Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
10.1K subscribers
28K photos
2.41K videos
22 files
9.92K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграмм боты: @aqmangitt_bot
Веб-сайт: nukusrk.uz

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
#Онлайн

#Галаконцерт


Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
#Онлайн

#Галаконцерт

Нөкис районы прокуратурасының басламасы менен  жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў бойынша ҳәр түрли спорт ҳәмде басқада мәдений илажлар өткериў режелестирилген.

Усы мүнәсибет пенен ҳәзирги ўақытта районымыздың орайындағы Едиге бағында галаконцерт болып өтпекте.


Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
Мүтәж пуқараларға электр энергиясы ҳәм тәбийғый газдың тутыныў нормасынан асқан бөлеги компенсация етиледи

Энергетика тарифлериниң өзгерип атырғанлығы мүнәсибети менен мүтәж пуқараларға электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын төлемлерди әмелге асырыўда жеңиллик бериледи.

Соннан, ысытыў мәўсими (ноябрь-февраль) даўамында мүтәж шаңарақлардың электр энергиясы ҳәм тәбийғый газдың тутыныўының базалық нормалардан асқан бөлеги компенсация қылып бериледи.

Бунда:

компенсация тәбийғый газ ушын базадан нормадан артықша тутынылған 250 куб/метрге шекем, электр энергиясы ушын 150 куб метрге шекем усынылады;

“Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри”не киргизилген ҳәм “мәҳәлле жетилиги” жуўмағына бола анықланған мүтәж шаңарақлар компенсация ушын мүрәжат етиўи мүмкин болады;

“мәҳәлле жетилиги” тәрепинен қәлиплестирилетуғын мүтәж шаңарақлардың қосымша дизими тийисли мәҳәлледеги бирден-бир реестрге киргизилген шаңарақлар улыўмалық санынан 15 пайызынан аспайды;

Эҳтиёжманд аҳолига электр энергияси ва табиий газнинг истеъмол нормасидан ошган қисми компенсация қилиб берилади


Энергетика тарифларининг ўзгараётгани муносабати билан эҳтиёжманд аҳолига электр энергияси ва табиий газ учун тўловларни амалга оширишда имтиёз берилади.

Хусусан, иситиш мавсуми (ноябрь-февраль) давомида эҳтиёжманд оилаларнинг электр энергияси ва табиий газ истеъмолининг базавий меъёрлардан ошган қисми компенсация қилиб берилади.

Бунда:

компенсация табиий газ учун базавий меъёрдан ортиқча истеъмол қилинган 250 куб/метргача, электр энергияси учун 150 куб метргача тақдим этилади;

“Ижтимоий ҳимоя ягона реестри”га киритилган ва “маҳалла еттилиги” хулосасига кўра аниқланган эҳтиёжманд оилалар компенсация учун мурожаат қилишлари мумкин бўлади;

“маҳалла еттилиги” томонидан шакллантириладиган эҳтиёжманд оилаларнинг қўшимча рўйхати тегишли маҳалладаги ягона реестрга киритилган оилалар умумий сонининг 15 фоизидан ошмайди;


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Тайынлаў

Махсет Алиев Аскарович - Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Абаданластырыў бас басқармасы баслығы лаўазымына тайынланды.

М. Алиев тайынлаўға шекем Нөкис қалалық абаданластырыў басқармасы баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

Тайинлов

Махсет Алиев Аскарович - Қорақалпоғистон Республикаси Вазирлар Кенгаши ҳузуридаги Ободонлаштириш бош бошқармаси бошлиғи лавозимига тайинланди.

М. Алиев тайинловга қадар Нукус шаҳар Ободонлаштириш бошқармаси бошлиғи лавозимида фаолият олиб борган.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Франция мәмлекетинде жайласқан «Les'amis de'Ouzbekistan» (Өзбекстанныӊ Франциядағы дослары) ассоциациясы Нөкис районы орайласқан Емлеўхананыӊ балалар бөлиминде балалардыӊ ойнаўы ушын арнаўлы хана шөлкемлестириў бойынша усынысы менен шықты.

Бундағы мақсет балалардыӊ тезирек саўалып кетиўи ушын имканиятлар жаратыў болып табылады. Балаларға арналған хананыӊ оӊлаў жумыслары, ишиндеги жумсақ мебеллер, телевизор, ойыншықлар, сүўретли китаплар менен бийғәрез жәрдем сыпатында исленди.

Бул балалар ханасыныӊ ашылыўына Ассоциация директоры А.Бекимбетова, район ҳәкиминиӊ орынбасары Қ.Моятдинов, Нураныйлар Кеӊеси баслығы Ж.Қайповлар қатнасты.

Илаж даўамында А.Бекимбетова, З.Қылышева ҳәм Д.Хожаниязовларға район ҳәкимлигиниӊ «Миннетдаршылық хаты» тапсырылды.

Мағлыўмат ушын А.Бекимбетова ҳәм З.Қылышевалар бул жойбардан алдын Қарақалпақстандағы онкологиялық кеселликлер менен аўырған балалардыӊ химия терапия алыўына қәрежет жағынанда жәрдем берип келгенлиги атап өтилди.

Нөкис районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
Усы жылдыӊ апрель айында Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов Қытай  мәмлекетинде хызмет сапарында болды

Хызмет сапарыныӊ биринши күнинде Урумчи қаласында өткерилген “Уллы жипек жолы” Халықаралық туризм ҳәм бизнес форумына қатнасылды. Форум даўамында Қытайдыӊ бир қатар ири компаниялары менен ушырасыўлар өткерилди.

Район ҳәкими З.Зайтов 15-апрель күни Өзбекстан Республикасы делегациясы қатарында Синьцзян-Уйғур автоном районы партия комитети секретары Ма Синжуй, Синьцзян-Уйғур автоном районы халық ҳүкимети басшысы  Эркин Тунияз ҳәм де тараў басшылары менен болған киши дөгерек ушырасыўында қатнасты.

Ушырасыўлар барысында, өз-ара экономикалық-инвестициялық байланысларды беккемлеў, жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў илажлары белгилеп алынды.

Буннан соӊ, район ҳәкими З.Зайтов басшылығындағы бир топар делегациялар ағзалары Синьцзян-Уйғур автоном районы Аксу округине шөлкемлестирилген хызмет сапарынде болып, Аксу округи басшысы Адил Айли ҳәм тараў басшылары менен ушырасыўлар өткерди. Ушырасыўда Нөкис районы ҳәмде Аксу округи бирге ислесиў баянламасы келисимлериниӊ орынланыў барысы додаланып, келисип алынды.

Келисим тийкарында еки аймақ арасында мәденият, билимлендириў, медицина, ислеп шығарыў ҳәмде аўыл хожалығы жөнелислеринде бирге ислесиў илажлары үйренип шығылды.

Хызмет сапары даўамында Аксу округиндеги ислеп шығарыў, санаат кәрханалары, аўыл хожалығы тараў менен танысып шығылды. Атап айтқанда, Аксу қаласыныӊ «Aksu Huafu Co., Ltd.», «Аксу Синьчэн» компанияларына, сондай-ақ, дыққатқа ылайық мәсканларына танысыў илажларына қатнасылды.

Хызмет сапары жуўмағында Қытай мәмлекетиндеги ири компания ҳәм исбилерменлер менен биргеликте  Нөкис районында әмелге асырылатуғын режелер келисип алынды. Келисимлер бойынша районға тез күнлерде аўыл хожалығы техникалары алып келиниўи режелестирилмекте.

Нөкис районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz