ЗАМАНАГӨЙ МЕКТЕП СТАТУСЫНА ЫЛАЙЫҚ ДЕП ТАБЫЛҒАН МЕКТЕПЛЕРГЕ СЕРТИФИКАТЛАР ТАПСЫРЫЛДЫ
❇️Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Заманагөй мектеп»лерди шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 2019-жыл 26-ноябрьдеги ПҚ-4537-санлы қарарына муўапық үйренилген Нөкис районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплеринен «Заманагөй мектеп» статусына ылайық деп табылған мектеплерге Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен жиберилген тийисли сертификатлар тапсырылды.
❇️Үйрениў нәтийжеси бойынша 1-31-санлы мектеп II дәрежели «Заманагөй мектеп» статусына ылайық деп табылған болса, 30-17-санлы мектеплер III дәрежели «Заманагөй мектеп» статусына ийе болды.
Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz

Гүнжи дийхан ҳәм фермерлеримиз ушын пайда келтириўши ҳәм экспортқа өтимли өсимлик
Пүткил дүньяда әсиресе аралбойы аймағында суўдыӊ кескин кемейип кетип атырғанлығы ҳеш кимге сыр емес. Бул жағдайдан келип шығып, аўыл хожалығында майлы егинлер, соның ишинде климатымызға сәйкес болған гүнжини жетистириў арқалы дәрамат алыў нәтийжели усыллардың бири болып табылады.
Дүнья базарында 3,5 млрд. доллар гүнжи өнимлери экспорт-импорт етиледи. Дүньядағы жәми импорттың дерлик ярымы Қытай мәмлекетине (48-50%) туўра келеди. Ал, ең ири экспортёрлар қатарында Индия (16-18%), Мьянма (13-15%), Эфиопия ҳәм Нигерия (10-12%), Пакистан (7-9%), Танзания (5-8%) сыяқлы мәмлекетлер жетекшилик етпекте.
Қарақалпақстан Республикасы аймағында жетистирилген гүнжи өнимлери 2021-жылда Ирақ мәмлекетине 4,0 млн. долларлық 2,4 мың тонна, Әзербайжанға 241 мың долларлық 156 тонна экспорт әмелге асырылған (1 кг орташа 1,56 долл.), 2022-жылда дүнья базарында гүнжиге болған талап жоқары болыўына қарамастан экспорт көлеми пәсейип, 5 экспортёр тәрепинен бары-жоғы 493 мың долларлық өнимлер экспорты әмелге асырылған (1 кг орташа 1,81 долл).
Егер гүнжини жетистириў, қайта ислеў, сондай-ақ, сортлаў ҳәм калибрлеў процессин туўры жолға қойып алсақ нәтийжеде азық-аўқат тараўында ислеп шығарыўды диверсификациялаўға ҳәм дүнья базарында жоқары бәсекиликтеги өним жаратыўға ерисиўимиз мүмкин.
Себеби, гүнжи суўсызлыққа шыдамлылығы, арнаўлы топырақ таңламаслығы, тийкарғы ҳәм тәкирарый егин сыпатында егилсе, 100-120 күнде жетилисиўи, сондай-ақ, минерал төгин онша көп талап етпеўи ҳәм витаминлерге бай жоқары калориялы азықлық сыпатында өзиниң абзаллық тәреплери менен белгили.
Гүнжини әдетте май айыныӊ ақырларынан 15-июнь аралығында ексе болады ҳәм раўажланыў дәўиринде 1 мәрте суўғарылады, себеби, өсимлик тәбиятына бола ығаллық көп талап етпейди.
Қысқа қылып айтқанда, гүнжи дийханларымыз ҳәм де фермерлеримиз ушын пайда келтириўши ҳәм экспортқа өтимли өсимлик болып табылады.
Бүгинги күнде ири экспортёрларымыз жақсы гүнжи жетистирип беретуғын фермерлер менен фьючерс (алдын-ала пул өткерип бериў) шәртнамасын дүзиўге де таяр. Ҳәзирдиӊ өзинде Россия Федерациясы, Туркия, Иран, Әзербайжан, Беларусь, Қытай, Корея ҳәм Қазақстан мәмлекетлери елимизде жетистирилген гүнжи өнимлерин импорт етиўге таяр.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes