Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
8.9K subscribers
29K photos
2.54K videos
22 files
10.3K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграмм боты: @aqmangitt_bot
Веб-сайт: nukusrk.uz

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
#Кеңпейиллик_ҳәптелиги

Нөкис районында “16-ноябрь-Халықаралық кеңпейиллик күни” мүнәсибети менен “Кеңпейиллик ҳәптелиги” өткерилмекте. Усы илаж шеңберинде районлық улыўма орта билим бериў мектеплери оқыўшы жаслары арасында “Мениң кеңпейил дүньям” атамасында “Ең жақсы сүўрет” таңлаўының районлық басқышы өткерилди. Таңлаў шеңберинде жасларды “Миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик” руўхында тәрбиялаў бойынша “Кеңпейиллик” руўхый-ағартыўшылық жумыслары алып барылып, таңлаў қатнасыўшылары өзлериниң дөретиўшилик сүўретлеў өнерлери менен белсене қатнасты.

“Кеңпейиллик ҳәптелиги” шеңберинде шөлкемлестирилип атырған бул илажлар халықтың, әсиресе жас әўладты түрли миллет ўәкиллериниң тили, мәденияты, үрп-әдет ҳәм салт дәстүрлерин сақлаў ҳәм раўажландырыўға, мәмлекетимиздиң раўажланыўына өз үлесин қосыўға, жәмийетте миллетлераралық дослық, татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти еле де беккемлеўге хызмет етеди.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
BMSh Balalar fondı(UNICEF)nıń regionallıq direktorı Afshon Xon búgin Qaraqalpaqstan Respublikasında saparda boldı

👉https://karakalpakstan.uz/qq/news/show/3480

Kanalǵa aǵza bolıw: @QResMinistrlerKenesi
#Ашық_сәўбет
Бүгин, 2021-жыл 19-ноябрь күни Нөкис районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети тәрепинен район ҳәкимлигиниӊ үлкен мәжилислер залында Исбилерменликти раўажландырыў, туўрыдан-туўры шет ел инвестицияларды алып келиў бойынша ашық сәўбетлесиў өткерилди.

Оған район ҳәкиминиӊ орынбасарлары, исбилерменлер ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
#Онлайн

Нөкис районы ҳәкими тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахсларды қабыллаў күни ҳәр ҳәптениӊ жума күни деп белгиленген. Бүгин 2021-жыл 19-ноябрь күни район ҳәкими О.Уснатдинов тәрепинен пуқаралардыӊ мүрәжатларын тыӊламақта.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
Нөкис районы 2-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде усы жылдыӊ ис-режесине тийкар, «Зүрәәт байрамы» өткерилди.

Оған шөлкем хызметкерлери, тәрбияланыўшылар ҳәм ата-аналар қатнасты. Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде, ҳәр жылы өткериў дәстүрге айланған. Бунда тийкарғы мақсет балалардың ой-өрисин раўажландырып, тәбиятқа, мийнетке болған ықласын арттырыўдан ибарат.

Байрамда бақша тәрбияланыўшылары, гүз ҳәм оның жемислери ҳаққында қосық, тақмақларын айтып, аяқ ойынлар атқарды.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz