедеги C1 сертификатын қолға кириттим ҳәм Анкара  Музыка ҳәм сүўретлеў өнери университетине грант тийкарында оқыўға қабылландым. Жатақханасы ҳәм ишип-жеў бийпул. Стипендиям баршылық, жетеди - дейди ол - Егер мен түрк тилин үйренип келмегенимде, магистратурада үш жыл оқыйды екенмен. Түрк тилин үйренип келгенлер магистратурада еки жыл оқыйды екен. Менде де усындай жеңиллик бар. Магистратура басқышының биринши курсын питкериў алдында турман, соннан соң және бир жыл оқысам, аўылыма қайтаман - дейди Артур Утегенов.