Мойнақта "Әҳмийетли 40 күнлик" даўам етпекте.
Жаӊа комитеттиӊ биринши мәжилиси болып өтти

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары А.Давлетов ашты ҳәм басқарып барды.

Мәжилисте жаӊадан дүзилген комитеттиӊ әҳмийетине кеӊ түрде тоқтап өтилип, халық депутатлары жергиликли Кеӊеслериндеги Секретариатлар жумысының нәтийжелилигин еле де арттырыў бойынша алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram
Район ҳәкиминиң усынысы менен Мәдели пуқаралары Қыбрайға барды👇👇👇
Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы
Район ҳәкиминиң усынысы менен Мәдели пуқаралары Қыбрайға барды👇👇👇
Район ҳәкиминиң усынысы менен Мәдели пуқаралары Қыбрайға барды

Алдынырақ Қыбрай районы ҳәкими М.Миркасимов Мойнақ районындағы Мәдели аўыл пуқаралар жыйынындағы халықтың машқалаларын үйренип, олардың саламатлығын тиклеў ушын саламатлық орайларында дем алыўы ушын имканият жаратып бериўге ўәде берген еди.

Олар Қыбрай районы ҳәкиминиң орынбасарлары Б.Юсупханов ҳәм И.Мухамедазизовлар басшылығындағы жуўапкерлер Мәделили 20 ата ҳәм әжелерди Ташкент аэропортында салтанатлы күтип алды.

Қыбрай районы ҳәкиминиң басламасы менен мийманлар райондағы саламатластырыў орайларына орналастырылып, олар ушын жетерли шараятлар жаратылды.

Район ҳәкимлиги тәрепинен олардың ўақтын мазмунлы өткериў ушын Ташкент қаласындағы дыққатқа ылайықлы орынларға саяхат ҳәм түрли мәдений илажлар өткериў режелестирилген.

Дәслеп, мәделили мийманлар Зангиата мавзолейин зыяратлап, "Жаңа Өзбекстан бағы"на саяхат етти.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@MuynakPress
Мойнақта "Әҳмийетли 40 күнлик" даўам етпекте

Усы жылдың 25-март сәнесинен баслап 5-май сәнесине шекем «Әҳмийетли 40 күнлик» жәрияланды. Онда аймақларда нәллер егиў, жап-салмаларды тазалаў жумысларының алып барылыўы белгиленген.

Бүгинги "Әҳмийетли 40 күнлик"ке Мойнақ районы ҳәкими Б.Менгликбеков, секторлар басшылары, ҳәким орынбасарлары, мәкеме, кәрхана, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары хызметкерлери қатнасты.

Олар көше ҳәм мәҳәллелерди абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын алып барды. "Мәҳәллеме нәл егемен" акциясына да өз үлеслерин қосты.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@MuynakPress