Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
8.79K subscribers
29.5K photos
2.6K videos
23 files
10.5K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграм боты:@aqmangitt_bot
сайт:https://gov.uz/oz/nokisrk

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығы орынбасары полковник Б.Оразбаев, Нөкис районы АЖБ баслығы подполковник А.Бекмуратовлар қатнасында социал обьектлердиң гүз-қыс мәўсимине таярлығы үйренип шығылды.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Бүгин, 2023-жыл 14-ноябрь күни Нөкис районы "Бақаншақлы" аўыл пуқаралар жыйынында 2-сектор басшысы, район прокуроры П.Халмуратов қатнасыўында тастыйықланған реже тийкарында нәўбеттеги көшпели халық қабыллаўы өткерилди.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

"Нукустумангаз" газ тәмийнаты бөлими тәрепинен "Тақыркөл" АПЖ, "Дийқанарна" МПЖ ҳәм "Қутанкөл" МПЖ аймақларында газ тармағында оӊлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы 2023-жыл 16-ноябрь күни саат 09:00 ден 18:00 ге шекемги аралықта тутыныўшыларға тәбийий газ жеткерип бериў ўақтынша тоқтатылатуғынлығын хабарлаймыз.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
📢 Диққат

⚡️Номзодлар таклифи амалда: тест синовига кириб, 56 балл тўплаган номзод 3 ой давомида қайси лавозим учун ариза топширса ҳам фақат суҳбат босқичида иштирок этади


Жорий йилнинг 1 декабридан бошлаб, танловларнинг тест синови босқичига ягона ўтиш балли белгиланади.

Бунда номзод томонидан 56 балл тўпланган тақдирда автоматик равишда унинг порталдаги шахсий кабинетига танловнинг суҳбат босқичига ўтганлиги ҳақидаги хабар келади.

Яна бир муҳим янгилик. Эндиликда номзодлар томонидан тест синови жараёнида 56 балл тўпланган тақдирда, улар 3 ой давомида танловларнинг тест синови босқичида иштирок этишлари шарт бўлмайди.

Яъни 1 декабрь куни тест синовига кириб, 56 балл тўплаган номзод 3 ой давомида шу балл билан бошқа вакант лавозимлар учун танловларда иштирок этиши мумкин.

Бунда номзод ҳужжатлари малака талабларига жавоб берган тақдирда автоматик суҳбат босқичига ўтганлиги юзасидан хабар олади.

◽️55 баллгача тўплаган номзод ўрнатилган тартибда тест синовида қатнашиши шарт бўлади.

Каналга уланиш — @argos_uz
Бүгин, 2023-жыл 15-ноябрь күни Нөкис районы Руўхый ағартыўшылық сарайында район ҳәкими З.Зайтов ҳәм сектор басшылары қатнасында мәжилис болып өтти.

Мәжилиске районлық мәжбурий орынлаў бюросы, салық инспекциясы, ҳәм мәҳәлле беслиги қатнасты.

Онда мүддети өтип кеткен салық қарыздарлығы ҳәм қаржылардың толық түсиўин қадағалаў бойынша штаб дүзилип, бул штабтыӊ басшысы район прокуроры есапланады.

Мәжилисте тийисли тараў қәнигелерине анық тапсырмалар берилип, қадағалаўға алынды.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
⚡️Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер, ҳәкимликлер менен биргеликте төмендеги вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәриялайды.

🔷 Қанлыкөл районы ҳәкимлиги:

▫️ Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша бас қәниге;

▫️Санлы экономиканы енгизиў бойынша жойбарлар менежери.

🔷 Шымбай районы ҳәкимлиги:

▫️Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша бас қәниге.

🔷 Әмиўдәрья районы ҳәкимлиги:

▫️ “Дурунки” МПЖда ҳәким жәрдемшиси.

🔷Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

▫️ Қоңырат районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Шоманай районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Беруний районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: 13-аймақ 1-участкада (“Бўстон” МПЖ, “Бунёдкор” МПЖ-I) комплекс социаллық хызмет көрсетиўши хызметкер.

🔷Мәденият министрлиги:

▫️Мойнақ районы мәденият бөлими директоры;

▫️Шымбай районы мәденият бөлими баслығы;

▫️Нөкис районы мәденият бөлими: Бөлим баслық.

❗️Aрзалар 19.11.2023-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша видеоқолланба.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

Нөкис районы гүз-қыс мәўсимин шығынсыз өткериў, халықты үзликсиз электр энергия, тәбийғый газ, ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, көп қабатлы турақ-жайлардағы авариялық жағдайларды оператив түрде сапластырыў ҳәм социаллық объектлерде халық ушын қолай шараятларды жаратыў мақсетинде Нөкис районы ҳәкимлигинде ШТАБ шөлкемлестирилди.

Ҳүрметли, пуқаралар!
Егер сизде усыған байланыслы сораўлар ҳәм мүрәжатларыңыз бар болса, штабтың үзликсиз түрде ислеп туратуғын

+ 61-424-42-52
+61-424-47-74
телефон номерине қоңыраў етсеңиз болады.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
Президент Шавкат Мирзиёев ҳудудлар иқтисодиёти, муҳим ижтимоий дастурлар ижроси билан танишиш мақсадида Сурхондарё вилоятига жўнаб кетди.

Президент Шавкат Мирзиёев в целях ознакомления с развитием экономики регионов, исполнением важных социальных программ отбыл в Сурхандарьинскую область.

#Mirziyoyev #safar #Surxondaryo

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
❗️ DIQQAT XABARLANDIRIW!

Bilimlendiriw tarawında alıp barılıp atırǵan reformalarǵa orınlardaǵı keń jámiyetshiliktiń múnásibetin úyreniw, fizikalıq hám yuridikalıq shaxslardıń múrájatların orınlarda sheshiw, mektepke shekemgi shólkemlerde hám ulıwma orta bilim beriw mekteplerinde toplanıp qalǵan mashqalalar, múrájatlar hám usınıslar, bilimlendiriw mákemeleriniń Maqsetli kórsetkishlerin belgilep alıw, Korrupciyaǵa qarsı gúresiw boyınsha úgit-násiyat jumıslarınıń ámelge asırılıwı hámde puqaralardıń múrájatlarına sheshim tabıw maqsetinde Qaraqalpaqstan Respublikası Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministri Kojabaeva Gulistan Talasbaevnanıń basshılıǵında 2023-jıldıń 18-noyabr kúni saat 15:00de Nókis rayonı Aqmanǵıt PPJ, 21-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebiniń májilisler zalında kóshpeli qabıllaw ótkeriledi.
Бүгин, Нөкис районы 1-сектор аймағына «Қырантаў» аўыл пуқаралар жыйыны Гулистан аўылы турғынларыныӊ мүрәжатларын тыӊлаў ушын көшпели қабыллаў өткерилди.

Қабыллаўға район ҳәкими З.Зайтов, Президент Халық қабыллаўханасы районлық бөлими баслығы Қ.Гулманов ҳәм мәкеме, кәрхана басшылары қатнасты.

Көшпели қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен ишимлик суў, электр энергия мәселелери ҳәм басқада турмыслық машқалалары тыңланды.

Қабыллаў даўамында айырым мәселелер сол орынның өзинде өз шешимин тапқан болса, шешилиўи ушын қосымша үйренилиў ҳәм ўақыт талап ететуғын мәселелер бойынша тараў қәнигелерине анық тапсырмалар берилди.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
#Кеңпейиллик_ҳәптелиги

Нөкис районы 15-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде райондағы улыўма орта билим бериў мектеплери оқыўшылары арасында “Мениң кеңпейил дүньям” темасындағы “Ең жақсы сүўрет” таңлаўы өткерилди.

Усы жылы 13-19-ноябрь күнлери районның барлық улыўма билим бериў мектеплери ҳәм кәсип-өнер мектеби оқыўшылары арасында өткерилип атырған “Кеңпейиллик ” фестивали шеңберинде өткерилип атырған “Ең жақсы сүўрет” таңлаўында оқыўшы жаслар елимиздеги миллетлераралық татыўлық, диний кеңпейиллик, тынышлық ҳәм пәраўанлықты сәўлелендириўши сүўрет сызылмалары менен белсене қатнасты.

Таңаў жуўмағы бойынша:

1-орынды 31-санлы мектеп оқыўшысы Жусипов Санжарбек;
2-орынды 14-санлы мектеп оқыўшысы Мадреймова Шахноза
3-орынды 10-санлы мектеп оқыўшысы Қурбанбаева Гулферузлар ийеледи.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz