Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
9.96K subscribers
27.8K photos
2.38K videos
22 files
9.85K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграмм боты: @aqmangitt_bot
Веб-сайт: nukusrk.uz

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
Бүгин, Өзбекстан Республикасы Олий Мажилис Нызамшылық палатасы депутаты Л.Сейтова ҳәм район прокуроры П.Халмуратов, Халық қабыллаўханасы баслығы Қ.Гулмановлар «Бақаншақлы» аўыл пуқаралар жыйынының жаслары менен ушырасты.

Ушырасыўдың тийкарғы мақсети, жасларымызды кәсип-өнерге үйретиў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, өз исбилерменлигин басламақшы болған жасларға имканият жаратып бериў болып табылады.

Ашық сәўбет усылында алып барылған бул ушырасыўда, жаслар менен кеңнен пикир алысты ҳәм олардың машқалалары, пикир ҳәм усынысларын тыңлады.

Ушырасыў соңында, жаслар жетекшилерине жүклетилген жумыслар додаланып, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

🌐https://t.iss.one/Aqmangituz

🌐Website 🌐Instagram Facebook  📹 youtube
Dıqqat! Dıqqat!🔈🔈🔈

⚡️⚡️⚡️Húrmetli jaslar!!!

⚽️ Xabarıńız bar futbol boyınsha Ózbekstan olimpiya komandası tariyxta birinshi márte olimpiada oyınlarında qatnasadı.

Parij-2024 olimpiadası sheńberinde búgin mámleketimiz komandası 1-turda Ispaniya menen bellesedi.

Futbolǵa qızıǵıwshı jaslarǵa qolaylıq jaratıw maqsetinde Ruwxıy-aǵartıwshılıq orayı rayonlıq bólimi baslaması menen Ruwxıylıq hám aǵartıwshılıq sarayında búgin saat 18:00 de úlken ekranda Ózbekstan-Ispaniya oyının tuwrıdan tuwrı tamashalawǵa mirat etemiz.

Bársheni olimpiya komandasın birge qollap quwatlawģa shaqırıp qalamız.🤝👏

🌐https://t.iss.one/Aqmangituz

🌐Website 🌐Instagram Facebook  📹 youtube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Бүгин, Нөкис районы «Бақаншақлы» аўыл пуқаралар жыйынында 2-сектор басшысы, район прокуроры П.Халмуратов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажилис Нызамшылық палатасы депутаты Л.Сейтова ҳәм Халық қабыллаўханасы баслығы Қ.Гулмановлар пуқаралардың мүрәжатларын тыңлаў жәнеде унамлы шешиў мақсетинде нәўбеттеги көшпели қабыллаўын өткерди.

🌐https://t.iss.one/Aqmangituz

🌐Website 🌐Instagram Facebook  📹 youtube
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевнинг таваллуд куни муносабати билан хорижий давлатлар, ҳукуматлар ва парламентлар, нуфузли халқаро ва минтақавий ташкилотлар раҳбарларидан самимий қутловлар келмоқда.

Тўлиқ ўқиш

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң туўылған күни мүнәсибети менен сырт мәмлекетлер, ҳүкиметлер ҳәм парламентлер, абырайлы халықаралық ҳәм аймақлық шөлкемлер басшыларынан шын кеўилден қутлықлаўлар келмекте.

Толық оқыў


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Facebook|Instagram|X
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Элдор Шомуродов пеналтидан Өзбекстанның Олимпиадалардағы еӊ дәслепки голын киритди!
1-тайм жуўмақланды. Есап 1:1!


🇺🇿 Өзбекстан – 🇪🇸 Испания
- 1:1

🌐https://t.iss.one/Aqmangituz

🌐Website 🌐Instagram Facebook  📹 youtube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Qaraqalpaqstan_telekanalı
#Áhmiyetli_30_kún
#Profilaktika

⚡️"TÍNÍSHLÍQ SAQSHÍLARÍ" kórsetiwinde Nókis rayonı Ayrıqsha jaǵdaylar bólimi xızmetkerleri tárepinen puqaralardıń belgilenbegen orınlarda shomılmawı, jańa qurılıslarda, toǵaylarda hám turaq jaylarda qáwipsizlik qádelerine ámel etiwi, jer astı suw alıw gidrantlarınıń sazlıǵın úyreniw hámde suwǵa mantıǵıw menen baylanıslı kewilsiz hádiyselerdiń aldın alıw boyınsha ótkerilgen reyd ilájları;

⚡️"Qońırat Soda zavodı" AJ in órtten qorǵaw boyınsha 27- Órt qutqarıw bólimshesi xızmetkerleriniń #Áhmiyetli_30_kún ilájında belgilengen bes baǵdar boyınsha órtlerdiń aldın alıw menen baylanıslı bolǵan profilaktikalıq is-ilájlar haqqında sóz etiledi.

Qaraqalpaqstan Respublikası Ayrıqsha jaǵdaylar basqarması Málimleme xızmeti

Telegram | Instagram | Facebook
#Вакансия

2024-жылдың 24-июль ҳалатына Мойнақ, Қоңырат, Тақыятас ҳәм Нөкис районларында дизимге алынған бос жумыс орынлары менен танысың!

Мойнақ районы

Қоңырат районы

Тақыятас районы

Нөкис районы

Kanalǵa aǵza bolıw   👉  https://t.iss.one/QR_mahalle

Telegram 📍Instagram 📍Facebook
«Қарақалпақфильм» киностудиясының директоры тайынланды

Усы жылдың 25-июль күни Нөкис қаласындағы Жаслар орайы имаратында қарақалпақ киносын раўажландырыў, оны жаңа басқышларға алып шығыў бойынша жыйналыс болып өтти.

Оған Өзбекстан Кинематография агентлиги директори Ш.Ризаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарекеев қатнасты.

Сондай-ақ, жыйналыста Абдикаликов Икрам Ережепбаевичти «Қарақалпақфильм» киностудиясының директоры лаўазымына тайынлаў мәселеси қарап шығылды.

Усынылған талабанды бир қатар көркем өнер ҳәм мәденият тараўы хызметкерлери қоллап-қуўатлап, шығып сөйледи.

Илажда Абдикаликов Икрам Ережепбаевич «Қарақалпақфильм» киностудиясының директоры лаўазымына тастыйықланды.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, И.Абдикаликов март айынан баслап «Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемеси Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң директоры лаўазымында жумыс ислеп киятырған еди.

Biziń betlerimiz: || Bizning sahifalarimiz:
Telegram | Instagram | Facebook | X
Д А Ғ А З А

Фермер ҳәм аўыл хожалықлары кәрханалары дыққатына!

2024-жылдың 16-август күни Нөкис районы Аўыл хожалығы бөлиминде 2025-жыл өними ушын ғәлле туқымын жетистириў ҳуқықын жеңип алыў ушын субектлер ортасында тендер таңлаўы болып өтеди.

Таңлаўда қатнасыўды қәлеўши фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары басшылары төмендеги ҳүжжетлерди еки нусқада район аўыл хожалығы бөлиминде дүзилген таңлаў комиссиясына 2024-жыл 15-июль күнинен 15-август күни аралығында усыныў соралады.

1. Тендер комиссиясы атына арза;
2. Фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханасы атына тил хат;
3. Жер балл бонитети ҳаққында контурлар бойынша мағлыўматы;
4. Фермер хожалығында ислеўшилердиң қәнигелиги ҳәм ис стажы ҳаққында мағлыўматы;
5. Суў менен тәмийинлениўи ҳаққында контурлар бойынша мағлыўматы;
6. Фермер хожалығы устав қорына төлеген пулының муғдары ҳаққында банк мағлыўматы;
7. Фермер хожалықларының техникалары бойынша мағлыўматы;
8. Фермер хожалықларының кейинги 3 жылда ғәлле жетистириў шәртнамасын орынлағанлығы хаққында районлық статистика бөлиминиң мағлыўматы;
9. Фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханасы баслығы қәнигелиги ҳәм мағлыўмат бойынша;

Таңлаўға қатнасыў ушын қосымша мағлыўматларды Нөкис районы Аўыл хожалығы бөлиминен алыўға болады.
Мәнзил: Нѳкис районы Аўыл хожалығы бөлими Дарсан көшеси 32 жай Тел; (61) 424-42-53

🌐https://t.iss.one/Aqmangituz

🌐Website 🌐Instagram Facebook  📹 youtube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мүтәж шаңарақлардың турақ жайларын оңлаў жумыслары даўам етпекте

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы қарарына тийкар, Нөкис районы аймағындағы жәрдемге мүтәж жәми 970 үй белгилеп алынып, соннан 884 жайдың төбесин шиферлаў, 86 турақ жай болса қайта қурыў режелестирилип алынды.

Усы тийкарда, район орайынан алыс аймақта жайласқан «Дарсан» мәкан пуқаралар жыйыны «Шүйт» аўылында жасаўшы жәрдемге мүтәж хожалықлардың көп жыллық мүшкили жеңилленип, турақ жайының төбеси жаңадан шиферлап берилмекте.

🌐https://t.iss.one/Aqmangituz

🌐Website 🌐Instagram Facebook  📹 youtube