Бүгин, Нөкис районы «Қырантаў» АПЖ аймағындағы 30-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси депутаты Д.Утамбетов, Қарақалпақстан Репсубликасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри орынбасары Т.Абдижаббаров ҳәм Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутатлари Ж.Тажимуратов, Ж.Бекбергеновалар аўыл нураныйлары менен ушырасты.
Ушырасыўда 3-9-октябрь күнлери аралығы кекселер ҳәптелиги деп белгилениўи мүнәсибети өткерилген илажлар ҳәм елимизде нураныйларға жаратылып атырған имканиятлар менен таныстырып өтти.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси депутаты Д.Утамбетов, Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутатлари Ж.Тажимуратов, Ж.Бекбергеновалар сайлаўшыларына 9 ай даўамында әмелге асырған жумыслары бойынша есабат берди.
| facebook| telegram| youtube| instagram|twitter

Қазақстан Республикасында болып атырған спорттың Самбо гүреси бойынша Азия кубогининде Хамраев Асен 79-кг 3-орын, Зайтов Захриддин +98 кг 2-орын, Жолдасбаева Патпа 54-кг 3-орын ҳәм спорттың жаўынгер самбоданда Жолдасбаева Патпа 3-орынды ийеледи.
Таярлаған тренерлери
Юсупов Сансызбай
Рейимбаев Султанбек
Досбергенов Байрам
| facebook| telegram| youtube| instagram|twitter
Таярлаған тренерлери
Юсупов Сансызбай
Рейимбаев Султанбек
Досбергенов Байрам
| facebook| telegram| youtube| instagram|twitter
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти
Азанғы саат 10:00 де басланған жеке қабыллаў кешки саат 19:00 ге шекем даўам етти.
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Ҳүрметли нураныйлар, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар!
Хабарыңыз бар, сентябрь айының дәслепки күнлеринен баслап, республикамыздың барлық районлары сыяқлы Нөкис районында да пахта терим мапазы баслап жиберилди.
Мийнеткеш халқымыздың, жанкүйер теримшилермиздиң пидайы мийнетлериниң арқасында бүгин ақ алтыннан бәлент қырман жаратылмақта.
Деген менен, фермер хожалықларының пахта атызларында еле пахта көп. Ҳаўа райының ашық-жарық, жыллы күнлеринен утымлы пайдаланып, оны жыйнап-терип алыў болса ҳәр бир Нөкис районшылардың үлкен жуўапкершиликти талап етпекте.
Сонлықтан, нураный аға апаларымызды, ҳаял-қызларымызды ҳәм жасларымызды усы терим мапазында жыйын терим ислерине шақырамыз❗
Теримшилер ушын транспорт қатнаўы, ыссы аўқат пенен тәмийинлеў жолға қойылған болып, терим пуллары 1800 сўмнан өз ўақтында төлеп берилмекте.