Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
8.35K subscribers
30.7K photos
2.73K videos
26 files
10.9K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграм боты:@aqmangitt_bot
сайт:https://gov.uz/oz/nokisrk

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
Бүгин, Нөкис районы Руўхый ағартыўшылық сарайында "Үш әўлад ушырасыўы" өткерилди

Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри орынбасары, "Нураный қоры" ҚР бөлими баслығы Т.Абдижаббаров, район ҳәкиминиӊ орынбасары, Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Б.Узақбаева, нураныйлар ҳәм жаслар қатнасты.

Онда қатнасыўшылары өзлериниӊ өмир тәжирийбелери, ҳәзирги пәраўан турмысымызда жасларға қаратылған итибар ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыў, билим менен ерисилетуғын жетискенликлерди мысаллар менен түсиндирди.

Соныӊ менен бирге Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри орынбасары, "Нураный қоры" тәрепинен кексе нураныйларға қаржылай ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Ушырасыўдан мақсет елимиз келешеги болған жаслардың тәрбиясында кексе әўлад ўәкиллериниң орнын асырыў, олардың кәмил инсан болып тәрбияланыўында мүнәсип орын ийелеўин тәмийнлеўден ибарат. Әлбетте, үш дәўирде жасап өмирдиң ойлы-бәлентин көрген, билим-тәжирийбе арттырған бундай инсанлардан сабақ алса арзыйды.

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Aqmangituz
👍10
Рамазан айының Оразасы барлық жақсы пазыйлетлерди өзинде жәмлеп, инсанларды жақсылыққа, меҳир-мириўбет ҳәм қайыр-сақаўалыққа баслаўшы муқаддес ай саналады.

Нөкис районында Рамазан айы мүнәсибети менен қайыр-сақаўатлық ҳәм басқада өзинде меҳир-мириўбет, инсаныйлық пазыйлетлерди жәмлеген илажлар даўам етпекте.

Райондағы «Ақмаӊғыт» посёлкалық пуқаралар жыйынында мүбәрек Рамазан айы мүнәсибети менен аймақ пуқаралары ушын ифтарлық дәстүрхан жайылып ҳүрмет көрсетилди.

Каналға
ағза болыў:
https://t.iss.one/Aqmangituz
👍1
«Мирза Улуғбек мийрасхорлары» танлаўыныӊ Нөкис районлық басқышы болып өтти

2023-жыл 25-март күни Нөкис районы Руўхый ағартыўшылық сарайында "Мырза Улуғбек мийрасхорлары" республика таңлаўының районлық басқышы болып өтти.

Таңлаўға 16 жастан жоқары ҳәм 25 жасқа шекемги болған жаслар инновациялық идеалары менен қатнасты.

Илаждың ашылыў салтанатына Нөкис районы ҳәкиминиң орынбасары И.Қуўанышбаев қатнасты. Онда шығып сөйлеўшилер жаслардың инновациялық идеалары ушын ҳүкиметимиз тәрепинен грантлар ажыратылғанлығы, буның ушын районымыз жасларынан өзлериниң үстинде көп излениўи лазымлығын атап өтти.

Таңлаў қатнасыўшылары презентациялар менен өз идеаларын төрешилер ағзаларына таныстырып, олардың сораўларына жуўаплар қайтарды. Сондай-ақ, жаслар алып шығып атырған мәселелериниң абзаллығы, әҳмийети ҳәм шешимлери бойынша мағлыўматлар берди.

Таңлаўға қатнасыўшылардыӊ инновациялық идеалары қоллап-қуўатланып, ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
👍7
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис районы "Қырантаў
АПЖ Наўрыз байрамы

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
👍6
Нөкис районы 6-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде Наўрыз байрам мүнәсибети менен байрам кешеси өткерилди.

https://t.iss.one/Aqmangituz
👍5