Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
9.94K subscribers
27.9K photos
2.4K videos
22 files
9.88K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграмм боты: @aqmangitt_bot
Веб-сайт: nukusrk.uz

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
Нөкис районы "Қутанкөл" мәкан пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы), ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси ҳәм профилактика инспекторы тәрепинен 2022-жыл даўамында ислеген жумыслары бойынша халықтыӊ алдында есабаты тыӊланды.

Оған, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслығыныӊ орынбасары Ж.Қайпов ҳәм аўыл турғынлары қатнасты.

Есабат бесликтиӊ 2022-жыл даўамында амелге асырылған жумыслар ҳәм 2023-жылда қандай жумыслар әмелге асырыўды режелестирип атырғанлығы бойынша аймақ турғынлары алдында айтып өтти.

Есабаттан соӊ, пуқаралар тәрепинен "Қутанкөл" мәкан пуқаралар жыйынында режелестирилген өзгерислер бойынша усыныслар тыӊланды.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақстандағы барлық орынларда жаңаланыўлар жүз бермекте.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақстандағы барлық орынларда жаңаланыўлар жүз бермекте. Бул жаңаланыўларды ҳәр бир мәҳәлле мысалында көрсек болады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
🏫 📚Нөкис районы халық билимлендириў бөлиминиң «Мектеп билимлендириўине ата-аналардың мүнасибети» атлы сораўнамасы өткерилди.
🔖 Сораўнаманы өткериў ушын социал тармақта арнаўлы платформа жаратылып, бөлимге қараслы барлық улыўма орта билим бериў мектеплери оқыўшыларының төрт мыңға жақын ата-аналары аноним тәризде қатнасты.
🔖 Бул сораўнама ата-аналардың мектеп билимлендириўине деген мүнасибетин үйрениўге қаратылған. Сондай-ақ, улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшыларының сабақларға қызығыўшылығын арттырыў, олардың ата-аналарының мектеп билимлендириўине итибарын еледе жақсылаў бойынша алдағы ўақытларда ислениўи керек болған илажлар белгилеп алынды.
Channel name was changed to «Press_ Aqmańǵıt Rásmiy kanal»
Бүгин, Нөкис районы ҳәкимлигинде район ҳәкиминиң инновацион раўажланыў мәселелери бойынша орынбасары И.Куанышбаев, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы Т.Аташов пенен биргеликте пуқаралардыӊ мүрәжатларын шешиў мақсетинде пуқаралардыӊ мүрәжатларын тыӊлады.

Қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен келип түскен мүрәжатлары тийисли мәкеме, шөлкем басшыларына нызамлы түрде көрип шығыў тапсырылды.

Пуқараладыӊ мүрәжатлар қадағалаўға алынып, сапластырыў бойынша тийисли илажлар белгиленип алынды.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
3-март күни Нөкис районы ҳәкимлигинде берилген тапсырмалардың орынланыўы бойынша мәжилис болып өтти.

Оған район ҳәкиминиӊ биринши орынбасары Р.Бекимбетов ҳәм райондағы барлық мәкеме, кәрхана басшылары қатнасты.

Мәжилисте Билимлендириў мәкемлеринде берилип атырған азық-аўқат өнимлериниӊ сапасы, аймақлардыӊ тазалығы, берилген тапсырмаларды өз ўақтында әмелге асырыў ҳәм оларды сапластырыў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
⚡️Усы жылдың 1-март ҳәм 1- апрель күнлери аралығында республикамызда “Айрықша жағдайлардан қорғаў ҳәм пуқаралық қорғаў айлығы” өткериледи.
—————————————
Usı jıldıń 1-mart hám 1-aprel kúnlari aralıǵında respublikamızda “ Ayrıqsha jaǵdaylardan qorǵaw hám puqaralıq qorǵaw aylıǵı" ótkeriledi.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
⚡️🌧 Ayrıqsha jaǵdaylar bólimi xabarlandıradı!

Ózbekstan boylap kúshli jawın hám samal kútilmekte.

Uzgidromet xabarına kóre 5-10-mart kúnleri Respublika boylap kúshli jawın hám samal bolıwı.

Tawlı jerlerde duman bolıp qar jawadı.

✍️Nókis rayonı hákimligi Málimleme xızmeti
https://t.iss.one/Aqmangituz
Рәсмий мүнәсибет

4-март күни Нөкис районы Ақмаӊғыт гузары көшеси бойында жабайы шөплерден тазалаў мақсетинде абаданластырыў илажи алып барыў режелестирилген еди.

Тилекке қарсы усы абаданластырыў ўақтында саат 10:30 шамасында жабайы шөплерди жағыў ҳәм самал бағыты өзгериўи ақыбетинде өрт келип шыққан.

Нәтийжеде Нөкис районы айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери тәрепинен сапластырылды.

Бул жағдай бойынша тийисли тараў қәнигелери тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылмақта.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
#Қутлықлаў

4-март-Өзбекстан Республикасы Айрықша Жағдайлар Министрлиги шөлкемлестирилген күн.

Сәне мүнәсибети менен бәрше тараў пидәйыларын район ҳәкимлиги атынан қутлықлаймыз.

Кәсиплик байрамыңыз мүбәрек болсын!

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz