Мойнақ районы ҳәкимлиги мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери бойынша комитет баслығы Сайфуллаев Бахтиёр Сайфуллаевич қатнасында жыйналыс болып өтти. Жыйналысты Мойнақ районы ҳәкиминиң биринши орынбасары С.Ильясов ашты ҳәм алып барды. Илажға Мойнақ районы аймағында жайласқан аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары, жаслар жетекшилери, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм тийисли тараў басшылары қатнасты. Онда ҳүкиметимиз тәрепинен қабыл етилип атырған ҳуқықый норматив ҳүжжетлердеги ҳаял-қызлар ҳәм жасларға белгилеп берилген жеңилликлер ҳәм олардың елимиз пуқаралары турмысындағы әҳмийети ҳаққында кең түрде сөз етилди. Соның менен бирге, район ҳәкими орынбасарлары, районда жумыс алып барып атырған бөлим ҳәм жаңадан сайланған пуқаралар жыйынлары баслықлары тәрепинен билдирилген пикир, усыныс ҳәм машқалалары тыңланды.
"Juldızlı kino" joybarı.

👭👨‍👩‍👧‍👦Jaqınlarıńız benen keliń hám zawıqlanıń.

Biz tayyarmız!
Sizlerdi kùtpektemiz!🤗

Mánzil: "Aral" stadion

t.iss.one/QR_Moynaq_Jaslari
#Juldızlı_kino
#Live

"Juldızlı kino" joybarında birinshi film
"Chestnıy baslıq" (komediya)

Baslanıw waqtı: 21:30da
Forwarded from MOYNAQ JASLARI
#Moynaq_rayonı
#Juldızlı_kino

🤩🤩🤩«Juldızlı kino» joybarı bolıp òtti.

Joybar sheńberinde rejissyor A.Tóreevtiń «Chestnıy baslıq» kinokomediyası tamashagóyler názerine usınıldı.

Qatnasıwshılar ashıq aspan astındaǵı tábiyat qoynında demalıs kúnin zawıqlı ótkerdi🤗🤗

t.iss.one/QR_Moynaq_Jaslari
⚡️Dıqqat! Dıqqat!

🔹Jaslar isleri agentligi Moynaq rayonı bòlimi hàm Jaslar awqamı rayonlıq Keńesi tárepinen màmketimizde barkamal awladtı tàrbiyalaw, jaslardıń huquqiy sawatqanlıģın hàm huquqiy màdeniyatın elede asırıw maqsetinde màhàlledegi jaslar arasında "JAS HUQUQTANÌWSHÌ" kòrik tańlawı shòlkemlestirilmekte.

🔹Tańlaw 7-13, 14-18, 18-30 jas tayıpaları aralıģında òtkeriledi.

📍Tańlaw shàrtleri tòmendegishe;

● Tańlaw qatnasıwshıları belgilengen tàrtipte shòlkemlestiriwshiler tàrepinen dùzilgen test sorawların sheshiwi kerek boladı.

●Test sorawları jas tayıpalarına sàykes bolıp,
︎ana-tili hàm àdebiyatı pàninen - 20 soraw;
︎Òzbekstan tariyxı pàninen - 20 soraw;
︎Huquqtanıw pàninen - 60 soraw dùziledi.

🗓 2022-jıl, 9-iyun
⌚️ 11⁰⁰ de
🏛 "Jaslar orayı" imaratında

Maģlıwmat ushın telefon:
(99) 595-24-25
@a_tilewbaevna

t.iss.one/QR_Moynaq_Jaslari
Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы
#Moynaq_rayonı #Juldızlı_kino 🤩🤩🤩«Juldızlı kino» joybarı bolıp òtti. Joybar sheńberinde rejissyor A.Tóreevtiń «Chestnıy baslıq» kinokomediyası tamashagóyler názerine usınıldı. Qatnasıwshılar ashıq aspan astındaǵı tábiyat qoynında demalıs kúnin zawıqlı…
Қараңғы түн. Жаздың тынық ҳәм салқын ҳаўасы. Жасыллыққа бөленген майдан. Бул жерде узааақта жарқырап турған жулдызларды тамаша етсең арзыйды. Шексиз аспан... Булар күн даўамындағы тәшўишлерди сәл умыттырады. Әсиресе, үлкен экранда кинокомедияны тамашалаў арқалы таң азаннан баслап қорадағы сыйырларды көллерге апарып, жуўыр-жуўырлардан кешке шекем тынбаған аяқларыңызды жазасыз. Ең баслысы, руўхый дем алыс. Жаслар ислери агентлиги Мойнақ районлық бөлими ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеңеси баслығы А.Жийемуратова тәрепинен шөлкемлестирилген "Жулдызлы кино" жойбары жасларымыздың руўхый дүньясын байытыўға, ана тәбиятымызға, туўылған жеримизге меҳир-муҳаббатын асырыўға бағдарланған илаж. Сондай-ақ, жойбар XXI - информация әсиринде социаллық тармақлардағы мазмуны сайыз видеокөринислерге ҳәўескер жаслар ўақтының мазмунлы өтиўине хызмет етеди. Бул илаж "Арал" футбол стадионында өткерилди. Мақсет анық болса, оған баратуғын жолды басып өтиў машақат емес. Яғный, бул гәпимиз бенен жасларға руўхый заўық бағышлаўда үлкен кинотеатр да шәрт емес демекшимиз. Буны жаслар шөлкемлеринде жумыс алып барып атырған жас басшы кадрларымыз дәлилледи. Әпиўайы монитор, ана тәбият қушағында жаслардың кешки дем алысының кеўилли өтиўине өзлериниң үлесин қоса алды. Олардың бул жойбарын қоллап-қуўатлайық, ҳүрметли мойнақлылар!
Forwarded from MOYNAQ JASLARI
#Online

"Jas huqıqtanıwshı" tańlawınıń Moynaq rayonlıq basqıshı òtkerilmekte.

⚡️Qatnasıwshılar ana tili hám ádebiyatı, Ózbekstan tariyxı, mámleket hám huqıq tiykarları pánleri boyınsha óz bilimlerin sınaqtan ótkermekte.

🔹Tańlawda jàmi 40 jas qatnaspaqta.
"Jas huquqtanıwshı" tańlawınıń Moynaq rayonlıq basqıshı jeńimpazları anıqlandı.

📌Moynaq rayonı ishki isler bòlimi, Jaslar agentligi rayonlıq bólimi, Xalıq bilimlendiriw bólimi hám Ózbekstan jaslar awqamı Moynaq rayonlıq Keńesi menen birgelikte "Jas huquqtanıwshı" tańlawınıń Moynaq rayonlıq basqıshı ótkerildi.

❗️7-13 jas kategoriyası boyınsha:
1-orın ALMASOV BEGZAT
2-orındı SÀRSENBAEVA MEHRIBAN
3-orındı BEGJANOVA AYIM

❗️14-17 jas kategoriyası boyınsha:
1-orın NAWRIZBAEVA ELEONORA
2-orındı B.ASILBEK
3-orındı AQILBEKOVA GÙLQUMAR

❗️18-30 jas kategoriyası boyınsha:
1-orın ORAZALIEV ISLAMBEK
2-orın BORANBAEV AZAMAT
3-orındı MAMBETOVA MALIKA
iyeledi hám 1-orın jeńimpazları tańlawdıń Qaraqalpaqalpaqstan Respublikalıq basqıshqa jollama aldı.

t.iss.one/QR_Moynaq_Jaslari
Дийқан хожалығы жерлерин e-auksion.uz арқалы ижараға алыӊ!

Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы бойынша 9379 жер майданлары ашық таӊлаўға шығарылған. Ашық электрон таӊлаўда қатнасыӊ!
▪️ Әмиўдәрья районы 817 (қараңыз)
▪️ Беруний районы 432 (қараңыз)
▪️ Қараөзек районы 416 (қараңыз)
▪️ Кегейли районы 173 (қараңыз)
▪️ Қоңырат районы 639 (қараңыз)
▪️ Қаңлыкөл районы 958 (қараңыз)
▪️ Мойнақ районы 194 (қараңыз)
▪️ Нөкис районы 1232 (қараңыз)
▪️ Тақыятас районы 148 (қараңыз)
▪️ Тахтакөпир районы 553 (қараңыз)
▪️ Төрткүл районы 742 (қараңыз)
▪️ Хожели районы 269 (қараңыз)
▪️ Шымбай районы 557 (қараңыз)
▪️ Шоманай районы 1427 (қараңыз)
▪️ Елликқала районы 822 (қараңыз)

e-auksion.uz
👇Хабардар болыў ушын👇
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube