Мойнақ районлық электр тәмийинлеўши кәрханасы ескертеди, себеби 110/10кВ Арал подстанциясынан шығыўшы 10кВ Уч-сай фидери хаўа линиясында киши оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы "Үшсай" АПЖ ҳәм "Дослық" МПЖ аймақларында 4-январь күни саат 10:00ден 13:00ге шекем электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
🔴Live
#Мәҳәлледе_дуў_дуў_гәп
#Мойнақ_районы

Бүгин "Мойнақ" мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектеби имаратына мәҳәлле турғынлары жәм болды. Себеби бул билимлендириў мәкемесинде «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астындағы «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» атамасында руўхый-ағартыўшылық мәдений илажлары болып өтпекте.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
#Мәҳәлледе_дуў-дуў_гәп
#Мойнақ_районы

Бүгин "Мойнақ" мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектеби имаратына мәҳәлле турғынлары жәм болды. Себеби бул билимлендириў мәкемесинде «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астындағы «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» атамасында руўхый-ағартыўшылық мәдений илажлары болып өтти. Онда сөзге шыққанлар соңғы жылларда Президентимиздиң айырықша дыққат, итибары нәтийжесинде Мойнақ районында әмелге асырылып атырған өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар ҳаққында атап өтти. Илаж шеңбериндеги Мойнақ районлық Мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм 1-санлы улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшыларының таярлаўында өткерилген концерт бағдарламасы жыйналғанларға жоқары кейпият бағышлады. Сондай-ақ, викториналық ойынлар шөлкемлестирилип, жеңимпазларға көркем әдебий китаплар саўға етилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
https://kknews.uz/kk/176711.html
100 баланың қысқы дем алысы «Ақ кеме»де өтпекте

Каналымызға қосылың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
🔴Live

Руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений саз-сәўбетли илажлар даўам етпекте

Мойнақ районындағы "Арал" мәкан пуқаралар жыйынындағы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Жаңа турмыс ушын,   Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астында «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» атамасындағы руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений  саз-сәўбетли кеше болып өтпекте.
Онда сөзге шыққанлар тәрепинен 2023-жылдыӊ 22-декабрь күни болып өткен Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Кеӊеси мәжилисинде мәмлекетимиз Президенти тәрепинен билдирилген пикир, усыныслар, жаӊа басламалар ҳәм белгилеп берилген ўазыйпалардыӊ әҳмийети ҳаққында кеӊ түрде айтып өтти.
Кеше даўамында викторина ойынлары шөлкемлестирилип,   жеңимпазларға руўхыйлықтың тийкарғы дәреги болған бийбаҳа китаплар саўға етилди.
Сондай-ақ, кешеде районлық Мәденият бөлими ҳәм 2-санлы улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанларға жоқары кейпият бағышлады.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter