Бүгин, Нөкис районы ҳәкими О.Уснатдинов райондағы билимлендириў мәкемелериндеги гүз-қыс мәўсимине таярлық ҳәм оқыўшылардыӊ классларын, спорт залларын көзден өткерди.
Дәслеп, "Саманбай" аўыл пуқаралар жыйыныдаға 4-санлы мектеп соныӊ менен бирге 19-санлы мектепке қосымша 240 орынға мөлшерленген жаӊа имараты ҳәм алып келинген керекли инвентарлардыӊ сапасын көрды.
О.Уснатдинов-биринши нәўбетте күнниӊ суўық күнлери оқыўшылар 20гр температурада жыллы классларда билим алыўын тәмийинлеў, егерде бул бағдарда машқала туўылса тезлик пенен хабар бериўин тапсырды.
Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz

👍10
Бүгин 2022-жыл 30-ноябрь күни Нөкис районы "Саманбай" АПЖ аймағында "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеӊберинде "Әҳмийетли 40 күнлик" акциясы болып өтти. Бунда, район ҳәкими О.Уснатдинов, сектор басшылары, мәкеме-шөлкем баслықлары қатнасып, аймақ әтирапын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў ушын ҳәр қыйлы декоратив ҳәм мийўе нәллерин егиў жумыслары алып барылды.
Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
👍6
Көшпели қабыллаў
Нөкис районы "Төктаў" МПЖда районлық Ишки ислер бөлими баслығы, 3-сектор басшысы С.Қаллибеков басшылығында аймақ турғынлары ушын көшпели қабыллаў өткерилди. Онда райондағы мәкеме ҳәм шөлкемлериниң жуўапкер ўәкиллери қатнасты.
Қабыллаўда пуқаралар тәрепинен қыйнап жүрген машқалалары тыңланып, мүрәжатларды орнында шешим табыў, ҳуқықый кеңес бериў жолы менен унамлы шешиў, узақ мүддет талап қылатуғын мүрәжетлер қадағалаўға алыў шаралары көрилди.

👍2
АНА ТИЛИМСЕҢ
Даслеп ҳәййиў менен, сиңип санама,
Бахыт инам еттиң, сонда анама,
Сол пайыт мөрлендиң, кеўил ханама,
Мәңгилик жолдасым, ана тилимсең.
Сениң күдиретиң, қатарда барман,
Сөзим хатқа түсер, кеўлиме салған,
Сени жоғалар-аў, деген сөз жалған,
Мәңгилик сырласым, ана тилимсең.
Шийрин зибан болдың, сөз дәмин таттым,
Ҳасыл сөзге, байлығыңды унаттым,
Өзиң қоллап турсаң, бәлетте тахтым,
Мәңгилик қолласым, ана тилимсең.
Мереке-мәжлисте, шийрин сөз болдың,
Көкирегимде мәңги ояў, көз болдың,
Қуўанаман бар жәҳәнде, өз орның,
Қәлбимниң қуяшы ана тилимсең.
Раўаж Отарбаев.
30.11.22
Даслеп ҳәййиў менен, сиңип санама,
Бахыт инам еттиң, сонда анама,
Сол пайыт мөрлендиң, кеўил ханама,
Мәңгилик жолдасым, ана тилимсең.
Сениң күдиретиң, қатарда барман,
Сөзим хатқа түсер, кеўлиме салған,
Сени жоғалар-аў, деген сөз жалған,
Мәңгилик сырласым, ана тилимсең.
Шийрин зибан болдың, сөз дәмин таттым,
Ҳасыл сөзге, байлығыңды унаттым,
Өзиң қоллап турсаң, бәлетте тахтым,
Мәңгилик қолласым, ана тилимсең.
Мереке-мәжлисте, шийрин сөз болдың,
Көкирегимде мәңги ояў, көз болдың,
Қуўанаман бар жәҳәнде, өз орның,
Қәлбимниң қуяшы ана тилимсең.
Раўаж Отарбаев.
30.11.22
👍12
“Коррупция-пәнжере артына жол”, “Кишкенеге үлкен тәрбия” китапшалары презентациясы ҳәм “Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық” атамасында үгит-нәсият өткерилди
👉Толық оқыў👈
Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
👉Толық оқыў👈
Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
👍7