Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
9.69K subscribers
27.4K photos
2.34K videos
21 files
9.67K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграмм боты: @aqmangitt_bot
Веб-сайт: nukusrk.uz

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
Нөкис районы ҳәкимлигинде "исбилерменлерди нызам тийкарында қорғаў" атамасында баспасөз конференциясы болып өтти. Оған район ҳәкими О.Уснатдинов, ғалаба хабар қура ўәкиллери ҳәм исбилерменлер қатнасты.

Сондай-ақ, Нөкис районлық Кеңесиниң депутатлары, секретариат хызметкелери ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықларының билимин арттырыўға бағышланған “Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жолланған Мүрәжатнамасының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳәмде ондағы белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда ўәкилликли уйымлардың роли” атамасында ушырасыў болып өтти.


Толық мағлыўмат

Нөкис районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
Рәсмий мүнәсибет

2023-жыл 27-январь күни социаллық тармақларда мектепке шекемги билимлендириў шөлкемниӊ басшысы өз автомашинасын хызметкерине жуўдырып атыр деген мазмундағы видео көринистиӊ тарқалғанлығы мәлим болды.

Бул бойынша Нөкис районы ҳәкимлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниӊ мәлимлеме хызмети тәрепинен биргеликте үйрениў жумыслары алып барылды.

Толық мағлыўмат

Нөкис районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
ДАҒАЗА

Туқымлық баў-бақша, палыз, майлы, собықлы ҳәм басқа егинлер туқымгершилиши менен шуғылланыўшы суъбектлери баслықлары дыққатына!

2023-жылдың 6-февраль күнине шекем Нөкис районы аўыл хожалығы бөлими имәратында 2023-жыл өниминен баў-бақша, палыз, майлы, собықлы ҳәм басқа егинлер туқымгершилиши менен шуғылланыўшы суъбектлер арасында тендер таңлаўы болып өтеди.

Таңлаўда қатнасыў усынысын билдиген фермер хожалықлары баслықлары төмендеги ҳүжжетлер топламын 2 нусқада районлық аўыл хожалығы бөлиминде дүзилген таңлаў комиссиясына усы жылдың 6-февраль күнине шекем усыныс етиў соралады.

Район комиссиясына усынылатуғын ҳүжжетлер.
1.Фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханасы атынан тилхат.
2.Фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханасы, оның баслығы ҳәм жумысшы хызметкерлер ҳаққында мағлыўмат
3.Нөкис районы Ирригация бөлими мағлыўматнамасы
4.Нөкис районы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги бөлими тәрепинен берилген мағлыўматнамасы
5.Фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханасы баслығы қәнигелиги ҳәм аўыл хожалығы саласындағы жумыс стажын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер (диплом нусқасы, мийнет дәптершеси)
6.Район техназор инспекциясы тәрепинен берилген мағлыўмат ҳәмде техпаспорт нусқасы

Қосымша мағлыўматлар: (61) 424-42-53, (99)453-34-41

Нөкис районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
Ўзбекистон Президенти Шавкат Мирзиёевнинг Қирғизистонга давлат ташрифи доирасида ўтказилган музокаралар якунида ҳужжатларни имзолаш ва алмашиш маросими бўлиб ўтди.

По итогам переговоров в рамках государственного визита Президента Узбекистана Шавката Мирзиёева в Кыргызстан состоялась церемония подписания и обмена документами.

#Mirziyoyev #tashrif #Qirgiziston #hujjatlar

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🔴 2023-jıl 1-yanvardan baslap mámleketlik mektepke shekemgi bilimlendiriw shólkemleri ushın tólem muģdarları haqqında maģlıwmat.

Qaraqalpaqstan Respublikası Mektepke shekemgi bilimlendiriw ministrligi Málimleme xızmeti

Kanalǵa aǵza bolıń 👉https://t.iss.one/Aqmangituz
Нөкис районында Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында районды раўажландырыў бағдарында алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды

Онда айырым тараўларда жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў, пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў, халықтың жасаў шараятын жақсылаў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў сыяқлы әҳмийетли мәселелер сөз етилди.

Айтып өтиў орынлы, өткен жылы район белсендилери ҳәм тийисли басшылар қатнасыўында өткерилген мәжилисте мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында орынланыўын тәмийинлемегенлиги ушын айырым лаўазымлы шахсларға қатаң жаза шаралары қолланылған еди.

Өткерилге мәжилис даўамында өз жумысларын атқарыўда бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойғанлығы ҳәм ўазыйпасына немқурайдылық пенен қарағанлығы ушын мәҳәллебай ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы баслығына интизамый жаза шарасы қолланылды.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter