Mámleketlik xızmetin rawajlandırıw agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası filialı
3.07K subscribers
1.6K photos
189 videos
3 files
905 links
Download Telegram
#Үгит_нәсият_жумыслары_даўам_етпекте

Бүгин Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығы С.Данияров Хожели районы ҳәкимлигинде Сиясий-ағартыўшылық саатына қатнасты.

Оқыў саатына район ҳәкими Ж.Ермашев, сектор басшылары, бәрше ҳәким орынбасарлары, кәрхана-мәкеме басшылары ҳәм мәҳәлле баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, ҳаял-қызлар белсендилери менен жаслар жетекшилери қатнасты.

Сиясий-ағартыўшылық саатынан соң, филиал баслығы С.Данияров қатнасыўшыларға Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 14-октябрь күнги «Мәмлекетлик пуқаралық хызметшилери тәрепинен әдеп-икрамлық қағыйдаларына әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы 595-санлы қарарының мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин кең түрде түсиндирип берди.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
#Тест_сораўларынан_үлгилер

Ашық мағлыўматлар порталы сайтын көрсетиң
Anonymous Quiz
20%
data.gov.uz
64%
my.gov.uz
8%
id.gov.uz
8%
ijro.gov.uz
Жуўаплар қатарынан улыўмалық функционал ўазыйпалар тийкарында берилген сөзлерден артықшасын белгилең
Anonymous Quiz
53%
Microsoft Outlook
18%
Mozilla Firefox
11%
Internet Explorer
18%
Google Chrome
#Сиз_ушын_пайдалы

🔷 Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги ашықлық ҳәм оперативликти тәмийинлеў мақсетинде интернет ҳәм социаллық тармақлардың имканиятларынан үнемли пайдаланған ҳалда бир қатар қолайлықларды усынады!

🟢 argos.uz — Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлигиниң рәсмий сайты

🟢 t.iss.one/argos_uz — Агентликтиң телеграмдағы рәсмий каналы

🟢 vacancy.argos.uz — мәмлекетлик пуқаралық хызметшилери вакант лаўазымларының бирден-бир ашық порталы

🟢 t.iss.one/vacancy_argos — мәмлекетлик пуқаралық хызметшилери вакант лаўазымларының бирден-бир ашық порталы рәсмий каналы

🟢 t.iss.one/vacancyonline — мәмлекетлик пуқаралық хызметшилери вакант лаўазымларының бирден-бир ашық порталында өткерилип атырған ашық таңлаўлар процесслерин онлайн бақлаў каналы

🟢 t.iss.one/vacancy_winners — вакант лаўазымлар ушын өткерилген ашық ғәрезсиз таңлаўлардың жеңимпазлары жәрияланып барылатуғын рәсмий канал

🟢 t.iss.one/vacancy_argos_bot — ашық таңлаўлар бойынша усыныс ҳәм машқалаларды қабыл етип, қысқа мүддетте жуўап бериўши бот

🟢 ilm.argos.uz — мәмлекетлик пуқаралық хызметшилериниң маманлығын асырыў порталы

🟢 test.argos.uz — мәмлекетлик хызметшилердиң билимин сынаўдан өткериў модули

🟢 my.argos.uz — “Мәмлекетлик пуқаралық хызмети бирден-бир электрон мәлимлеме-таллаў системасы” дәстүрий-аппарат комплекси, мәмлекетлик хызметшилери ушын жаратылған интерактив хызметлер порталы

🟢 t.iss.one/murojaat_argos_bot — мәмлекетлик пуқаралық хызметшилериниң арза, усыныс, шағымларын қабыл етиўши арнаўлы бот. Усы бот арқалы мәмлекетлик пуқаралық хызметшилериниң ҳуқықлары қорғалмақта.

🟢 t.iss.one/testargosuz — мәмлекетлик хызметшилерин сынақтан өткериў платформасындағы тест сораўларынан үлгилер берип барыўшы канал.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Нызамды_үйренемиз

Усы жылдың 10-ноябрь сәнесинен «Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы Нызам күшке киреди.

Нызамның мазмун-мәниси менен Филиалымыз тәрепинен таярланған видеороликлер арқалы танысыўыңыз мүмкин.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
Меҳнат кодекси (янги таҳрир) (3).pdf
7.1 MB
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар


Усы жылдың 28-октябрь күни «Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы 798-санлы Нызам қабыл етилди.

Нызам 6 айдан кейин күшке киреди.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@ARGOS_QR
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Әдеп_икрамлық_қағыйдалары

🔰 Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 14-октябрдеги 595-санлы Қарары менен «Мәмлекетлик пуқаралық хызметшилери әдеп-икрамлығының үлги қағыйдалары» тастыйықланды.

Әдеп-икрамлық қағыйдалары мәмлекетлик хызметшиниң кәсиплик мәденияты, хызмет ўақтындағы, хызметтен тысқары ўақыттағы әдеп-икрамлығы, сыртқы көриниси ҳәм кийиниў усылына байланыслы қағыйдаларды белгилейди.

❗️Мәмлекетлик хызметшилер әдеп-икрамлық қағыйдаларына әмел етиў миннетине, пуқаралар болса мәмлекетлик хызметшилерден усы қағыйдаларға сәйкес болған кәсиплик мәдениятты талап етиў ҳуқықына ийе.

🎞Мәмлекетлик пуқаралық хызметшилериниң әдеп-икрамлық қағыйдалары менен ролик арқалы танысың!

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
#Үгит_нәсият_жумыслары_даўам_етпекте

Бүгин Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы ҳәмде Тақыятас районы әдиллик бөлими тәрепинен Тақыятас районы ҳәкимлигинде оқыў-семинары өткерилди.

Семинарға район ҳәкимлиги, мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлердиң басшылары ҳәм кадрлар менен ислесиўши жуўаплы хызметкерлери, мәҳәлле баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, ҳаял-қызлар белсендилери, жаслар жетекшилери қатнасты.

Оқыў-семинары даўамында Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы Нызам ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Мәмлекетлик пуқаралық хызметшилери тәрепинен әдеп-икрамлық қағыйдаларына әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы 595-санлы қарарының мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети кең түрде түсиндирип берилди.

Қатнасыўшылардың усы ҳүжжетлер ҳәмде мийнет нызамшылығына байланыслы сораўларына жуўаплар берилди.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
#Әдеп_икрамлық_қағыйдалары

Ҳәпте даўамында Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиали ҳәмде Әдиллик министрлиги тәрепинен Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 14-октябрдеги 595-санлы Қарарының мазмун-мәнисин түсиндириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Министрлер Кеңеси ҳәмде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларында үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

🔹Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси

🔹Нөкис қаласы ҳәкимлиги

🔹Нөкис районы ҳәкимлиги

🔹Тахтакөпир районы ҳәкимлиги

🔹Қараөзек районы ҳәкимлиги

🔹Шымбай районы ҳәкимлиги

🔹Бозатаў районы ҳәкимлиги

🔹Мойнақ районы ҳәкимлиги

🔹Қоңырат районы ҳәкимлиги

🔹Қанлыкөл районы ҳәкимлиги

🔹Шоманай районы ҳәкимлиги

🔹Хожели районы ҳәкимлиги

🔹Әмиўдәрья районы ҳәкимлиги

🔹Беруний районы ҳәкимлиги

🔹Төрткүл районы ҳәкимлиги

🔹Елликқала районы ҳәкимлиги

🔹Тақыятас районы ҳәкимлиги

🔹Кегейли районы ҳәкимлиги

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
#Қарақалпақстан_Республикасындағы_вакант_лаўазымлар_ушын_жәрияланған_ашық_таңлаўлар

🔸Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

Тахтакөпир районы бөлим баслығы орынбасары;

Әмиўдәрья районы бөлими Техника жағдайы ҳәм агротехникалық илажларды қадағалаў секторы инспекторы;

Қанлыкөл районы бөлими Пахта шийки заты, дән, туқымлар ҳәм оларды қайта ислеўден алынған өнимлерден пайдаланыўды қадағалаў секторы аға инспекторы;

🔸 Бозатаў районы Финанс бөлими:

Аўыл хожалығына базар механизмин енгизиў бөлими қәнигеси;

🔸 Нөкис районы ҳәкимлиги:

Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша бас қәнигеси;

🔸 Қарақалпақстан Республикасындағы Статистика басқармасы:

Социаллық тараў статистикасы бөлим бас қәнигеси

Қарақалпақстан Республикасындағы мәмлекетлик пуқаралық хызметиндеги барлық вакант лаўазымлар менен усы силтеме арқалы танысыўыңыз мүмкин.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR