Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
9.59K subscribers
28.3K photos
2.47K videos
22 files
10.1K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграмм боты: @aqmangitt_bot
Веб-сайт: nukusrk.uz

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
Президент Шавкат Мирзиёев раислигида аҳоли бандлигини таъминлаш ва иқтисодиёт тармоқларини тиклаш бўйича видеоселектор йиғилиши ўтказилди.
Фарғона ва Қашқадарё вилоятлари таҳлили асосида карантин чекловларини босқичма-босқич юмшатиш юзасидан таклифлар киритиш, қурилишларни жадаллаштириш, қишлоқ хўжалиги маҳсулотлари етиштириш бўйича кўрсатмалар берилди.

Под председательством Президента Шавката Мирзиёева состоялось видеоселекторное совещание по вопросам обеспечения занятости населения и возобновления деятельности отраслей экономики.
На основе анализа ситуации в Ферганской и Кашкадарьинской областях даны указания по внесению предложений для поэтапного смягчения карантинных ограничений, ускорению строительных работ, заготовке сельхозпродукции.

#Mirziyoyev #videoselektor #iqtisodiyot #bandlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Қарақалпақстан Республикасында коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқаслар саны 82 ге жетти.
Санитария-эпидемиология хызмети қәнигелери хошаметленеди!

«Коронавирус пандемияси дәўиринде санитария-эпидемиология хызмети қәнигелерин буннан былай да хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-4695-санлы, 24.04.2020 й.) қабыл етилди.

Қарарға муўапық, Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги ҳәм оның аймақлық бɵлимлериндеги медициналық хызметкерлердиң:
Лаўазым мийнет ҳақына мийнеттиң денсаўлық ушын қәўиплилиги ҳәм аўыр шараятлары ушын белгиленетуғын қосымша тɵлемлер муғдары тийислилигинше 15 проценттен 50 процентке ҳәмде 40 проценттен 75 процентке кɵбейтиледи;
Мийнетке ҳақы тɵлеў разрядлары бойынша тариф коэффициенти 5 процентке кɵбейтилген ҳалда қолланылады.
Бул материаллық хошаметлеў илажлары 2020-жылдың 16-март сәнесинен баслап, республикада коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў илажлары рәсмий түрде тоқтатылатуғын айға шекем әмел етеди.
Сондай-ақ, коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў илажларына тартылған дәўирде Агентлик ҳәм оның аймақлық бɵлимлериниң медициналық хызметкерлери ушын айлық лаўазым мийнет ҳақысына салыстырғанда 6 процент муғдарында күнлик қосымша тɵлем, сондай-ақ, нызамшылықда нәзерде тутылған басқа үстемелерди алыў ҳуқықы сақланып қалады.
Қарарға муўапық, Агентликтиң орайлық аппаратында Материаллық-техникалық базасын раўажландырыў ҳәм инвестицияларды қаратыў басқармасы шɵлкемлестирилди.
Қарар менен Бас мәмлекетлик санитария шыпакерлерине карантин дәўиринде, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес медициналық мәкемелердиң медициналық ҳәм басқа да хызметкерлерин тартқан ҳалда эпидемияға қарсы ўақтыншалық отрядларды шɵлкемлестириў ҳуқықы берилди.
Карантин дәўиринде ўақтыншалық отрядлардың қурамына тартылған мәмлекетлик медициналық мәкемелер хызметкерлериниң тийкарғы жумыс орнындағы мийнетке ҳақы тɵлеў тәртиби, шәртлери ҳәм муғдары сақланып қалады.
Дерек: https://t.iss.one/huquqiyaxborot

Каналымызға ағза болың: https://t.iss.one/Aqmangituz
Нөкис районында 54 жастыӊ бәнтлиги тәмийинленди
Нөкис район ҳәкиминиӊ усы жылы 18-март күни 226\3-санлы қарары менен “Муйноқ келажаги бунёдкорлари” ЖШЖине 500,8 гектар жер ажыратылып берилди. Бундағы тийкарғы мақсет жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў болып есапланады. Бүгинги күнде аўыл хожалығы тараўы менен шуғылланыў ушын жер сорап мүрәжат еткен 54 жасқа район ҳәкимлиги заҳира жер фондынан жер майданлары ажыратылып берилди. Турақлы түрде жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде техникалар менен де тәмийинленип келинбекте.
Ҳәзирги ўақытта 80 гектар жер майданына жоңышқа егилди ҳәм 60 гектар майданға мәкке егиў жумыслары алып барылмақта.

Каналымызға ағза болың: https://t.iss.one/Aqmangituz
2020-жыл Рамазан айы ушын питир садақасы ҳәм фидя муғдары белгиленди

Өзбекстан мусылманлары басқармасының Пәтўа комиссиясы 2020-жылғы питир садақасы ҳәм фидя муғдарын белгиледи, деп жазбақта Paziylet.uz сайты.

Оған муўапық:

- питир садақасының ең аз муғдары бир жан ушын 8 мың сум;

- фидя 20 мың сумды қурайды.

Дерек:@kknews_uz

Каналымызға ағза болың: https://t.iss.one/Aqmangituz
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Байрам Айтмуратов: Бул дүньяның көрки - адам баласы
(Ямаса карантиндеги ойлар)

Бүгин пүткил дүнья мәмлекетлери коронавирус инфекциясына қарсы бар күш-қүдирети менен гүрес алып бармақта. Ҳеш бирине аңсат болып атырған жоқ. Айырым мәмлекетлер вирусты жүўенлеп, оның тарқалыўының кемейиўине ерисип атырған болса, базы биреўлеринде бул кеселликти қадағалап болмайтуғын дәрежеге жеткениниң, наўқаслар саны да, қайтыс болып атырғанлар саны да өсип баратырғанлығын көрип, гүўасы болып атырмыз.

Толық оқыў ушын: https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2038


👉 Телеграм каналымызға ағза болыў - https://t.iss.one/QResMinistrlerKenesi
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлеме хызметинен жаңа мағлыўмат

Коронавирус инфекциясынан тәўир болғанлар саны көбеймекте!

Медицина хызметкерлери дүнья бойлап коронавирус пандемиясына қарсы мәртлик пенен гүресип атырғанлығына ҳәммемиз гүўа болмақтамыз. Елимизде де коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў бойынша қыстаўлы ҳәм қатаң илажлар көрилмекте. Усы процесте, әсиресе, медицина хызметкерлериниң пидайылығы алғысқа ылайық.
Бүгин 25.04.2020 сәнесинде коронавирус инфекциясына шалынған наўқаслардан және 10 адам пүткиллей саўалып, олар ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери қатнасында реабилитацияға шығарып салынды. Кеселликтен тәўир болған пуқаралар шыпакерлерге айрықша миннетдаршылық билдирди.
Соны атап өтиў керек, ҚР жуқпалы кеселликлер емлеўханасында пидайы шыпакерлеримиз тәрепинен күни-түни медициналық қадағалаўға алынған ҳалда, халықаралық стандартлар тийкарында тийисли емлеў усыллары алып барылғаны усы наўқаслардың толық саўалыўын тәмийинледи.

Еслетип өтемиз, республикамызда усы ўақытқа дейин бул кеселликтен тәўир болғанлар саны 29 ға жетти.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлеме хызмети @qrdssm
Бухара ҳәм Ферғанада биреўден, Хорезмде 3 қарақалпақстанлы пуқара коронавирустан саўалды

Бүгин, 25-апрель күни Бухара ўәлаятында Россия ҳәм Түркиядан чартер рейслеринде келген 32 наўқас коронавирустан толық саўалды. Олар арасында 1 қарақалпақстанлы пуқара бар.

Сондай-ақ, Ферғанада арнаўлы чартер рейслеринде келип, инфекция анықланғанлардан 22 наўқас та кеселликтен пүткиллей саўалды. Олардың биреўи Қарақалпақстан Республикасынан.

Хорезм ўәлаятында да вирустан емленген 16 адам арасында 3 қарақалпақстанлы пуқара бар екенлиги мәлим етилди. Олар Россиядан чартер рейси арқалы келген, деп хабар бермекте ӨзР ДСМ.

Саўалғанлар реабилитациялық орайларға жиберилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги @kknews_uz
2020-жыл16-апрель күни 10:30лар шамасында пуқара А.А ҳәм Ш.Шлар Нөкис район «Арбашы» аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан “Батыр” фермер хожалығы жер майданларында шалы егиў ушын жер таярлаў мақсетинде атыздағы ески шалы сабанларын жаққан. Бул пуқаралар өз жумысына немқурайлық пенен караў нәтийжесинде Нөкис мәмлекетлик тоғай хожалығы ҳәм мәмлекетилик заҳира жерлерине, «Арбашы» АПЖ аймағынан өтиўши Бозатаў каналыныӊ шеп тәрепиндеги мәмлекетлик заҳира жерлериндеги 14733 дана ҳәм де суў қорғаў зонасындағы 2331 дана ҳәр түрли тереклер набыт болды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ 20.10.2014 жылдағы «Биологик ресурслардан пайдаланыўды тәртипке салыў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўына рухсат бериў тәртип қағыйдаларынан өтиў тәртиби ҳаққында»ғы 290-санлы қарары қағыйдаларына муўапық есапланғанда мәмлекет заҳира жерлери ҳәм суў қорғаў зонасындағы жәми 4.077.911.800 (төрт миллиард жетпис жети миллион тоғыз жүз он бир мыӊ сегиз жүз) сўмлық жүдә көп мүғдардағы зыян жеткизгенлиги анықланды.

Усы жағдай бойынша Нөкис район прокуратурасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы ЖКниӊ 198-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылды.
Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналымызға ағза болың: https://t.iss.one/Aqmangituz