Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
9.48K subscribers
27.5K photos
2.35K videos
21 files
9.72K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграмм боты: @aqmangitt_bot
Веб-сайт: nukusrk.uz

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
Шулар билан бирга, Қорақалпоғистон аҳолисини рози қилиш, ҳаётини яхшилаш, инсон қадрини улуғлаш бўйича ҳудуд раҳбариятида ташаббускорлик етишмаётгани, туман ҳокимлари эса бунга масъулиятсизлик билан ёндашаётгани кўрсатиб ўтилди, амалга оширилаётган ишлар етарли эмас, деб топилди.

Йил бошидан Бўзатов, Беруний, Қораўзак, Кегейли, Мўйноқ, Тахиатош, Тахтакўпир, Хўжайли ва Шуманайда инвестиция 5 миллион долларга ҳам етмагани қайд этилди.

Инвестиция ҳисобига ташкил қилинган баъзи корхоналар ишламаётгани, ҳудудда экспорт 100 миллион доллардан кам бўлгани танқид қилинди.

Усылар менен бирге, Қарақалпақстан халқын разы етиў, турмысын жақсылаў, инсан қәдирин улуғлаў бойынша аймақ басшыларында басламашылық жетиспей атырғаны, район ҳәкимлери болса бунға жуўапкершиликсизлик пенен жантасып атырғаны көрсетип өтилди, әмелге асырылып атырған жумыслар жетерли емес, деп табылды.

Жыл басынан Бозатаў, Беруний, Қараөзек, Кегейли, Мойнақ, Тақыятас, Тахтакөпир, Хожели ҳәм Шоманайда инвестиция 5 миллион долларға да жетпегени атап өтилди.

Инвестиция есабына шөлкемлестирилген базы кәрханалар ислемей атырғанлығы, аймақта экспорт 100 миллион доллардан кем болғаны сынға алынды.

Facebook|Instagram|X
Йил бошидан Қорақалпоғистондаги корхоналар 350 миллиард сўмлик солиқ имтиёзларидан фойдаланди.

Натижада тадбиркорлар “соя”дан чиққани, фаолиятини кенгайтиргани ҳисобига 4 минг аҳоли ишли бўлди. Лекин, имтиёз олган айрим корхоналарда иш ўринлари камайган.

Нукус, Кегейли, Чимбой, Қораўзак ва Тахтакўпир туманларини “ишсизлик ва камбағалликдан холи ҳудуд”га айлантириш ишларида сусткашликка йўл қўйилаётгани қайд этилди.

Қорақалпоғистонда бизнес учун яратилган имконият ва шароит бошқа бирорта вилоятда йўқлиги ҳисобга олинса, шаҳар-туман ҳокимлари бу имкониятларни лойиҳа ва иш ўрнига айлантира олганда, кўрсаткичлар 5-10 карра юқори бўларди, деди давлатимиз раҳбари.

Жыл басынан Қарақалпақстандағы кәрханалар 350 миллиард сумлық салық жеңиллигинен пайдаланды.

Нәтийжеде исбилерменлер «сая»дан шыққаны, жумысын кеңейткени есабына 4 мың пуқара жумыслы болды. Бирақ, жеңиллик алған айырым кәрханаларда жумыс орынлары кемейген.

Нөкис, Кегейли, Шымбай, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларын «жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан аўлақ аймақ»қа айландырыў жумысларында артта қалыўшылыққа жол қойылып атырғаны атап өтилди.

Қарақалпақстанда бизнес ушын жаратылған имканият ҳәм шараят басқа бирде-бир ўәлаятта жоқлығы есапқа алынса, қала-район ҳәкимлери бул имканиятларды жойбар ҳәм жумыс орнына айландыра алғанда, көрсеткишлер 5-10 есе жоқары болар еди, деди мәмлекетимиз басшысы.

Facebook|Instagram|X
Давлатимиз раҳбари ҳудуднинг ишга солинмаган имкониятларини кўрсатиб берди.

Масалан, туризм ва хизмат кўрсатиш соҳаси. Йил бошидан Қорақалпоғистонга 1 миллион 300 минг сайёҳ ташриф буюрди. Лекин меҳмонхона ўринлари 2,5 мингга ҳам етмагани учун туристлар нари борса 1-2 кун вақтини Қорақалпоғистонда ўтказаяпти.

Нукус шаҳрида жойлашган Аччиқ-кўл атрофидаги 20 гектарда турар-жой комплекси, замонавий меҳмонхона ва дам олиш масканларини ташкил қилиш мумкин.

Нукус шаҳри ва туманидан ўтган Дўстлик канали ва Кегейлидаги “Кегейли” канали бўйида йирик савдо ва сервис мажмуаларини барпо қилса бўлади.

Нукус шаҳрида жойлашган “Истиқлол” парки 5 йилдан буён ишламаяпти. Ушбу боғ хусусий шериклик асосида фойдаланиш учун берилса, тадбиркорлар 10 миллион доллар сармоя киритиб, замонавий парк барпо этиш таклифини берган.

Амударё, Тўрткўл, Беруний, Хўжайлида туристларни жалб қилиш бўйича жуда катта салоҳият борлиги таъкидланди.

Мәмлекетимиз басшысы аймақтың иске салынбаған имканиятларын көрсетип берди.

Мәселен, туризм ҳәм хызмет көрсетиў тараўы. Жыл басынан Қарақалпақстанға 1 миллион 300 мың турист келди. Бирақ. Мийманхана орынлары 2,5 мыңға да жетпегени ушын туристлер ары барса 1-2 күн ўақтын Қарақалпақстанда өткерип атыр.

Нөкис қаласында жайласқан Ашшы көл әтирапындағы 20 гектарда турақ-жай комплекси, заманагөй мийманхана ҳәм дем алыў мәсканларын шөлкемлестириў мүмкин.

Нөкис қаласы ҳәм районынан өткен Дослық каналы ҳәм Кегейлидеги «Кегейли» каналы бойынша ири саўда ҳәм сервис комплекслерин қурса болады.

Нөкис қаласында жайласқан «Истиқлол» парки 5 жылдан бери ислемей атыр. Усы бағ жеке-шериклик тийкарында пайдаланыў ушын берилсе, исбилерменлер 10 миллион доллар инвестиция киргизип, заманагөй парк қурыў усынысын берген.

Әмиўдәрья, Төрткүл, Беруний, Хожелиде туристлерди тартыў бойынша жүдә үлкен потенциал бар екенлиги атап өтилди.

Facebook|Instagram|X
Хўжайлидаги Самонкўл ва Бағман маҳаллаларида тадбиркорлар 10 миллион доллар инвестиция киритиб, 2 та паррандачилик комплексини ишга туширмоқчи.

Тўрткўлдаги Уллибоғ маҳалласида 6 та тадбиркор қурилиш материаллари ишлаб чиқаришни йўлга қўйган. Уларга асосий темир йўлга уланиш учун ўз ҳисобидан 100 метр тармоқ тортишга рухсат берилса, қўшимча 50 миллиард сўмлик маҳсулот ишлаб чиқариб, 2 миллион долларлик экспорт қилишини айтмоқда.

Беруний, Тўрткўл, Хўжайли ва Амударё туманидан ўтувчи “Ғузор – Бухоро – Нукус – Бейнов” йўли бўйидаги 140 гектар ерда 300 та савдо ва сервис объектини жойлаштирса бўлади.

Элликқалъада 19 та маҳалла атрофида бозор йўқлиги учун Тўрткўл ва Беруний туманларига боришга мажбур. Бу маҳаллаларга яқин жойдан 10 гектар ажратилса, тадбиркор 5 миллион доллар инвестиция киритиб, замонавий бозор қурмоқчи.

Хожелидеги Саманкөл ҳәм Бағман мәҳәллелеринде исбилерменлер 10 миллион доллар инвестиция киргизип, 2 қусшылық комплексин иске түсирмекши.

Төрткүлдеги Уллыбоғ мәҳәллесинде 6 исбилермен қурылыс материалларын ислеп шығарыўды жолға қойған. Оларға тийкарғы темир жолға байланысыў ушын өз есабынан 100 метр тармақ тартыўға рухсат берилсе, қосымша 50 миллиард сумлық өним ислеп шығарып, 2 миллион долларлық экспорт қылыўын айтпақта.

Беруний, Төрткүл, Хожели ҳәм Әмиўдәрья районынан өтиўши «Ғузар – Бухара – Нөкис – Бейнеу” жолы бойындағы 140 гектар жерде 300 саўда ҳәм сервис объектин жайластырса болады.

Елликқалада 19 мәҳәлле әтирапында базар жоқлығы ушын Төрткүл ҳәм Беруний районларына барыўға мәжбүр. Бул мәҳәллелерге жақын жерден 10 гектар ажыратылса, исбилермен 5 миллион доллар инвестиция киргизип, заманагөй базар қуражақ.

Facebook|Instagram|X
Шу каби кўплаб имкониятларни санаб, Президент Қорақалпоғистон туман ва шаҳар ҳокимлари масъулиятини ошириш бўйича янги тизим бўлишини таъкидлади.

Бунда, туман ва шаҳар ҳокимлари ҳар ойда ўзига бириктирилган биттадан вилоятга боради, улардаги яхши тажрибаларни ўрганади ва туманида жорий қилади. Тадбиркорларга ўз ҳудудидаги салоҳият ва устун жиҳатларни тадбиркорларга тақдимот қилади, камида 5 тадан ташаббускор топиб, ўз туманига олиб келади ва лойиҳани бошлайди.

Ҳафтада бир кунни тўлиқ тадбиркор ва инвесторларга ажратиб, муаммосига ечим топади.

Шунингдек, Қорақалпоғистон ҳудудлари билан бошқа вилоятлардаги туманлар ўртасида кооперацияни йўлга қўйиш бўйича ҳар йили инвестиция форуми ўтказилади.

Усы сыяқлы көплеген имканиятларды санап, Президент Қарақалпақстандағы район ҳәм қала ҳәкимлери жуўапкершилигин арттырыў бойынша жаңа система болатуғынын атап өтти.

Бунда, район ҳәм қала ҳәкимлери ҳәр айда өзине бириктирилген ўәлаятқа барады, олардағы жақсы тәжирийбелерди үйренеди ҳәм районында енгизеди. Исбилерменлерге өз аймағындағы потенциал ҳәм үстем тәреплерди презентация қылады, кеминде 5 басламашы таўып, өз районына алып келеди ҳәм жойбарды баслайды.

Ҳәптеде бир күнде толық исбилермен ҳәм инвесторларға ажыратып, машқаласына шешим табады.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан аймақлары менен басқа ўәлаятлардағы районлар арасында кооперацияны жолға қойыў бойынша ҳәр жылы инвестиция форумы өткериледи.

Facebook|Instagram|X
Ўтган йили Қорақалпоғистондаги саноат лойиҳалари учун 100 миллион доллар ресурс берилди.

Нукус шаҳрида саноат ипотекаси асосида тадбиркорларга бериладиган 35 минг квадрат метр майдони бор илк лойиҳа ишга тушаяпти. Бир ой ичида яна бир шундай объект фойдаланишга топширилади.

Мутасаддиларга ушбу тажрибани оммалаштириб, йил якунигача Нукус эркин иқтисодий зонаси ҳудудида замонавий технопарк ташкил қилиш топширилди. Бунда, бизнес учун тайёр бинолар қурилиб, тадбиркорларга 10 йилга лизингга беради.

Шунингдек, Қорақалпоғистонда саноатни ривожлантириш учун яна 100 миллион доллар йўналтирилади.

Өткен жылы Қарақалпақстандағы санаат жойбарлары ушын 100 миллион доллар ресурс берилди.

Нөкис қаласында санаат ипотекасы тийкарында исбилерменлерге берилетуғын 35 мың квадрат метр майданы бар дәслепки жойбар иске түсип атыр. Бир ай ишинде және усындай объект пайдаланыўға тапсыралды.

Жуўапкерлерге усы тәжирийбени ғалабаластырып, жыл жуўмағына шекем Нөкис еркин экономикалық зонасы аймағында заманагөй технопарк шөлкемлестириў тапсырылды. Бунда, бизнес ушын таяр имаратлар қурылып, исбилерменлерге 10 жылға лизингке бериледи.

Сондай-ақ, Қарақалпақстанда санаатты раўажландырыў ушын және 100 миллион доллар бағдарланады.

Facebook|Instagram|X
Нукус шаҳрида 1 миллион доллар, қолган туманларда 300 минг доллар инвестиция киритиш шарти билан Қорақалпоғистон Вазирлар Кенгаши қарори асосида ер участкалари тўғридан-тўғри берилаяпти.

Кичик инвестицияларга ҳам ер тўғридан-тўғри берилса, инвесторлар Нукус шаҳри, туман марказлари ва йўл бўйларида камида 2 минг аҳолини иш билан таъминламоқчи.

Давлатимиз раҳбари бундай кичик ва ўрта лойиҳаларга ерни тўғридан-тўғри ажратиш таклифини маъқуллади.

Умуман, Қорақалпоғистонда амалга оширса бўладиган яна 9,5 миллиард долларлик 120 та истиқболли лойиҳалар тайёрланган.

Сентябрь ойида Қорақалпоғистонда йирик Инвестиция форумини ўтказиш режа қилинган. Масъулларга форумга пухта тайёргарлик кўриш топшириғи берилди.

Нөкис қаласында 1 миллион доллар, қалған районларда 300 мың доллар инвестиция киргизиў шәрти менен Қарақалпақстан Министрлер Кеңеси қарары тийкарында жер участкалары берилип атыр.

Киши инвестицияларға да жер туўрыдан-туўры берилсе, инвесторлар Нөкис қаласы, район орайлары ҳәм жол бойларында кеминде 2 мың халықты жумыс пенен тәмийнлемекши.

Мәмлекетимиз басшысы бундай киши ҳәм орта жойбарларға жерди туўрыдан-туўры ажыратыў усынысын мақуллады.

Улыўма Қарақалпақстанда әмелге асырса болатуғын және 9,5 миллиард долларлық 120 перспективалы жойбарлар таярланған.

Сентябрь айында Қарақалпақстанда ири Инвестиция форумын өткериў режелестирилген. Жуўапкерлерге форумға пуқта таярлық көриў тапсырмасы берилди.

Facebook|Instagram|X
Қорақалпоғистон туманлари ҳокимлари ва иқтисодий комплекс йил якунигача 121 минг аҳолини банд қилиши муҳимлиги таъкидланди.

Бунинг учун тадбиркорларнинг кредит ва айланма маблағ билан боғлиқ масаласини тез-тез ҳал қилиш, маҳаллалар ихтисослашувидан келиб чиқиб, 9 мингта микро ва кичик лойиҳани ишга тушириш, кичик ва ўрта бизнесни қўллаб-қувватлашга 636 миллиард сўм йўналтириш вазифалари белгиланди.

Шуларни ҳисобига йил якунигача Қорақалпоғистонда камбағаллик даражаси ҳозирги 13,6 фоиздан 8,5 фоизга тушиши ҳисоб-китоб қилинган.

Қарақалпақстан районлары ҳәкимлери ҳәм экономикалық комплекс жыл жуўмағына шекем 121 мың халықты бәнт қылыўы әҳмийетлилиги атап өтилди.

Буның ушын исбилерменлердиң кредит ҳәм айланба қаржы менен байланыслы мәселесин тез-тез шешиў, мәҳәллелер қәнигелесиўинен келип шығып, 9 мың микро ҳәм киши жойбарды иске түсириў, киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаўға 636 миллиард сум бағдарлаў ўазыйпалары белгиленди.

Усылардың есабына жыл жуўмағына шекем Қарақалпақстанда кәмбағаллық дәрежеси ҳәзирги 13,6 пайыздан 8,5 пайызға түсиўи есап-китап қылынған.

Facebook|Instagram|X
Қорақалпоғистон аҳолисига қулай шароитлар яратиб бериш учун республика бюджетидан йил якунигача қўшимча 100 миллиард сўм берилиши белгиланди.

Келгуси йилда Қорақалпоғистонда ижтимоий соҳа ва инфратузилма учун 1 триллион сўмдан зиёд маблағ ажратиш режа қилинган. Хусусан, 24 та мактаб, 5 та боғча, 7 та тиббиёт муассасаси қурилади ва таъмирланади.

Саноат зоналари ва йирик ишлаб чиқариш объектларига инфратузилма олиб боришга 353 миллиард сўм йўналтирилади.

Қорақалпоғистоннинг имкониятларини тўлиқ ишга солиш мақсадида ҳудудни ривожлантириш бўйича берилган топшириқларнинг ўз вақтида ва сифатли ижроси устидан назорат Президент ёрдамчиси Саида Мирзиёева ва Президентнинг Оролбўйи минтақасини барқарор ривожлантириш масалалари бўйича маслаҳатчиси Турсинхан Худайбергенов зиммасига юклатилди.

Қарақалпақстан халқына қолайлы шараятлар жаратып бериў ушын республика бюджетинен жыл жуўмағына шекем қосымша 100 миллиард сум берилиўи белгиленди.

Келеси жылда Қарақалпақстанда социаллық тараў ҳәм инфраструктура ушын 1 триллион сумнан артық қаржы ажыратыў режелестирилген. Соннан, 24 мекте, 5 бақша, 7 медицина мәкемеси қурылады ҳәм оңланады.

Санаат зоналары ҳәм ири ислеп шығарыўшы объектлерге инфраструктура алып барыўға 353 миллиард сум бағдарланады.

Қарақалпақстанның имканиятларын толық иске салыў мақсетинде аймақты раўажландырыў бойынша берилген тапсырмалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы үстинен қадағалаў Президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева ҳәм Президенттиң Аралбойы аймағын турақлы раўажландырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи Турсинхан Худайбергенов мойнына жүклетилди.

Facebook|Instagram|X
Президентимиз тадбиркорлар билан бу йилги очиқ мулоқот айнан Қорақалпоғистонда ўтказилишининг сабабларини айтди.

Қайд этилганидек, Қорақалпоғистонга инвестиция киритиб, бизнес қилишнинг бошқа ҳудудларга нисбатан 3 та устунлиги бор.

Биринчиси – Қорақалпоғистонда бизнес учун бирорта ҳудудда йўқ имтиёзлар пакети қилиб берилган. Жумладан, сўнгги беш йилда алоҳида фармон ва қарорлар билан 52 турдаги имтиёз ва енгилликлар берилди.

Ушбу имтиёзлар ҳисобига ўтган даврда тадбиркорлар ихтиёрида 2 триллион сўмдан зиёд маблағ қолди.

Бундан ташқари, 50 миллиард сўмдан юқори лойиҳаларга инфратузилма қилиб беришни ҳам давлат ўз зиммасига олган.

Президентимиз исбилерменлер менен усы жылғы ашық пикирлесиў Қарақалпақстанда өткерилиўиниң себеплерин айтты.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстанға инвестиция киргизип, бизнес қылыўдың басқа аймақларға салыстырғанда 3 артықмашылығы бар.

Бириншиси – Қарақалпақстанда бизнес ушын бирде-бир аймақта жоқ жеңилликлер пакети ислеп берилген. Соннан, соңғы бес жылда өз алдына пәрман ҳәм қарарлар менен 52 түрдеги жеңилликлер берилди.

Усы жеңилликлер есабына өткен дәўирде исбилерменлер ықтыярында 2 триллион сумнан артық қаржы қалды.

Буннан тысқары, 50 миллиард сумнан жоқары жойбарларға инфраструктура қылып бериўди де мәмлекет өз мойнына алған.

Facebook|Instagram|X
Қорақалпоғистоннинг иккинчи устунлиги – ер ажратишнинг содда тизими жорий қилинган.

Нукус шаҳрида 1 миллион доллар, қолган туманларда 300 минг доллар инвестиция киритиш шарти билан Вазирлар Кенгаши қарори асосида ер участкалари тўғридан-тўғри берилмоқда.

Учинчиси. Қорақалпоғистон – бу Янги Ўзбекистоннинг дарвозаси. Чунки катта бозорларга чиқиш учун энг қулай ҳудуд айнан Қорақалпоғистон.

Лекин, тадбиркорларимиз бу имкониятдан тўлиқ фойдаланмаётгани кўрсатиб ўтилди. Масалан, хом ашё “Довуд-ота” постидан олиб ўтилса, Сариёғочга нисбатан масофа 1 минг километрга, транспорт харажати эса 25 фоизга камаяди.

Агар импорт хом-ашё Қорақалпоғистонни ўзида қайта ишланиб, тайёр маҳсулот қилиб, экспортга чиқариладиган бўлса, ташишдан иқтисод қилинган маблағ 2 карра ошади.

Қарақалпақстанның екинши артықмашылығы – жер ажыратыўдың әпиўайы системасы енгизилген.

Нөкис қаласында 1 миллион доллар, қалған районларда 300 мың доллар инвестиция киргизиў шәрти менен Министрлер Кеңесиниң қарары тийкарында жер участкалары туўрыдан-туўры берилмекте.

Үшиншиси. Қарақалпақстан – бул Жаңа Өзбекстанның дәрўазасы. Себеби, үлкен базарларға шығыў ушын ең қолайлы аймақ Қарақалпақстан есапланады.

Бирақ, исбилерменлеримиз бул имканияттан толық пайдаланбай атырғаны көрсетип өтилди. Мәселен, шийки зат «Даўыт ата» постынан алып өтилсе, Сарыағашқа салыстырмалы 1 мың километрге, транспорт қәрежети болса 25 пайызға кемейеди.

Егер импорт шийки заты Қарақалпақстанның өзинде қайта исленип, таяр өним қылып, экспортқа шығарылатуғын болса, тасыўдан үнемленген қаржы 2 есе артады.

Facebook|Instagram|X
Эртага республикамизнинг барча ҳудудларидан 300 га яқин энг кўзга кўринган тадбиркор ва инвесторлар Қорақалпоғистонда тўпланади.

Бундан ташқари, хорижда бизнесини йўлга қўйган яна 40 дан зиёд ватандошларимиз келиб, Қорақалпоғистон шароити билан танишади. Ҳудудий студияларда мингдан ортиқ бизнес вакиллари иштирок этади.

Ушбу тадбиркорлар билан аниқ таклифлар ишлаб чиқиш муҳимлиги қайд этилди. Мутасаддиларга бошқа ҳудудлардан келган тадбиркорлар билан ишлаб, ҳар бир туман кесимида “Қорақалпоғистонда бизнес қилинг” дастурини ишлаб чиқиш топширилди.

Бу дастур Қорақалпоғистонда саноат, қишлоқ хўжалиги ва хизматларни ривожлантириш учун янги нафас, камида 10 миллиард долларлик инвестиция ва 500 минг иш ўрни учун катта замин бўлади.

Ертең республикамыздың барлық аймақларынан 300 ге жақын ең көзге көринген исбилермен ҳәм инвесторлар Қарақалпақстанда жыйналады.

Буннан тысқары, сырт елде бизнесин жолға қойған 40 тан артық Ўатанласымыз келип, Қарақалпақстан шараяты менен танысады. Аймақлық студияларда мыңнан артық бизнес ўәкиллери қатнасады.

Усы исбилерменлер менен анық усыныслар ислеп шығыў әҳмийетлилиги атап өтилди. Жуўапкерлерге басқа аймақлардан келген исбилерменлер менен ислесиў, ҳәр бир район кесиминде «Қарақалпақстанда бизнес ислең» бағдарламасын ислеп шығыў тапсырылды.

Бул бағдарлама Қарақалпақстанда санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызметлерди раўажландырыў ушын жаңа нәпес, кеминде 10 миллиард долларлық инвестиция ҳәм 500 мың жумыс орны ушын үлкен тийкар болады.

Facebook|Instagram|X
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан – бул Жаңа Өзбекстанның дәрўазасы

Ҳүрметли Президентимиз басшылығында өткерилген мәжилисте Қарақалпақстанға қаратылып атырған айрықша итибар менен бир қатарда аймақты социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша еле де кең имканиятлар атап өтилди.

Соның менен бирге, Қарақалпақстанды раўажландырыў бойынша әҳмийетли жөнелислер, әмелге асырылыўы тийис жумыслар, баслы ўазыйпалар көрсетип берилди.

Сондай-ақ, Қарақалпақстанға инвестиция киргизип, бизнес қылыўдың басқа аймақларға салыстырғанда 3 артықмашылығы айрықша тилге алынды.

«Қарақалпақстан – бул Жаңа Өзбекстанның дәрўазасы» – деп атап өтти Президент Шавкат Мирзиёев.

Қорақалпоғистон – бу Янги Ўзбекистоннинг дарвозаси

Ҳурматли Президентимиз раҳбарлигида ўтказилган мажлисда Қорақалпоғистонга қаратилаётган алоҳида эътибор билан бир қаторда ҳудудни ижтимоий-иқтисодий томондан ривожлантириш борасида янада кең имкониятлар таъкидлаб ўтилди.

Шунинг билан бирга, Қорақалпоғистонни ривожлантириш бўйича аҳамиятли йўналишлар, амалга оширилиши лозим ишлар, устувор вазифалар кўрсатиб берилди.

Шунингдек, Қорақалпоғистонга инвестиция киритиб, бизнес қилишнинг бошқа ҳудудларга нисбатан 3 та устунлиги алоҳида тилга олинди.

«Қорақалпоғистон – бу Янги Ўзбекистоннинг дарвозаси» – деб таъкидлаб ўтди Президент Шавкат Мирзиёев.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Сунъий интеллект IT соҳасини ривожлантиришнинг устувор йўналишларидан бири бўлади. Камбағалликни қисқартиришда янги тизим.

Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: Жасалма интеллект IT тараўын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларынан бири есапланады. Кәмбағаллықты қысқартыўда жаңа система.

Обзор важнейших событий за неделю: Искусственный интеллект станет одним из приоритетов развития IT. Бедность будут сокращать по новой системе.

Facebook|Instagram|X
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Президент Қорақалпоғистон фаоллари билан ҳудудни янада ривожлантириш вазифаларини муҳокама қилди

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
e-auksion.uz платформасы арқалы 5926 ға жақын көшпели саўда жерлерин 3 жылға ижараға алыӊ!

🟢
Нөкис қаласы 1129 (қараңыз)
🟢 Әмиўдәрья районы 357 (қараңыз)
🟢 Беруний районы 298 (қараңыз)
🟢 Бозатаў районы 185 (қараңыз)
🟢 Қараөзек районы 279 (қараңыз)
🟢 Кегейли районы 240 (қараңыз)
🟢 Қоңырат районы 431 (қараңыз)
🟢 Қаңлыкөл районы 306 (қараңыз)
🟢 Мойнақ районы 239 (қараңыз)
🟢 Нөкис районы 264 (қараңыз)
🟢 Тақыятас районы 301 (қараңыз)
🟢 Тахтакөпир районы 406 (қараңыз)
🟢 Төрткүл районы 375 (қараңыз)
🟢 Хожели районы 285 (қараңыз)
🟢 Шымбай районы 361 (қараңыз)
🟢 Шоманай районы 246 (қараңыз)
🟢 Елликқала районы 224 (қараңыз)

e-auksion.uz
👇Хабардар болыў ушын👇
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
Бироздан сўнг Нукус шаҳрида Президент Шавкат Мирзиёевнинг тадбиркорлар билан очиқ мулоқоти бошланади.

Қорақалпоғистонда юртимизнинг барча ҳудудларидан 300 га яқин тадбиркор ва инвесторлар тўпланди. Шунингдек, мулоқотда хорижда бизнесини йўлга қўйган яна 40 дан зиёд ватандошларимиз иштирок этади. Ҳудудий студиялардан 3 мингга яқин бизнес вакиллари қатнашади.

Давлатимиз раҳбари тадбиркорликни ривожлантириш учун қўшимча шароитлар яратиш бўйича муҳим янги ташаббусларни илгари суриши кутилмоқда.

Скоро в Нукусе начнется открытый диалог Президента Шавката Мирзиёева с предпринимателями.

В Каракалпакстане собралось около 300 предпринимателей и инвесторов со всех регионов страны. Также в диалоге будут участвовать более 40 соотечественников, наладивших бизнес за рубежом. Из региональных студий примут участие около 3 тысяч представителей бизнеса.

Ожидается, что глава нашего государства выдвинет важные новые инициативы по созданию дополнительных условий для развития предпринимательства.

Facebook|Instagram|X