Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
9.09K subscribers
27.7K photos
2.37K videos
22 files
9.82K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграмм боты: @aqmangitt_bot
Веб-сайт: nukusrk.uz

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
Басым ҳәм зорлықтан жәбирленген шахсларға “шаңарақ – мәҳәлле – район ҳәм аймақ” принципи тийкарында комплекс социаллық хызметлер көрсетиў системасы енгизиледи

▪️Бүгин Нөкис районы Ақмаӊғыт посёлкалық пуқаралар жыйынында өткерилген мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 10-май күнги ПҚ-175-санлы Қарарында белгиленген тийкарғы ўазыйпалар кең түрде додаланды.

▪️Онда Ҳаялларды реабилитация қылыў ҳәм бейимлестириў Республика орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, Нөкис районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы ҳәм ҳаял-қызлар бөлимлериниң тийисли жуўапкер ўәкиллери қатнасты.

▪️Мәжилисте сөзге шыққанлар, Қарар менен киритилип атырған өзгерислер, әмелге асырылыўы зәрүр болған ўазыйпаларға тоқталып, бунда ең дәслеп мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендиси, социаллық хызметкер ҳәм профилактика инспекторларының биргеликтеги ис-ҳәрекетлери менен ғана мәҳәллелерде ҳәр қыйлы унамсыз жағдайлардың алды алынатуғынлығы ҳаққында айтып өтти.

🌐https://t.iss.one/Aqmangituz

🌐Website 🌐Instagram Facebook  📹 youtube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қытай Халық Республикасы Синьцзян-Уйғур автоном районы Аксу округи ҳәм Нөкис районы дослық қатнасықларын орнатыў бойынша келисимлер тийкарында Қытай Халық Республикасы Аксу округи партия комитети секретары орынбасары хəм Чжэцзян провинциясы Синьцзян-Уйғур автоном районына жəрдем көрсетиў штаб командири Ло Мэйин басшылығындағы делегация Қарақалпақстан Республикасында хызмет сапары менен болды. Рәсмий мийманлар Нөкис халықаралық аэропортынан Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығы орынбасары Б.Өтемуратов ҳәм Нөкис районы ҳәкими З.Зайтовлар тәрепинен күтип алынды.

Қытай делегациясы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде болып, бул жерде Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ тараўлар бойынша орынбасарлары менен сәубетлесиў өткерилип, сәўбетлесиўлер барысында аўыл хожалығы, ислеп шығарыў, инвестиция бағдарында еки мәмлекет арасында бирге ислесиў режелери додаланды.

Буннан кейин, делегация ағзаларына Нөкис районы аймағында жайласқан Аралбойы Халықаралық инновация орайында алып барылып атырған жумыслар менен таныстырылып, орайда жетилистирилип атырған пахта, қулпынай жетистириў, балық өршитиўдиӊ жаӊа инновациялық усыллары көрсетилди.

Район аймағында аўыл хожалығы тараўында Дән ҳәм илим изертлеў институты тәрепинен бийдайды жамғырлатып суўғарыў, пахта шийки өнимин жетистириў, «Нөкис агро фиш кластер» кәрханасында интенсив усылда балық жетистириў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен танысылды.

Сондай-ақ, алдағы ўақытта бирге ислесиў мақсетинде режелер тастыйықлап келисилип алынды.

Хызмет сапары соӊында, Қытай делегациясыныӊ Нөкис қаласындағы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик музейине саяхаты шөлкемлестирилип, бул орындағы Қарақалпақстан Республикасыныӊ тарыйхы ҳәм миллий мәдениятына тән болған экспонатлар менен таныстырылды.



🌐https://t.iss.one/Aqmangituz

🌐Website 🌐Instagram Facebook  📹 youtube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қытай Халық Республикасы Синьцзян-Уйғур автоном районы Аксу округи ҳәм Нөкис районы дослық қатнасықларын орнатыў бойынша келисимлер тийкарында Қарақалпақстан Республикасында хызмет сапары менен болды.

🌐https://t.iss.one/Aqmangituz

🌐Website 🌐Instagram Facebook  📹 youtube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис мәмлекетлик тоғай хожалығы хызметкерлери менен елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, социал-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың мазмуны ҳәм әҳмийети, миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейилликти беккемлеў, жат идеялар ҳам экстремизм менен байланыслы қәўиплердиң алдын алыў бойынша үгит-нәсият илажы өткерилди.

Илажға Дин ислери бойынша комитетиниң районлық бас қәнигеси Д.Тауекелов, Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы Н.Тоимбетовлар қатнасты.

🌐https://t.iss.one/Aqmangituz

🌐Website 🌐Instagram Facebook  📹 youtube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM