Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
10K subscribers
27.9K photos
2.4K videos
22 files
9.9K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграмм боты: @aqmangitt_bot
Веб-сайт: nukusrk.uz

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
3-декабрь – Халықаралық майыплар күни мүнәсибети менен Нөкис районы Санитария-эпидемилогиялық тынышлық ҳәм жамийет саламатлығы бөлими тәрепинен район аймағында жасаўшы бир қатар майыплылығы болған пуқаралардыӊ ҳалынан хабар алынды.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
3-декабрь – Халықаралық майыплар күни мүнәсибети менен "Ҳәр бир жасқа итибар" акциясы өткерилди. Акция шеңберинде үй шараятинда жеке тәртипте билим алып атирған оқыўшы Муратбаев Жасурбектиң ҳалинан хабар алынди ҳәм байрам саўғалары тапсырылды.
Ҳеш ким мехир-итибардан шетте қалмаўы тийис!

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
#ашық_сәўбетлесиў

Бүгин, 2021-жылы 3-декабрь күни Нөкис районы аймағындағы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде басланғыш шөлкем жаслар жетекшилери менен ашық сәўбетлесиў өткерилди.

Оған Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети басшысы А.Пахратдинов, Нөкис районы Жаслар аўқамы районлық Кеңесиниң баслығы А.Моятдинов, районлық билимлендириў бөлими баслығы орынбасары К.Сәрсенбаев ҳәм 31 мектептиӊ басланғыш шөлкем жетекшилери қатнасты.

Сәўбетлесиўде районымыздыӊ жаслары бойынша жетекшилердиӊ усыныс ҳәм пикирлери тыӊланды.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
Tiykarģı pànler olimpiadasınıń Qaraqalpaqstan Respublikası basqıshında Nòkis rayonı XBB ne qaraslı 21-sanlı mekteptiń 9-klass oqıwshısı Qranbaeva Quralay ximiya pàninen sıylı I orındı iyelegenı ushın Òzbekstan Respublikasi Ministrler Kabinetiniń 2021-jılı 9-sentyabrdegi 562-sanlı Qararına tiykarlanıp Òzbekstan Respublikasi Xalıq bilimlendiriw ministrligi tàrepinen 1 620000 suwmlıq aqshalay sıylıq hàm Qaraqalpaqstan Respublikasi Xalıq bilimlendiriw ministriniń "Hùrmet jarlıģı" menen sıylıqlandı.

https://t.iss.one/Aqmangituz
#Онлайн

Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ киши мәжилислер залында райондағы тийисли барлық мәкеме, кәрхана басшыларына Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 23-ноябрьдеги ПҚ-20-санлы ҳәмде Министрлер Кабинетиниӊ 2021-жыл 24-ноябрьдеги 709-санлы қарарларыныӊ мазмун-әҳмийети түсиндирилип берилмекте.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Мамбеткадиров, Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы У.Жалелов ҳәм район ҳәкими О.Уснатдиновлар оқыў семинарда түсиндириў жумысларын алып бармақта.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
#медиа_тур

Бүгин 2021-жыл 4-декабрь күни “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы” мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў, соның ишинде жасларды исбилерменликке қызықтырыў, жасларды кәсипке бағдарлаў мақсетинде Нөкис районы ҳәкимлиги ҳәм Нөкис районы Жаслар аўқамы районлық Кеңеси тәрепинен медиа тур шөлкемлестирилди.

Медиа турға Өзбекстан Жаслар аўқамы сәрдарлар Кеӊеси ҳәм мектеп сәрдарлары қатнасты.

Еӊ дәслеп, районымыз аймағындағы «GANESHA» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиндеги Австрия мәмлекетинен алып келинген “Симментал” нәсилли қара маллардыӊ бағылыўы, ол жердеги жумыс барысы менен танысты. Оннан соӊ «ZAYDA SHAXZADA SHAXNOZA» тигиўшилик кәрханасы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz