Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
9.59K subscribers
28.3K photos
2.47K videos
22 files
10.1K links
Нөкис районы ҳәкимлигиниң рәсмий телеграм каналы Телеграмм боты: @aqmangitt_bot
Веб-сайт: nukusrk.uz

instagram:https://www.instagram.com/press_nokis/
facebook: https://www.facebook.com/press.nokis?mib
Download Telegram
Нураныйлар айлығы даӯамында кексе нураныйлар "Әҳмийетли 40 күн" акциясына белсенди қатнаспақта. Район орайындағы "Мәҳәлле бағы"нда нәл егип, жасларға үлги көрсетпекте.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
#Сиз_билесизбе

Айдаўшылардың транспорт қураллары менен пиядалар жолларынан жүриўи, жолаўшыларға ылай шашыратыўы БЕМның екиден бир бөлеги муғдарында (135 мың сўм) жәрийма салыўға себеп болады.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
ХОШ ХАБАР!

Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районы "Ақмаңғыт" Футбол клубы ҳәзирде Бухара ўалаятында өткерилип атырған "АЙМАҚЛИҚ КУБОК ИЙЕЛЕРИ КУБОГИ" Бухара 2021 де қатнасып келмекте. Жерлеслеримиз Ақмаңғыт клубы кеше өз группасында шешиўши финалга тең ойында, Гурумсай клубына ойын орталарында киши 0: 1 есабында жеңилип, ойын соңында өзине жараса әжайып "comeback" әмелге асырип өз группасында 2-орын менен кейинги басқышқа жол алды.

Бүгин жерлеслеримиз "Ақмаңғыт" клубы "Бинокор" клубы мийманы болып биринши бөлимде 2:0 есабында жеңилип, екинши бөлимде есапты 2: 2 ге жеткерди ҳәм пеналтилер сериясында 5: 6 есабында жеңиске ерисип, ярым финал жолламасын қолға киргизди. Нөкис район ҳәкимлиги атынан спортшыларымызды қутлықлаймыз ҳәм кейинги ойынларда әўмет тилеп қаламыз🔥🔥🔥

Каналға ағза болыў
https://t.iss.one/Aqmangituz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
18 noyabr – O‘zbekiston Respublikasining Davlat bayrog‘i qabul qilingan kun
#18nov #uzbekiston24

mtrk.uz | Youtube | Facebook | Telegram | uztv.tv
Бүгин, Нөкис районы аўыл хожалығы бөлими, фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Kеңеси ҳәм суўдан пайдаланыўшылар бирлеспесиниӊ хызметкерлери менен биргеликте "Төк таў" мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан 2 гектар майданға "Әҳмийети 40 күн" акциясы шеӊберинде мийўели нәл егиў жумысларын алып бармақта.

Бул жерге бүгинниӊ өзинде 500 түптен зыят мийели нәл отырғызылды.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
#Кеңпейиллик_ҳәптелиги

Нөкис районында “16-ноябрь-Халықаралық кеңпейиллик күни” мүнәсибети менен “Кеңпейиллик ҳәптелиги” өткерилмекте. Усы илаж шеңберинде районлық улыўма орта билим бериў мектеплери оқыўшы жаслары арасында “Мениң кеңпейил дүньям” атамасында “Ең жақсы сүўрет” таңлаўының районлық басқышы өткерилди. Таңлаў шеңберинде жасларды “Миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик” руўхында тәрбиялаў бойынша “Кеңпейиллик” руўхый-ағартыўшылық жумыслары алып барылып, таңлаў қатнасыўшылары өзлериниң дөретиўшилик сүўретлеў өнерлери менен белсене қатнасты.

“Кеңпейиллик ҳәптелиги” шеңберинде шөлкемлестирилип атырған бул илажлар халықтың, әсиресе жас әўладты түрли миллет ўәкиллериниң тили, мәденияты, үрп-әдет ҳәм салт дәстүрлерин сақлаў ҳәм раўажландырыўға, мәмлекетимиздиң раўажланыўына өз үлесин қосыўға, жәмийетте миллетлераралық дослық, татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти еле де беккемлеўге хызмет етеди.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz
BMSh Balalar fondı(UNICEF)nıń regionallıq direktorı Afshon Xon búgin Qaraqalpaqstan Respublikasında saparda boldı

👉https://karakalpakstan.uz/qq/news/show/3480

Kanalǵa aǵza bolıw: @QResMinistrlerKenesi
#Ашық_сәўбет
Бүгин, 2021-жыл 19-ноябрь күни Нөкис районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети тәрепинен район ҳәкимлигиниӊ үлкен мәжилислер залында Исбилерменликти раўажландырыў, туўрыдан-туўры шет ел инвестицияларды алып келиў бойынша ашық сәўбетлесиў өткерилди.

Оған район ҳәкиминиӊ орынбасарлары, исбилерменлер ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/Aqmangituz