Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
8.76K subscribers
29.6K photos
2.61K videos
25 files
10.5K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграм боты:@aqmangitt_bot
сайт:https://gov.uz/oz/nokisrk

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
Президент Шавкат Мирзиёев Нөкис жаслар технопаркин барып көрди

Бул комплекс жаслардың қәбилети ҳәм көнликпелерин қәлиплестириў, жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған. Соннан, компьютер саўатлылығы, график дизайн, робототехника, 3D моделлестириў, акселерация сыяқлы 9 жөнелисте жылына 1 мың 500 жигит-қыз билим алыўы мүмкин. Буның ушын заманагөй техника, лаборатория ҳәм устахана үскенелери орнатылған.

Бүгинги күнде оқыў курслары питкериўшилериниң идеялары стартап формасына келтирилип, “Болажақ илимпаз”, “Technoways”, “Start4 Region” сыяқлы таңлаўларға 50 ге жақын жойбар тапсырылған. Сондай-ақ, “Арал теңизиниң қурғақшылықлы аймақларында туқымгершилик плантациясын шөлкемлестириў” темасында улыўмалық баҳасы 955 миллион сумлық жойбар әмелге асырылмақта. Бул теңиздиң қурыған түбиндеги жерлерден пайдаланыў, суўды тежеў ҳәмде дузды кемейтиўге хызмет етеди.

Улыўма алғанда, усы технопарк жаслардың умтылыс ҳәм идеяларын жетистириўине шекем жәрдем береди.

Мәмлекетимиз басшысына жас фермер ҳәм илимпазлардың қурғатылған органикалық помидор, ақаба суўларды тазалаў ҳәм балықларға азықлық өсимлик жойбарлары ҳаққында мағлыўмат берилди. Жасыл технологияларға тийкарланған бул жойбарлар Европа мәмлекетлериниң сертификатларына ийе болған.

Президентимиз бул жойбарларды қаржылық қоллап-қуўатлаў, әмелиятқа кеңирек енгизиў кереклигин атап өтти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Президент жўуапкерлерге Қарақалпақстанда әмелге асырылыўы керек болған мәселелер бойынша бир қатар тапсырмалар берди

Атап айтқанда, 1-майдан баслап «Ғузар – Бухара – Нөкис – Бейнеу» жолының Елликқала, Төрткүл, Беруний районлары аймағынан өткен 25 километри реконструкцияланады.

Жыл жуўмағына шекем Миллий банктың басламасы тийкарында басқа районларға бириктирилген банклер де кеминде үш үлкен санаат жойбарын әмелге асырады.

Пуқараларға дийқаншылық пенен шуғылланыўға берилетуғын жерлерде шарўаға азықлық жетистириў ушын 5 гектарға шекем ажыратыў усынысы қоллап-қуўатланады.

2023-жылда Қарақалпақстандағы мийўе-палыз ҳәм шарўашылық жойбарларына 10 миллион доллар бағдарланады.

1-октябрьге шекем Бостан каналын бетонлаў жумысы жуўмақланып, 100 мың гектарда суў тәмийнаты жақсыланады. Буның есабынан 23 насос станциясы ҳәм 400 насос агрегаты тоқтатылып, келеси жылдан баслап жылына 45 миллион киловатт электр үнемленеди.

Барлық мектеп ҳәм емлеўханаларды реконструкциялаўға, соның ишинде ыссылық тәмийнатын жақсылаўға қосымша қаржы ажыратылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

✉️Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстанда 21 мың үй оңланып, 709 үй жаңадан қурып бериледи

Ҳүрметли Президентимиз Қарақалпақстан мәҳәллелерин абат етиў, суў, жол, электр тәмийнатын жақсылаў, мектеп, бақша ҳәм медицина пунктлерин қурыў ҳәм оңлаў ушын 2023-жылда 1,5 триллион сум берилип атырғанлығын атап өтти.

Буннан тысқары, 452 мәҳәлледеги шараяты аўыр 21 мың үй оңланады, 709 үй жаңадан қурып бериледи. Буған бюджеттен 132 миллиард сум, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан 232 миллиард сум ажыратылып атыр.

Соның менен бирге Президент өзине аймақлардан үй-жайлар кадастры мәселесинде оғада көп мүрәжатлар болыўын айтты.

«Қарақалпақстанда да 47 мың үй-жай ҳәм көшпес мүлклердиң кадастры жоқ. Бул – адамларымызды ипотека алыў, қыйтақ жеринде дийқаншылыққа кредит, субсидия алыў, жасап атырған баспанасын перзентлерине мийрас етип қалдырыў имканиятын шеклеп атыр. Көп ойлап, Қарақалпақстан халқына усы мәселеде жеңиллик жаратпақшыман», — деди мәмлекет басшысы.

Президент Жоқарғы Кеңес Баслығына еки айда 38 мың адамның қолына кадастр ҳүжжетлерин толық ислеп бериў бойынша тапсырма берди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
31-март күни Нөкис районы "Қырантаў" аўыл пуқаралар жыйынында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен районға бекитилген үгит-нәсиятлаў топары ағзалары қатнасыўында үгит-нәсият илажи өткерилди.

Илажда шығып сөйлеўшилер,  мәмлекетимизде әмелге асырылып атырылған социал-економикалық реформалардың мазмун-мәниси,  әсиресе жәмийетте «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында халқымыздың пәраўанлығын арттырыў,  економика тармақларын трансформация қылыў ҳәм исбилерменликти жедел раўажландырыў барысындағы әмелге асырылып атырылған жумыслар атап өтилди.

Сондай-ақ,  θзбекстан Республикасының жаңаланып атырған Конституциясының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиник берилип,  Конституциялық Нызам жойбары бойынша усы жылдың 30-апрель күни болып өтетуғын Референдумға белсене қатнасыўға шақырды.

Нөкис районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
BRIFING

Abadanlastırıw jumısların alıp barıwda hám ashıq maydanlarda quwraǵan ot-shóplerdi jaǵip qarawsız qaldırıw nátiyjesinde 70 ten aslam órtler esapqa alınǵan.

Qaraqalpaqstan Respublikası Ayrıqsha jaǵdaylar basqarması

https://t.iss.one/QR_AJB
#Референдум

31-март күни Нөкис районы "Дарсан" мәкан пуқаралар жыйыны 6-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Л.Сейтова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен районға бекитилген үгит-нәсиятлаў топары ағзалары қатнасыўында үгит-нәсият илажи өткерилди.

Онда шығып сөйлеўшилер, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырылған социал-економикалық реформалардың мазмун-мәниси, әсиресе жәмийетте «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында халқымыздың пәраўанлығын арттырыў, економика тармақларын трансформация қылыў ҳәм исбилерменликти жедел раўажландырыў барысындағы әмелге асырылып атырылған жумыслар атап өтилди.

Сондай-ақ, θзбекстан Республикасының жаңаланып атырған Конституциясының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиник берилип, Конституциялық Нызам жойбары бойынша усы жылдың 30-апрель күни болып өтетуғын Референдумға белсене қатнасыўға шақырды.

Нөкис
районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz