Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
9.55K subscribers
27.5K photos
2.34K videos
21 files
9.71K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграмм боты: @aqmangitt_bot
Веб-сайт: nukusrk.uz

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
Дағаза📣📣📣

Ҳүрметли Нөкис районы турғынлары!

2020-жылдың 26-май күни ишимлик суў тармағында оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы азанғы саат 08:00 ден кешки саат 20:00 ге шекем ишимлик суў тәмийнаты ўақтынша үзилиске түседи.

Нөкис районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
«КЕРДЕР» АПЖ ФЕРМЕРЛЕРИНИҢ ТАТЫЎЛЫҒЫНА КӨЗ ТИЙМЕСИН

«Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекети шеңберинде Нөкис район ҳәкими О.Уснатдинов басшылығында «Кердер» АПЖ аймағында жасаўшы кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан шаңарақларға баспақлы қара мал ҳәм ылақлы ешкилер тапсырылды. Усындай сақаўат ҳәм жәрдем қолларын созып атырған райондағы «Нажим ала қураш» фермер хожалығы баспақлы қара мал, «Бекки Камал» фермер хожалығы ылақлы ешки ҳәм «Баймурат Ханзада» фермер хожалығы тәрепинен бир млн сўм бергенлиги мақтаўға ылайық.

Каналға ағза болыў: 👉 https://t.iss.one/Aqmangituz
Миссионерлик ва прозелитизм – маънавий хавфсизлигимизга тахдид

https://karakalpakstan.uz/uz/news/show/2106

Каналға ағза болыў: 👉 https://t.iss.one/Aqmangituz
Forwarded from Karakalpakstan.uz
ӨЗИҢИЗДИ ҲӘМ ӨЗГЕЛЕРДИ САҚЛАҢ!

2020-жыл 25-май саат 19:00 жағдайында Қарақалпақстан Республикасында коронавирусқа шалынған наўқаслардың улыўма саны 133 ти қурайды.
Улыўма емленип шыққанлар – 122 адам.
Ҳәзир емленип атырғанлар – 11 адам.

Солай етип,
Нөкис қаласынан – 1 адам (шегара бажыхана пост қәнигеси),
Төрткүл районынан – 1 адам,
Тахтакөпир районынан – 1 адам,
Басқа ўалаятлардан – 6 адам,
Басқа мәмлекеттен – 2 адам.

Ҳәзирги пайытта коронавирус инфекциясы менен кеселленген пуқаралар Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленбекте.
Эпидемиологиялық тексериў жумыслары даўам етпекте.
Қарақалпақстанда 13 жасар перзентин 15 000 долларға сатып атырған ҳаял қолға алынды

2020-жылдың 19-май күни 43 жаслы М.П Қарақалпақстан Республикасы Беруний районы ИИБне арза менен мүрәжат етти. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы ИИМ жанындағы Тергеў департаменти хабар бермекте.

Ол Тɵрткўл районында жасаўшы «Қундыз» атлы ҳаял нызамсыз түрде ɵз перзентин сатыў нийетинде жүргенин билдирген ҳәм оның усы арзасы менен сол күни саат 12:00 де Беруний районы ИИБ хызметкерлери тәрепинен ɵткерилген оператив илаж даўамында, Тɵрткүл районында жайласқан үлгили турақ-жайда ижарада жасап киятырған, 38 жаслы Қундыз К. ɵзиниң екинши перзенти, жас ɵспирим 13 жаслы Д.О ны пуқара С.Э ге 15.000 АҚШ долларға сатып атырған ўақтында қолға алынған.

Жүз берген жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 135-статьясы (адам саўдасы) менен жынаят иси ашылып, ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Дерек:Kun.uz
Каналға ағза болыў: 👉 https://t.iss.one/Aqmangituz
Майыплығы болған пуқараларға жоқары оқыў орынларына кириўде қандай жеңилликлер бар?

❗️Майыплығы болған пуқаралар ушын жоқары оқыў орынларына қабыл етиўдиң улыўма санынан қосымша рәўиште 2% лик квота ажыратылады.

📋 Кириў тестлеринде топлаў мүмкин болған ең жоқары балдың 30% (56,7 баллдан) кем болмаған балл топлаған майыплығы болған пуқаралар баллар избе-излигине қарап оқыўға қабыл етиледи.

☝️Бул жеңилликлер I ҳәм II топар майыплығы ҳаққындағы мағлыўматнамаға ийе пуқараларға бериледи.

Дерек: @xaliq_ushin
Каналға ағза болыў: 👉 https://t.iss.one/Aqmangituz
Forwarded from Times.uz
🇺🇳 Жаҳон соғлиқни сақлаш ташкилоти коронавирус беморлари камайиши кузатилаётган давлатларда COVID-19 эпидемияси қайталаниши хавфи ҳақида огоҳлантирди.

📢 "Дунё — ҳали ҳам коронавирус эпидемияси биринчи тўлқинининг ярмида. Коронавирусга чалинганлар сони камаяётган давлатлар карантин чекловларидан эрта воз кечишса, эпидемия қайталанишига дуч келишлари мумкин", — деди ЖССТнинг фавқулодда ҳолатлар бўлими раҳбари Майк Райан.

🧬 Шунингдек, ташкилот "Гидроксихлорокин" дори воситасини COVID-19 га қарши самарали препарат сифатида синовдан ўтказишни тўхтатиш тўғрисида эълон қилди.

Манба: Reuters

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники
ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

Ҳүрметли исбилерменлер, егерде сиз өз исбилерменлик имканиятларыңызды кеңейтип, республика халқын мийўе, баў-бақша, палыз өнимлери менен тәмийинлеў ҳәм экспортқа шығарыўды қәлесеңиз, Нөкис районы ҳәкимлиги тәрепинен Сизге, гидропоникалық ҳәм заманагөй ыссыхана қурыў, соның менен бирге тамшылатып суўғарыў усылында интенсив бағларды жаратыў ушын жер майданларын ажыратып беретуғынлығын хабарлаймыз.

Байланыс ушын телефонлар (61) 424-45-54, 424-42-53

Каналға ағза болыў: 👉 https://t.iss.one/Aqmangituz
Бугунги видеоселектор йиғилиши аввалида Президент коронавирус билан касалланганлар сони охирги кунларда кўпайганини қайд этди.
Эпидемиологик вазият ёмонлашган ҳудудлар тоифасини қайта кўриб чиқиш, кунлик тест олишни кўпайтириш бўйича топшириқлар берилди.
Иқтисодиёт тармоқлари тиклангани натижасида май ойида тушумлар ва савдо ҳажми ошгани, карантин талабларига амал қилган ҳолда бу ишларни давом эттириш лозимлиги таъкидланди.

В начале сегодняшнего видеоселекторного совещания Президент отметил рост числа больных коронавирусом в последние дни.
Поручено пересмотреть категории территорий, эпидемиологическая ситуация в которых ухудшилась, расширить масштабы тестирования.
Отмечалось, что в результате восстановления экономики в мае вырос объем поступлений и торговли, указано на необходимость продолжения этой работы с соблюдением правил карантина.

#Mirziyoyev #videoselektor #pandemiya #iqtisodiyot

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter