Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
8.37K subscribers
30.5K photos
2.7K videos
25 files
10.8K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграм боты:@aqmangitt_bot
сайт:https://gov.uz/oz/nokisrk

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
Нөкис районындағы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң жоқарғы класс оқыўшылары ҳәм Нөкис районы кәсип-өнер мектеби оқыўшылары менен “Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық” сүрени астында руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсият илажлары өткерилди.

Илажға Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитетиниң биринши тайыпалы қәнигеси Ш.Маннабов, Дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы жетекши қәнигеси Б.Айымбетова, Нөкис қалалық бас қәнигеси Х.Незаметов, Нөкис районы бойынша бас қәнигеси Д.Таўекелов, Республика руўхый-ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы Н.Тоимбетов ҳәм районлық Халық билимлендириў бөлими баслығы М.Таджетовлар қатнасты.

Ушырасыўда дин нықабы астындағы ҳәрекетлерден сергекликке шақырыў, елимизде ҳүким сүрип турған тынышлық-татыўлықтың ҳәм оның тийкары болған миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик тәмийинленип атырғанлығы ҳаққында атап өтилди.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
telegram
👍3
Сондай-ақ, ушырасыўда жаслардың тәлим-тәрбиясы, оларды түрли жат идеялар тәсиринен сақлаў бойынша үгит-нәсият илажлары алып барылды.

Илаж шеңберинде экстремизм ҳәм терроризмниң унамсыз ақыбетлерин ашып бериўши фотокөргизбелер шөлкемлестирилди.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
telegram| facebook| youtube| instagram|twitter
👍1
Нөкис районындағы улыўма билим бериў мектеплери ҳәм кәсип-өнер мектеби оқыўшылары арасында өткерилген жасларды диний ақидапараслық, экстремизм ҳәм терроризм қәўиплеринен серогекликке шақырыўшы “ең жақсы фото слайд” дөретиўшилик жумыслары таңлаўының жуўмақлаўшы жеңимпазларды сыйлықлаў кешеси өткерилди.

Таңлаў жуўмағы бойынша 1-орынды районлық ХББне қарасы 4-санлы мектеп оқыўшысы А.Уснатдинов, 2-орынды ХББне қарасы 1-санлы мектеп оқыўшысы Г.Кеңесбаева, 3-орынды районлық кәсип-өнер мектеби оқыўшысы Н.Отарбаевлар ийеледи.

Илажда жеңимпазлар өзлери жаратқан фотослайдларын презентация қылып, жеңипмазлар район ҳәкимлиги ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
telegram| facebook| youtube| instagram|twitter
👍2
“Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы” күни болып өтти

Толық оқыў

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
telegram| facebook| youtube| instagram|twitter
Бугин Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлери ушын нәўбеттеги "Сиясий-ағартыўшылық сааты" болып өтти!

Қарақалпақстан Республикасы Финанс Министрлиги, қала ҳәм районлық финанс бөлиминиң барлық хызметкерлери қатнасты.
Оқыў сааты даўамында төмендеги мәселелерге тоқталып өтилди:

Тема : Қадириң бәлент болсын, ана тилим!

Баянатшы:
Хаитов Фахриддин Худойқулович,

Тема: Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң әдеп-икрамлылық қағыйдалары

Баянатшы:
Нариманов Бекзод Абдувалиевич

Бүгинги болып өткен сиясий ағартыўшылық оқыў сааатына Қаракалпакстан Республикасы Финанс Министрлиги, қала ҳам районлық финанс бөлимлери барлық хызметкерлери белсендилик пенен қатнасып күн тәртибиндеги темаларды терең өзлестирди.

Оқыў Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекет хызметин раўажландырыў агентлигиниң ilm.argos.uz платформаси ҳәм де YouTube тағы рәсмий каналы арқалы өткерилди.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
telegram| facebook| youtube| instagram|twitter
👍2