Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
8.76K subscribers
29.7K photos
2.63K videos
25 files
10.5K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграм боты:@aqmangitt_bot
сайт:https://gov.uz/oz/nokisrk

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#видеоролик
#жасыл_мәкан

"Жасыл мәкан"жойбары әмелде

⚡️Нөкис районы ҳәкимлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппаратының Қарақалпақстан Республикасындағы секторы хызметкерлери тәрепинен район аймағындағы исбилерменлик субъектлери арасында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде терек нәллерин егиў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылды ҳәм жақсы нийетлер пенен нәллер отырғызылды.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
e-auksion.uz арқалы ашық аукцион ҳәм таӊлаўларда қатнасыӊ!
Қарақалпақстан Республикасы бойынша
саўдаға шығарылған мүлклер менен танысыӊ.
e-auksion.uz

🔹 76 мәмлекет активлери (қараңыз)
🔹 633 ижараға берилетуғын мәмлекет мүлклери (қараңыз)
🔹 237 көшпес мүлклер (қараңыз)
🔹 180 автотранспортлар (қараңыз)
🔹 1748 исбилерменлик ушын жер участкалары (қараңыз)
🔹 1052 жеке тәртипте уй-жай қурыў ушын жер участкалары (қараңыз)
🔹 221 жаслар санаат зоналары ушын жер участкалары (қараңыз)
🔹 125 киши санаат зоналары ушын жер участкалары (қараңыз)
🔹 47 еркин экономикалық зоналары ушын жер участкалары (қараңыз)
🔹 110 қазылмаларды қазыў ушын жерлер (қараңыз)
🔹 100 сыртқы рекламаны орнатыў ушын жерлер (қараңыз)
🔹 30 арнаўлы техникалар (қараңыз)
🔹 215 "O'zpaxtasanoat" AЖ мал-мүлклери (қараңыз)
🔹 4243 көшпели саўда орынлары (қараңыз)
🔹 345 "Ўзагрокимёҳимоя" АЖ мал-мүлклери (қараңыз)
🔹 10 микроорайлар (қараңыз)

👇Хабардар болыў ушын👇
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
⚡️Sociyallıq obektler úyrenildi

⚡️Ózbekstan Respublikası Ayrıqsha jaǵdaylar ministri orınbasarı polkovnik Sh.Djuraev hám Qaraqalpaqstan Respublikası Ayrıqsha jaǵdaylar basqarması baslıǵı podpolkovnik A.Davletov basshılıǵında Nókis rayonındaǵı bir qatar sociyallıq obektlerdiń gúz-qıs máwsimine tayarlıǵı úyrenildi.


Nókis rayonı hákimligi Málimleme xızmeti
https://t.iss.one/Aqmangituz
#Órt_qáwisizligi_aylıǵı

⚡️Ózbekstan Respublikası Ministrler Kabinetiniń tiyisli Protokolına tiykar, 2023-jıldıń 15 noyabr kúninen - 15 dekabr kúnine shekem mámleketimizde "ÓRT QÁWIPSIZLIGI AYLÍǴÍ" ótkeriledi.

⚡️Húrmetli puqaralar, órt qáwipsizligi qaǵıydalarına qatań túrde ámel etiń! "Órt qáwipsizligi aylıǵı"na belsene qatnasıń!

Nókis rayonı hákimligi Málimleme xızmeti
https://t.iss.one/Aqmangituz
Ҳүрметли электр энергиясы тутыныўшылары!
Нөкис районында жайласқан 110/35/10кВ «Тарлы» подстанциясында гүз-қыс мǝўсимине таярлық жумысларының өткерилиўине байланыслы 2023-жыл 15-ноябрь күни Нөкис районында «Саманбай АПЖ», «Арбашы АПЖ»,аймакларында 16-октябрь куни «Улгили макан МПЖ», «Саманбай АПЖ»,аймакларында азанғы саат 09:00 ден кешки саат 18:00 шекем электр энергиясы тǝмийнатында үзилислер болатуғынлығын мǝлимлеймиз.
«ҲЭТ» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы Нөкис районлык электр тамийнлеушиси
«Jasıl makan» akciyası sheńberinde Nókis rayonı qorǵanıw bólimi, Ɵzbekstan Respublikası Prezidentiniń 2022-jıl 2-mart kúngi 150-sanlı qararına tiykar Nokis rayonı XBB ne qaraslı 1 hám 21-sanlı mekteplerde dúzilgen "Watan tayanshı" otryad aǵzaları, Nókis rayonı «Insan» sociallıq xızmetler orayı, Nókis rayonı «Nuranıy» qorı hám Respublika Ruwxıylıq hám aǵartıw orayı Nókis rayonlıq bólimi menen birgelikte rayon aymaǵında jaylasqan ózgeler kútimine mútáj jalǵız jasawshı keseler jasap atırǵan sociallıq úy átirapında abadanlastırıw hám terek egiw jumısları alıp barıldı.

Nókis rayonı hákimligi Málimleme xızmeti
https://t.iss.one/Aqmangituz
Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов "Ақмаӊғыт" посёлкалық пуқаралар жыйыны турғыны, 2001-жыл туўылған 1-топар майыбы Н.Мырзаниязовтыӊ анасы тәрепинен баласына медициналық арнаўлы кроват кереклиги бойынша билдирген мүрәжаты унамлы шешилип, арнаўлы кровать алып берилди.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
Бүгин, 2023-жыл 14-ноябрь күни Нөкис районы "Бақаншақлы" аўыл пуқаралар жыйынында 2-сектор басшысы, район прокуроры П.Халмуратов қатнасыўында тастыйықланған реже тийкарында нәўбеттеги көшпели халық қабыллаўы өткерилди.

Қабыллаў даўамында пуқаралар өзлериниң мүрәжатлерин, пикир ҳәм усынысларын билдирди. Атап айтқанда, бәнтлик, медицина ҳәм материаллық жәрдем, жеӊиллетилген кредитке байланыслы мәселелер тыңланып, дерлик көпшилиги сол ўақыттың өзинде өз шешимин тапқан болса, айрымларының орынланыўы сектор басшылары тәрепинен айрықша қадағалаўға алынды.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz