Елимизде даӯам етип атырған абаданластырыӯ бойынша жумыслар районымыз аймағында да қызғын пәтлер менен даӯам етпекте.
Бүгин район орайындағы «Ақмаӊғыт» ППЖ ҳәм «Төктаў» МПЖ аймақларында, район ҳәкимлиги имараты әтирапында бәҳәр мәӯсимине таярлық жумыслары исленип, абаданластырыў жумыслары шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.
Nókis rayonı hákimligi Málimleme xızmeti
https://t.iss.one/Aqmangituz

НӘЎБӘҲӘР ТӘРИЙПИ
Сәлем нәўбәҳәрим, ел сүйген пасыл,
Аспаныў-заминди, тең сүйген пасыл.
Таңда қүдиретиңнен, оянып топырақ,
Ана жердиң көкси, доланды жасыл.
Тандырдың нан пискен, шоғындай лаўлап,
Ҳәр жүректиң төрин, аласаң жаўлап,
Сен оянып, оятасаң әлемди,
Сырлы жети реңнен, сулыўлық таңлап.
Төри ашық турған мийманларына,
Ҳәўлиси кең үйдиң дийўалларына,
Қарлығаш асығып, келер алыстан,
Садық ол, дослықтың алтын заңына.
Өпепек аралап, аўыл арасын,
Жамғыр шомылдырар, кийик баласын,
Бағларға сән берип, сайрайды бүлбил,
Толқытып инсанның, кеўил ханасын.
Сәўир самалына сүйдирип шашын,
Қуўанып көрисер, ашып қулашын,
Қызлар жәм болысып, жыйылса байрам,
Жигитлер ортаға таслар қурашын.
Раўаж Отарбаев
01.03.2023.
Сәлем нәўбәҳәрим, ел сүйген пасыл,
Аспаныў-заминди, тең сүйген пасыл.
Таңда қүдиретиңнен, оянып топырақ,
Ана жердиң көкси, доланды жасыл.
Тандырдың нан пискен, шоғындай лаўлап,
Ҳәр жүректиң төрин, аласаң жаўлап,
Сен оянып, оятасаң әлемди,
Сырлы жети реңнен, сулыўлық таңлап.
Төри ашық турған мийманларына,
Ҳәўлиси кең үйдиң дийўалларына,
Қарлығаш асығып, келер алыстан,
Садық ол, дослықтың алтын заңына.
Өпепек аралап, аўыл арасын,
Жамғыр шомылдырар, кийик баласын,
Бағларға сән берип, сайрайды бүлбил,
Толқытып инсанның, кеўил ханасын.
Сәўир самалына сүйдирип шашын,
Қуўанып көрисер, ашып қулашын,
Қызлар жәм болысып, жыйылса байрам,
Жигитлер ортаға таслар қурашын.
Раўаж Отарбаев
01.03.2023.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
2023-жыл 28-февраль күни "Зульфия Исроилованың 108-жыллығы"мүнәсибети менен Нөкис районы ХББ не қараслы 4-санлы мектепте ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўға "Зульфия" атындағы мәмлекетлик сыйлығының билимлендириў тараўы бойынша ийеси Айшолпан Оразымбетова, "Нихол" сыйлығының лаурияты, Шухрат медаль ийеси, мәденият ҳәм көркем-өнер пидәйысы көкирек белгиси ийеси Лола Мухамаддиновалар қатнасты.
Ушырасыў даўамында оқыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алып,келген мийманларға Зулфияханым дөретпелеринен айтып берди.Ушырасыў қызықлы ҳәм мазмунлы өтти.