Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
9.96K subscribers
27.8K photos
2.38K videos
22 files
9.84K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграмм боты: @aqmangitt_bot
Веб-сайт: nukusrk.uz

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
Бүгин, Нөкис районы ҳәкимлиги мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси, Әдиллик министрлиги, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги, Бирлескен миллетлер шөлкеми Раўажланыў бағдарламасының “Өзбекстанның шетки аймақларында мәмлекетлик хызметлерин раўажландырыў ҳәм басқарыў дәрежесин асырыў” қоспа жойбары шеңберинде өткерилген “Халық депутатлары жергиликли Кеңеслери жумыс барысының функционал анализи”ниң дәслепки нәтийжелерине арналған семинар мәжилиси болып өтти

https://nukusrk.uz/?p=6658

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Búgin, Nókis rayonı «Taqırkól» awıl puqaralar jıyını aymaq turǵınları hám jaslardıń mashkalaların sheshiw maqsetinde qabıllaw bolıp ótti.

Oǵan Nókis rayonı hákiminiń jaslar siyasatı, sociallıq rawajlanıw hám ruwxıylıq-aǵartıwshılıq máseleleri boyınsha orınbasarı P.Maxsetbaev, Xalıq qabıllawxanası hám tiyisli mákeme basshıları qatnastı.

Ushırasıw ashıq sáwbet tárizinde ótkerilip, bunda puqaralardıń turmıslıq mashqalaları hám jaslardıń bántligin támiyinlew, kredit, isbilermenlik obekti ushın jer maydanın ajıratıw máseleleri boyınsha óz usınısların bildirdi.

Qabıllawda kelip túsken múrájatlardıń sheshimi boyınsha tez arada kanalımızda maǵlıwmat beremiz.

https://t.iss.one/Aqmangituz
Инвестициялар ва ташқи савдо вазирлиги ҳамда Стратегик ривожланиш агентлиги фаолияти муҳокамаси юзасидан йиғилиш ўтказилди.
Жорий йилда 9 миллиард 500 миллион доллардан зиёд тўғридан-тўғри хорижий сармояларни ўзлаштириш, экспорт ҳажмини 14 миллиард долларга етказиш ҳисоб-китоб қилинган.
Давлатимиз раҳбари ҳар бир инвестиция лойиҳасини доимий назоратга олиб, ташаббускорларга кўмаклашиш ва ўз вақтида ишга тушириш бўйича топшириқлар берди.

Состоялось совещание по вопросам деятельности Министерства инвестиций и внешней торговли и Агентства стратегического развития.
В нынешнем году предусматриваются привлечение более 9 миллиардов 500 миллионов долларов прямых иностранных инвестиций и доведение объема экспорта до 14 миллиардов долларов.
Глава государства дал поручения по установлению постоянного контроля за каждым инвестиционным проектом, содействию их инициаторам и своевременному запуску.

#Mirziyoyev #yigilish #investitsiya #strategikrivojlanish

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Бүгин, Нөкис районында «14-январь - Ўатан қорғаўшылары күни» ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 30 жыл толыўы мүнәсибети менен илажлар болып өтти.

Еӊ дәслеп, Нөкис районы орайында жайласқан «Ҳәсиретли ана» естелигине район ҳәкимлиги, 71181-санлы әскерий бөлими ҳәм район белсендилери тәрепинен гүл шеӊберлери қойыў менен басланды.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
Нөкис районы 15-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде байрам илажи өткерилип, онда сөзге шыққанлар Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында, елимиздиң қорғаныў потенциалын күшейтиў, Қураллы Күшлерди беккемлеў, әскерий хызметкерлерди материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша көп жумыслар әмелге асырылмақта. Әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери мәмлекетимиздиң ғәрезсизлигин беккемлеў, оның қорғаныў қүдиретин ҳәм әскерий-техникалық потенциалын жоқарылатыў, мәмлекеттиң қәўипсизлигин ҳәм шегараларымыздың қол қатылмаслығын тәмийинлеўде аянбай хызмет етип атырғанлығын атап өтти.

Сондай-ақ, 71181-санлы әскерий бөлими, қорғаниў ислери бөлими улыўма орта билим бериў мектеплериндеги жасларды шақырыққа шекемги таярлық пән муғаллимлери өзлериниӊ белсендилигин көрсетип киятырған офицер ҳәм сержантларға естелик саўғалари тапсырылды.

Илаж районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

https://t.iss.one/Aqmangituz