ЗАМАНАГӨЙ МЕКТЕП СТАТУСЫНА ЫЛАЙЫҚ ДЕП ТАБЫЛҒАН МЕКТЕПЛЕРГЕ СЕРТИФИКАТЛАР ТАПСЫРЫЛДЫ
❇️Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Заманагөй мектеп»лерди шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 2019-жыл 26-ноябрьдеги ПҚ-4537-санлы қарарына муўапық үйренилген Нөкис районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплеринен «Заманагөй мектеп» статусына ылайық деп табылған мектеплерге Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен жиберилген тийисли сертификатлар тапсырылды.
❇️Үйрениў нәтийжеси бойынша 1-31-санлы мектеп II дәрежели «Заманагөй мектеп» статусына ылайық деп табылған болса, 30-17-санлы мектеплер III дәрежели «Заманагөй мектеп» статусына ийе болды.
Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz

Гүнжи дийхан ҳәм фермерлеримиз ушын пайда келтириўши ҳәм экспортқа өтимли өсимлик
Пүткил дүньяда әсиресе аралбойы аймағында суўдыӊ кескин кемейип кетип атырғанлығы ҳеш кимге сыр емес. Бул жағдайдан келип шығып, аўыл хожалығында майлы егинлер, соның ишинде климатымызға сәйкес болған гүнжини жетистириў арқалы дәрамат алыў нәтийжели усыллардың бири болып табылады.
Дүнья базарында 3,5 млрд. доллар гүнжи өнимлери экспорт-импорт етиледи. Дүньядағы жәми импорттың дерлик ярымы Қытай мәмлекетине (48-50%) туўра келеди. Ал, ең ири экспортёрлар қатарында Индия (16-18%), Мьянма (13-15%), Эфиопия ҳәм Нигерия (10-12%), Пакистан (7-9%), Танзания (5-8%) сыяқлы мәмлекетлер жетекшилик етпекте.
Қарақалпақстан Республикасы аймағында жетистирилген гүнжи өнимлери 2021-жылда Ирақ мәмлекетине 4,0 млн. долларлық 2,4 мың тонна, Әзербайжанға 241 мың долларлық 156 тонна экспорт әмелге асырылған (1 кг орташа 1,56 долл.), 2022-жылда дүнья базарында гүнжиге болған талап жоқары болыўына қарамастан экспорт көлеми пәсейип, 5 экспортёр тәрепинен бары-жоғы 493 мың долларлық өнимлер экспорты әмелге асырылған (1 кг орташа 1,81 долл).
Егер гүнжини жетистириў, қайта ислеў, сондай-ақ, сортлаў ҳәм калибрлеў процессин туўры жолға қойып алсақ нәтийжеде азық-аўқат тараўында ислеп шығарыўды диверсификациялаўға ҳәм дүнья базарында жоқары бәсекиликтеги өним жаратыўға ерисиўимиз мүмкин.
Себеби, гүнжи суўсызлыққа шыдамлылығы, арнаўлы топырақ таңламаслығы, тийкарғы ҳәм тәкирарый егин сыпатында егилсе, 100-120 күнде жетилисиўи, сондай-ақ, минерал төгин онша көп талап етпеўи ҳәм витаминлерге бай жоқары калориялы азықлық сыпатында өзиниң абзаллық тәреплери менен белгили.
Гүнжини әдетте май айыныӊ ақырларынан 15-июнь аралығында ексе болады ҳәм раўажланыў дәўиринде 1 мәрте суўғарылады, себеби, өсимлик тәбиятына бола ығаллық көп талап етпейди.
Қысқа қылып айтқанда, гүнжи дийханларымыз ҳәм де фермерлеримиз ушын пайда келтириўши ҳәм экспортқа өтимли өсимлик болып табылады.
Бүгинги күнде ири экспортёрларымыз жақсы гүнжи жетистирип беретуғын фермерлер менен фьючерс (алдын-ала пул өткерип бериў) шәртнамасын дүзиўге де таяр. Ҳәзирдиӊ өзинде Россия Федерациясы, Туркия, Иран, Әзербайжан, Беларусь, Қытай, Корея ҳәм Қазақстан мәмлекетлери елимизде жетистирилген гүнжи өнимлерин импорт етиўге таяр.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Азия раўажланыў банки қаржылары тийкарында Нөкис районы пуқараларының ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланады
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-апрельдеги ПҚ-4271-санлы қарары тийкарында Азия раўажланыў банкиниң 11,4 млн АҚШ доллар кредит қаржылары есабынан “Нөкис районының ишимлик суўы тǝмийнатын жақсылаў” жойбары шеңберинде 39,1 км үлкен диаметрдеги жеткерип бериўши тармақлар, 127,4 км ишимлик суўы тармақлары хǝмде 4 дана суў объектин реконструкциялаў хǝм жаңадан қурыў, 6610 дана суў өлшегишлерин қурып, үйлерге жалғап бериў жумысларын әмелге асырыў режелестирилген.
Жойбарды әмелге асырыўшы халықаралық тендер жеңимпазы болған кесип алып ислеўши Әзербайжан мәмлекетиниң “AEIB Azerbaijan RPA” кәрханасы менен шǝртнама дүзилген. Ҳәзирги ўақытта кәрхана тәрепинен техника ҳәм үскенелер объектлерге толық алып келинип, орынларда қурылыс-монтаж жумыслары алып барылмақта.
Жойбарды 2024-жылдың 4-шерегинде жуўмақлаў белгиленген. Нәтийжеде Нөкис районында жасаўшы 20 745 пуқара қосымша ишимлик суўы менен тәмийинлениўи ҳәм 7 261 пуқараның ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланыўы тәмийинленеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#nızamshılıqtaǵı_jańalıqlar
#suw_resurslarınan_paydalanǵanlıǵı_ushın_salıq
Fermer xojalıqlarına 2023-jıl 1-iyun jaǵdayına qáliplesken suw resurslarınan paydalanǵanlıǵı ushın salıq qarızın 12 ay dawamında teń úleslerde procentsiz boʻlip-boʻlip toʻlewge ruxsat berildi.
👉PQ-192-san 14.06.2023
Nókis rayonı hákimligi málimleme xizmeti https://t.iss.one/Aqmangituz

Qabul kvotalari bakalavriat.pdf
13.1 MB
⚡️Мәмлекет гранты бойынша қабыллаў квоталары тастыйықланды
2023/2024 оқыў жылы ушын мәмлекет жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаўдың мәмлекет буйыртпасы параметрлери қабылланды.
Оған муўапық, 2023/2024 оқыў жылы ушын мәмлекет ЖООларына мәмлекет гранты квоталары:
➖бакалавриат бойынша күндизги тәлим формасына - 34 мың 860;
➖магистратура бойынша - 8 мың 923 етип тастыйықланды.
Системасында ЖОО болған министрлик ҳәм кеңселер, сондай-ақ, финанслық ғәрезсизлик берилген ЖООлар контракт тийкарындағы қабыллаў параметрлерин 2023-жыл 20-июньға шекем тастыйықлайды.
Мағлыўмат ушын: бул квоталар улыўма қабыллаў параметрлери есапланады. Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясы бул квоталарды тиллер кесиминде қайта бөлистирип шығады.

#stoltennis
#bes_baslama_olimpiadası
⚡️XOSh XABAR
“Tók taw” máhállesinen qatnasqan Baxiyeva Ayzada jeńimpaz boldı.
Qashqadárya wálayatında “Bes baslama olimpiadası” sheńberinde sporttıń stol tennis túri boyınsha boyınsha ótkerilgen Ózbekstan Respublikası basqıshında 27-30 jas S liygası qız balalar arasında Nókis rayonı “Tók taw” máhállesinen qatnasqan Baxiyeva Ayzada sıylı 1-orındı jeńip aldı.
Jeńimpazımızdı Nókis rayonı hákimligi atınan qutlıqlaymız. 💐💐💐
Nókis rayonı hákimligi Málimleme xızmeti