Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
8.82K subscribers
29.5K photos
2.6K videos
23 files
10.4K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграм боты:@aqmangitt_bot
сайт:https://gov.uz/oz/nokisrk

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
Президент қарори

Ногиронлар, уларга ғамхўрлик қилувчи фуқаролар давлат хизматларидан навбатсиз фойдаланиши мумкин

📍https://uza.uz/posts/458028

🔻Ўзбекистоннинг ягона расмий ахборот агентлиги

Тelegram | Facebook | Instagram | You Tubе
Дыққат хабарландырыў!

Нөкис районы "Ақманғыт" ППЖ аймағындағы жер асты газ тармағында оӊлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы 2023-жыл 28-февраль күни саат 14:00 ден 18:00 ге шекем Ақмаӊғыт гузары, Дарсан, Өзбекстан, Халықлар дослығы, К.Жалалов, Д.Назбергенов көшелериндеги барлық түрдеги тутыныўшыларды тәбийғий газ бенен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылатуғынын мәлимлеймиз.

"Нукустумангаз" ГТБ Сизден газ тәмийнаты тоқтатылғанда ҳәм қайта қосылғанда газ үскенелерине итибарлы болыўыӊызды соранады.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
ҲҮРМЕТЛИ ЭЛЕКТР ЭНЕРГИЯСЫ ТУТЫНЫЎШЫЛАРЫ!
🛠Ертең 28-февраль күни жоқары кернеўли 110 кВлы ҳаўа электр узатыў тармағында киши оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы республикамыздың
Нөкис қаласы,
Әмиўдәрья районы,
Нөкис районы,
Шымбай районы,
Тахтакөпир районы,
Қараөзек районы,
Кегейли районы,
Бозатаў районы
аймақларында саат 10:00 ден 16:00 ге шекем электр энергиясы тәмийнатында шеклеўлер жүз беретуғынлығын мәлимлеймиз.

✍🏻«Ҳудудий электр тармоқлари» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы мәлимлеме хызмети
🏆DÍQQAT BIZDE OLIMPIADA!

Nókis rayonı qánigelestirilgen mektebi tárepinen sıylıq bahası 1 000.000 (bir million) sum bolǵan "MASTER SHIFU" atlı ashıq olimpiadasına start beriledi.

☝️Olimpiada úsh basqıshta:

1-basqısh mart ayınıń birinshi on kúnliginde,

2-basqısh aprel ayınıń birinshi on kúnliginde,

3-basqısh hám sıylıqlaw keshesi may ayınıń birinshi on kúnliginde ótkeriliwi belgilengen.

🧑‍🎓Olimpiadaǵa Nókis rayonı qánigelestirilgen mektebi oqıwshıları menen bir qatarda rayon aymaǵındaǵı barlıq mekteplerdiń 5-6-klass oqıwshıları qatnasıw huqıqına iye.

👑Jeńimpazlar hár bir basqıshta matematika hám inglis tili pánlerinen dúzilgen jámi 40 sorawlıq testler arqalı anıqlanadı.

Olimpiada boyınsha qosımsha maǵlıwmatlarǵa https://t.iss.one/qanigelestirilgen_mektep kanalında iye bolıp barasız.

Maǵlıwmat ushın ☎️ 90/704-46-46


Nókis rayonı hákimligi Málimleme xızmeti
https://t.iss.one/Aqmangituz
Халықтыӊ машқалаларын ҳәм социал-экономикалық мәселелерин үйрениў бойынша Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты С.Уматовқа "Үлгили мәкан" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан "Қутлы мәкан" көшеси турғыны Арапат Жанхожаевтиң  шаңарағы бириктирилген еди .

Депутат С.Уматов пуқара Арапат Жанхожаевтиң шаңарағына барып оның жасаў шәраятын ҳәм машқаласын үйренди.

Депутат жәрдеми менен пуқара А.Жанхожаевтиң шаңарағына катёл орнатып берилди.

https://t.iss.one/Aqmangituz
Депутат өз сайлаў округинде сайлаўшылары менен ушрасты.

Бугин Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесине 12-санлы "Узынкөл" сайлаў округинен сайланған депутат С.Уматов "Үлгили мәкан" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан "Адил ел" ҳәм "Наўбәҳәр" көшеси турғынлары менен ушрасты.

Ушрасыўда пуқаралар тәрепинен депутат С.Уматовқа төмендегише мүрәжатлер билдирилди.
- "Наўбәҳәр" көшеси аймағынан өтиўши коллектор дренаж тармағына орнатылған пиядалар өтетуғын ески ағаш копири орнына темир көпир орнатып бериў,
- ишки көше жолларына қум-шағал(ЩПС) араласпасын төсеп оңлаў жумысларын алып барыў сияқлы мүрәжатлер билдирилди.
Депутат С.Уматов пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлер тийисли орынларға "Депутат сораўы"н  жибериў арақалы унамлы шешип берилетуғынлығын атап өтти.

https://t.iss.one/Aqmangituz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
ЭКСТЕРНАТГА АРИЗА БЕРУВЧИЛАР УЧУН ВИДЕОРОЛИК👆🏻👆🏻
Ариза бериш my.gov.uz орқали 1-мартдан бошланади.
Шунингдек, https://my.gov.uz сайтига ҳам ариза бериш бўйича видеоролик жойлаштирилган.


https://t.iss.one/Aqmangituz
e-auksion.uz платформасы арқалы 2910 артық көшпели саўда жерлерин ижараға алыӊ!

🟢
Нөкис қаласы 774 (қараңыз)
🟢 Әмиўдәрья районы 112 (қараңыз)
🟢 Беруний районы 90 (қараңыз)
🟢 Бозатаў районы 130 (қараңыз)
🟢 Қараөзек районы 115 (қараңыз)
🟢 Кегейли районы 122 (қараңыз)
🟢 Қоңырат районы 224 (қараңыз)
🟢 Қаңлыкөл районы 131 (қараңыз)
🟢 Мойнақ районы 123 (қараңыз)
🟢 Нөкис районы 187 (қараңыз)
🟢 Тақыятас районы 148 (қараңыз)
🟢 Тахтакөпир районы 120 (қараңыз)
🟢 Төрткүл районы 102 (қараңыз)
🟢 Хожели районы 156 (қараңыз)
🟢 Шымбай районы 167 (қараңыз)
🟢 Шоманай районы 134 (қараңыз)
🟢 Елликқала районы 75 (қараңыз)

e-auksion.uz
👇Хабардар болыў ушын👇
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
Елимизде даӯам етип атырған абаданластырыӯ бойынша жумыслар районымыз аймағында да қызғын пәтлер менен даӯам етпекте.
Бүгин район орайындағы «Ақмаӊғыт» ППЖ ҳәм «Төктаў» МПЖ аймақларында, район ҳәкимлиги имараты әтирапында бәҳәр мәӯсимине таярлық жумыслары исленип, абаданластырыў жумыслары шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.

Nókis rayonı hákimligi Málimleme xızmeti
https://t.iss.one/Aqmangituz
#15_aprel #jer #mal_múlk

Mal-múlk hám jer salıqların 15-aprelden keshiktirmey tólewdi umıtpań❗️

Siz to‘legen salıqlar puqaralardı socıallıq-ekonomikalıq qollap-quwatlawǵa hám elimiz párawanlıǵına xızmet etedi.

🟢telegram 🔴 facebook 🔵 instagram 🟠 youtube
НӘЎБӘҲӘР ТӘРИЙПИ

Сәлем нәўбәҳәрим, ел сүйген пасыл,
Аспаныў-заминди, тең сүйген пасыл.
Таңда қүдиретиңнен, оянып топырақ,
Ана жердиң көкси, доланды жасыл.

Тандырдың нан пискен, шоғындай лаўлап,
Ҳәр жүректиң төрин, аласаң жаўлап,
Сен оянып, оятасаң әлемди,
Сырлы жети реңнен, сулыўлық таңлап.

Төри ашық турған мийманларына,
Ҳәўлиси кең үйдиң дийўалларына,
Қарлығаш асығып, келер алыстан,
Садық ол, дослықтың алтын заңына.

Өпепек аралап, аўыл арасын,
Жамғыр шомылдырар, кийик баласын,
Бағларға сән берип, сайрайды бүлбил,
Толқытып инсанның, кеўил ханасын.

Сәўир самалына сүйдирип шашын,
Қуўанып көрисер, ашып қулашын,
Қызлар жәм болысып, жыйылса байрам,
Жигитлер ортаға таслар қурашын.

Раўаж Отарбаев
01.03.2023.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы бир қатар белсенди студент жаслар менен ушырасты


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
2023-жыл 28-февраль күни "Зульфия Исроилованың 108-жыллығы"мүнәсибети менен Нөкис районы ХББ не қараслы 4-санлы мектепте ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўға "Зульфия" атындағы мәмлекетлик сыйлығының билимлендириў тараўы бойынша ийеси Айшолпан Оразымбетова, "Нихол" сыйлығының лаурияты, Шухрат медаль ийеси, мәденият ҳәм көркем-өнер пидәйысы көкирек белгиси ийеси Лола Мухамаддиновалар қатнасты.

Ушырасыў даўамында оқыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алып,келген мийманларға Зулфияханым дөретпелеринен айтып берди.Ушырасыў қызықлы ҳәм мазмунлы өтти.

https://t.iss.one/Aqmangituz