This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
"Мәденият кәрўаны" концерт бағдарламасы район орайындағы Амфитеатрда өткериледи.

Бүгин, 26-март күни Мойнақ районында "Мәденият кәрўаны" концерт бағдарламасы өткериледи

Басланыў ўақты саат 19:00де

Өткерилиў орны: Амфитеатр

Хабарды досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң!

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Автомобиль басқарыўшылары дыққатына!

Бүгин, 26-март күни Мойнақ районы орайлық Амфитеатрында "Мәденият кәрўаны" концерт бағдарламасының өткерилиўине байланыслы автомобиль жолларында ҳәрекетлениў ўақтынша тоқтатылады.

Саат 15:00 ден 22:00 ге шекем Әжинияз көшесиндеги прокуратура бюросы ҳәм районлық суд имаратлары аралығындағы автомобиль жолы ўақтынша жаўылады.

Хабарды автомобиль басқарыўшылары менен бөлисиўди умытпаң!

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Live

"Мәденият кәрўаны" концерт бағдарламасы Мойнақ районында

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Пуқаралар қабыллаўы айырым пуқараларды жатып ишерлик кейпиятынан шығарыўға бағдарланып атыр

Мәнзил анық - Президенттиң Мойнақ районындағы Халық қабыллаўханасы имараты. Ўақты белгили - ҳәптениң сийшемби күни, саат 10:00 де басланады. Мақсет - пуқаралардың машқалаларын үйрениў ҳәм олардың мүрәжатларына шешим табыўдан ибарат. Мойнақ районы ҳәкими Б.Менглибеков, секторлар басшылары ҳәм Президенттиң районымыздағы Халық қабыллаўханасы баслығы қатнасында өткерилген бүгинги қабыллаўына 7 пуқара қатнасты. Соннан еки пуқараның мүрәжаты унамлы шешилип, төртеўине ҳуқықый түсиниклер берилди ҳәм орынланыўы ўақыт талап етилетуғын бир мәселе басшылар қадағалаўына алынды. Район басшыларының өткерилип атырған  қабыллаўлары айырым пуқараларды жатып ишерлик кейпиятынан шығарыўға бағдарланып атырғаны менен әҳмийетли.Пуқаралардың қабыллаўларының тағы бир айтарлық тәрепи, тараў қәнигелериниң қамтып алыныўында болып, мәселелер ҳәр тәреплеме көрип шығылады ҳәм анықлық киритиледи.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
МӘЖИЛИС КӘМБАҒАЛЛЫҚТЫ ҚЫСҚАРТЫЎ ҲӘМ ҚЫЙТАҚ ЖЕРДЕН ДӘРАМАТ ТАБЫЎ ЖУМЫСЛАРЫН НӘТИЙЖЕЛИ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎГЕ БАҒЫШЛАНДЫ

Бүгин Мойнақ районы ҳәкимлигинде кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм қыйтақ жерден дәрамат табыў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириўге бағышланған мәжилис болып өтти.

Онда республикамыздан Мойнақ районына бекитилген жуўапкерлер, мәҳәлле жетиликлери, акционерлик коммерциалық банк филиаллары, мәкеме, кархана баслықлары қатнасты.

Мәжилисте үй шараятында өзин-өзи бәнт етип, дәрамат табыў ушын қандай жойбарларды иске түсириў керек, қайсы тараў, қайсы аймақта жақсы нәтийже береди, хожалықлар қандай өнерментшилик пенен  шуғылланса болады деген сораўлар үстинде еле де нәтийжели жумыс алып барыў бойынша тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, мәҳәллелерде жумысқа жарамлы ҳәм жумыссыз пуқаралар, шет елге жумыс ислеўге кеткенлердиң санын анықлаў ҳәм басқа да кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм қыйтақ жерден дәрамат табыў мәселелери бойынша ўазыйпалар белгилеп берилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter