Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
8.37K subscribers
30.5K photos
2.7K videos
25 files
10.8K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграм боты:@aqmangitt_bot
сайт:https://gov.uz/oz/nokisrk

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
Бүгин, Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районында жайласқан Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Арал бойы халықаралық инновация орайында шығындылардан инновацион усылда компост таярлаў, шорланған жерлерди нәтийжелилигин асырыў ҳәм аймақ экологиясын жақсылаў темасында баспа сөз конференциясы болып өтти.

Оған, Өзбекстан "Аграр тараў ҳаяллары" бирлеспеси ўәкиллери, Нөкис районы ҳәкимлиги, ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Семинарда тамарқа жер ийелериниӊ аймақ экологиясын сақлаў ҳәм оны жақсылаў, үй хожалығы шығындылардан ақыл менен пайдаланыў аркалы өзлеримизге керекли затларды пайда етиў ҳаққында айтып өтилди.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
👍5
Бүгин, Нөкис районы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде "Билимлендириў мазмунына итибар" атамасында жаӊа оқыў жылы алдынан Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен белгиленген график тийкарында 5 аймақта (Қараөзек, Нөкис, Қанлыкөл, Төрткул ҳәм Әмударья) районларында семинары өткерилмекте.

Бул семинарға Нөкис қаласы, Хожели, Тахыятас ҳәм Нөкис районлары мектеплериниӊ оқыў ислери бойынша директор орынбасарлары қатнаспақта.

Бунда белгиленген бағдарлама тийкарында 6 бағдар (секция)ға бөлинип, тәжирийбели модератор ҳәм тренерлер тәрепинен әмелий оқыў семинары өткерилмекте.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
👍6
2022-jil 22-avgust kúni Nókis  rayonlıq Mektepke shekemgi bilimlendiriw bóliminiń "Mektepke shekemgi bilimlendiriw sapası: házirgi jaǵdayı hám keleshektegi wazıypalar" atamasındaǵı dástúriy avgust konferenciyasında sońǵı 5,6 jıl dawamında erisilgen jetiskenlikler, tárbiyashı pedagoglardıń mamanlıǵın asırıw baǵdarında alıp barılǵan ilajlar, MSHBShlerinde islengen qurılıs-ońlaw jumısları boyınsha bayanat oqıldı.

Sonnan soń Nókis rayonlıq mektepke shekemgi bilimlendiriw bólimi hám bólimge qaraslı shólkemlerde pidayı miynet etken taraw xızmetkerleri húrmet jarlıǵı menen sıylıqlandı. Konferenciya kúnniń ekinshi yarımında da dawam etedi.
👍19👏4
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қаласы Жаңа базар (Қоскөл 4).

Жаңа базар кеше ҳәм бүгин

Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/QResMinistrlerKenesi
👍1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
"Бугун сиз, азизлар билан, барчамиз учун қадрли бўлган Самарқанднинг янги қиёфасини белгилаб берадиган муҳташам мажмуа – “Буюк ипак йўли” халқаро туризм марказининг тантанали очилиш маросимида учрашиб турганимдан хурсандман" - Президент.

"Мне доставляет большое удовольствие встретиться сегодня с вами на торжественной церемонии открытия Международного туристического центра “Великий шелковый путь”, определяющего облик Нового Самарканда, дорогого для всех нас города" - Президент.

Facebook|Instagram|Twitter
👍4
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 31 жыл толыўы мүнәсибети менен Нөкис районында «Саўда ярмаркалары» өткерилмекте.

Шөлкемлестирилген саўда ярмаркаға Нөкис районы ҳәм Самарқанд ўәлаятыныӊ бир қатар исбилерменлер тәрепинен азық-аўқат ҳәм аўыл ҳожалығы өнимлери арзан баҳаларда жеткерилип берилмекте.

Соның менен бирге, ярмаркада “Мектеп базары” ярмаркасы шөлкемлестирилип, исбилерменлер тәрепинен халқымыз мүтәжлиги бойынша түрли мектеп формалары ҳәм оқыў қураллары алып келинген.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
👍14
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Húrmetli Nókis rayonı turǵınları!!!

“Baslamalı byudjet” processiniń 2022-jıl 2-máwsimi sheńberinde dawıs beriw basqıshı 24-avgust sánesinen 12-sentyabr sáneleri aralıǵında ótkeriletuǵınlıǵın málim etip bildiremiz. Openbudget.uz veb-saytı arqalı dawıs beriw basqıshında belsendi qatnasıp, óz mashqalańızǵa eń kóp dawıs toplań hám jeńimpaz bolıń! Rayonımızdıń kóplegen ózgerisleriniń ámelge asıwına óz úlesińizdi qosıń.

https://t.iss.one/Aqmangituz
👏2