Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
8.78K subscribers
29.5K photos
2.6K videos
23 files
10.5K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграм боты:@aqmangitt_bot
сайт:https://gov.uz/oz/nokisrk

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

Ҳүрметли исбилерменлер, егерде сиз өз исбилерменлик имканиятларыңызды кеңейтип, республика халқын мийўе, баў-бақша, палыз өнимлери менен тәмийинлеў ҳәм экспортқа шығарыўды қәлесеңиз, Нөкис районы ҳәкимлиги тәрепинен Сизге, гидропоникалық ҳәм заманагөй ыссыхана қурыў, соның менен бирге тамшылатып суўғарыў усылында интенсив бағларды жаратыў ушын жер майданларын ажыратып беретуғынлығын хабарлаймыз.

Байланыс ушын телефонлар (61) 424-45-54, 424-42-53

Каналға ағза болыў: 👉 https://t.iss.one/Aqmangituz
Бугунги видеоселектор йиғилиши аввалида Президент коронавирус билан касалланганлар сони охирги кунларда кўпайганини қайд этди.
Эпидемиологик вазият ёмонлашган ҳудудлар тоифасини қайта кўриб чиқиш, кунлик тест олишни кўпайтириш бўйича топшириқлар берилди.
Иқтисодиёт тармоқлари тиклангани натижасида май ойида тушумлар ва савдо ҳажми ошгани, карантин талабларига амал қилган ҳолда бу ишларни давом эттириш лозимлиги таъкидланди.

В начале сегодняшнего видеоселекторного совещания Президент отметил рост числа больных коронавирусом в последние дни.
Поручено пересмотреть категории территорий, эпидемиологическая ситуация в которых ухудшилась, расширить масштабы тестирования.
Отмечалось, что в результате восстановления экономики в мае вырос объем поступлений и торговли, указано на необходимость продолжения этой работы с соблюдением правил карантина.

#Mirziyoyev #videoselektor #pandemiya #iqtisodiyot

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Húrmetli Nókis rayon jasları!

Elimizdegi koronavirusqa qarsı karantin jaǵdayı bolıp atırǵanlıǵı sebepli, bárshe bilimlendiriw mákemelerinde oqıw processi waqtınshalıq toqtatılǵanlıǵınan xabarıńız bar. Solay eken, bos waqtıńızdı mazmunlı, qızıqlı ótkeriw ushın https://t.iss.one/QQ_koreys_tili telegram kanalı arqalı koreys🇰🇷 tilin (*baslanǵısh bilimlerinen baslap) sapalı úyrenbekshi bolģanlar ushın online sabaqlar ótkeriledi.

Maqsetimiz elimizdiń bilimlendiriw sistemasına úles qosıw. Ullı keleshegińiz búginnen baslanadı!
👇👇👇
https://t.iss.one/QQ_koreys_tili
Forwarded from Times.uz
⚡️(+9) — 2020 йил 26 май соат 23:00 ҳолатига кўра, Ўзбекистонда коронавирус инфекцияси қайд этилганлар сони 3290 нафарни ташкил этмоқда.

⚠️ Янги касалланиш ҳолатларининг 3 нафари — Карантин марказида, қолган 6 нафари — Самарқанд вилоятида карантинга олинган фуқаролар ичида аниқланган.

🔎 Соғайганлар — 2636 (+29).

💉 Даволанмоқда — 640 нафар.

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники
«Меҳир-саховат» кɵкирек белгисин енгизиў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң
Пәрманы


Дүнья кɵлеминде кеңнен тарқалып, глобал машқалаға айланған коронавирус пандемиясы дәўиринде, сондай-ақ, түрли тәбиий апатлар, айрықша жағдайлар себепли ел-журтымыз басына түскен сынаўлы күнлерде қәўип-қәатерлерге қарсы гүресиўде, олврдың ақыбетлерин сапластырыўда мәртлик ҳәм қаҳарманлықтың үлгисин кɵрсеткен, миллий қәдирият ҳәм дәстүрлеримизди мүнәсип даўам еттирип, мийрим-шәпәәт, сақаўат, жоқары инсаныйлық пазыйлетлерды кɵтермелеп киятырған, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға шын кеўилден жәрдем бериў бағдарындағы жумысларды улыўмахалықлық ҳәрекет дәрежесине кɵтериўге үлкен үлес қосқан, жәмийетимизде тынышлық-парахатшылық, бирлик ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеўде белсене қатнасып, еркин қәўендерлик жәрдеми ҳәм ийгиликли ислери менен кɵпшиликке айрықша ɵрнек болып атырған ўатанласларымызды сыйлықлаў мақсетинде:
1. «Меҳир-саховат» кɵкирек белгиси енгизилсин.
2. Тɵмендегилер:
«Меҳир-саховат» кɵкирек белгиси ҳаққындағы нызам 1-қосымшаға муўапық;
«Меҳир-саховат» кɵкирек белгисиниң түсиндирмеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
3. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте «Меҳир саховат» кɵкирек белгилери ҳәм олардың гүўалықларын белгиленген тәртипте таярланыўын тәмийинлесин.
4.Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы баслығы З.Ш.Низомиддиновқа жүклетилсин.

Өзбекистон Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 26-май
Нөкис районлық Санитария-Эпидемиологиялық тынышлық орайы тәрепинен райондағы мәкеме, кәрханаларды ҳәм автомашиналарды түрақлы түрде дезинфекция жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, мәкеме, кәрханаларда ислеўши хызметкерлердиң ҳәм автотранспорт айдаўшылардың температурасы тексерилмекте.

Каналға ағза болыў: 👉 https://t.iss.one/Aqmangituz
📣📣📣
Ҳүрметли Нөкис районы пуқаралары көшелерде, саўда орынларында "Карантин" қағыйдаларына қатаң түрде әмел етейик. Егерде "Карантин" қағыйдаларына әмел қылынбаған жағдайлары анықланса, тийисли уйымлар жарийма қолланылатуғынлығын ескертемиз!

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: 👉
https://t.iss.one/Aqmangituz
«САҚАЎАТ ҲӘМ КӨМЕК» УЛЫЎМАХАЛЫҚЛЫҚ ҲӘРЕКЕТИ ТӘРЕПИНЕН ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛҒАН ЖУМЫСЛАР ҲАҚҚЫНДА

«Сақаўат ҳәм көмек» улыўмахалықлық ҳәрекетин шөлкемлестириў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары бойынша районымызда кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж 451 шаңарақ есапқа алынды. Усы илаждың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде районымыздаға 643 шаңарақ 237 кәрханаға бириктирилип, оларды жумысқа орналастырыў ҳәм жәрдемлер көрсетиў нәзерде тутылған. Соннан бәнтлиги тәмийинленлеўге мүтәж 192 пуқара анықланды.
«Сақаўат ҳәм көмек» улыўмахалықлық ҳәрекети қоры есап бети (2021 2000 9023 4196 6002, МФО:00647, ИНН 202295917) Халық банки Ақмаңғыт филиалында ашылды. Бул қорға «Қарақалпақ электр тармақлары»АЖдан 100 млн, «Агробанк» Нөкис филиалы хызметкерлери 19 млн 632 мың сўм, «Мақсет баймақлы» фермер хожалығы 2 млн, «Эльянура Әдилбек», «Саратан таң», «Жақсыбай Генжебай», «Оразбаев Ж» фермер хожалықларының ҳәр бири 300 мың сўмнан өткерилип жәми 162 млн 275 мың 920 сўм қаржы келип түсти. Муўапықластырыў орайына усы күнге шекем Нөкис районында ҳәрекет етип турған исбилерменлер, фермерлер ҳәм ислеп шығарыўшы кәрханалары сондай-ақ, пидайы жанкүйер пуқаралар тәрепинен өз қәлеўлери менен қайырқомлық ретинде 845 литр өсимлик майы, 2 тонна 200 кг ун, 772 кг қумшекер, 1492 кг макарон, 300 кг мал гөши 1106 кг картошка, 550кг пыяз, 2 тонна гүриш, 1010 кг гешир, 250 кг басқа да азық-аўқат өнимлери жәми, 57 млн 935 мың сўмлық өнимлер келип түсти. Келип түскен азық-аўқат өнимлери, орайға бириктирилген кеўилли топар менен биргеликте дезинфекцияланған тәризде орайға мүрәжат еткен 234 шаңараққа, пуқаралар жыйынларының усынысы тийкарында 771 шаңараққа бөлистирилип берилди.
Пандемия дәўиринде районымыз аймағында дизимге алынған жәрдемге мүтәж 643 шаңараққа жәми 738 млн сўм берилди. Буннан басқада 6 хожалыққа қарамал, 31 қой-ешки, 98 хожалыққа ыссыхана ҳәм 20 дана артизан қудықлары ушын суў насозлары қурылып берилди, 49 түрдеги дәри-дармақлар тарқатылды. Сондай-ақ, Өзбекстан Мусылманлар басқармасы жанындағы «Вақф» қайырқомлық қоры тәрепинен азық-аўқат өнимлерине мүрәж болған 205 шаңараққа 50 кг 11 түрдеги азық-аўқат өнимлери ҳәм ҳәр бир шаңараққа 250 мың сўмнан жәми 90 млн сўмлық қайырқомлық жәрдемлери берилди.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: 👉 https://t.iss.one/Aqmangituz