Mámleketlik xızmetin rawajlandırıw agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası filialı
2.95K subscribers
1.51K photos
172 videos
3 files
855 links
Download Telegram
⚡️ “Эл-юрт умиди” қоры сырт елде оқыў ушын имканиятлар есигин ашпақта

Бүгин “Эл-юрт умиди” қорының 2023-жылғы 2-ашық стипендия таңлаўы тәртиби менен байланыслы жаңалықларды Қарақалпақстан Республикасындағы мәмлекетлик хызметкерлер ҳәм жасларға түсиндириў мақсетинде онлайн семинар өткерилди.

Семинарға мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлери, жоқары оқыў орынларының студентлери, магистрантлар, илимий излениўшилер, Президент мектеби, қәнигелестирилген ҳәм улыўма билим бериў мектеплериниң пиктериўши класс оқыўшылары қатнасты.

Мақсет — талантларды излеп табыў, олардың сырт елдеги абыройлы билимлендириў ҳәм илимий оқыў орынларында тәлим алыўын шөлкемлестириўге көмеклесиў, профессионал жаңа әўлад кадрларын қәлиплестириў ҳәм оларды мәмлекетлик хызметке тартыўдан ибарат.

Ашық сәўбетлесиў формасында өткерилген семинарда “Эл-юрт умиди” қоры тәрепинен жәрияланған таңлаўларда жеңимпаз болып, ҳәзирги күнде сырт елде оқып атырған ҳәм де питкерип келип жумыс ислеп атырған Қарақалпақстанлы стипендиатлар да қатнасты, өзлериниң тәжрийбелери, сырт елде оқыў процесслери, имканиятлар ҳаққында өз пикирлерин билдирди.

Семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған бәрше сораўларына жуўаплар алды.

@ARGOS_QR
#Дыққат_вакансия

⚡️Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер, ҳәкимликлер менен биргеликте төмендеги вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәриялайды.

🔷 Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы министрлиги:

▫️ Нөкис районы қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы бөлими баслығы.

🔷Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

Хожели районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы:

▫️2-аймақ 2-участкада (“Жаңа-жап” АПЖ) комплекс социаллық хызмет көрсетиўши хызметкер.

Беруний районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы:

▫️8-аймақ 2-участкада (“Ибн-Сино” МПЖ) комплекс социаллық хызмет көрсетиўши хызметкер.

🔷 Шымбай районы ҳәкимлиги:

▫️ Финанс, экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша бас қәниге;

▫️Санлы экономиканы енгизиў бойынша жойбарлар менежери;

▫️ Бас юрисконсульт;

▫️Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша бас қәниге.

🔷 Қанлыкөл районы ҳәкимлиги:

▫️Санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша бас қәниге.

▫️ Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша бас қәниге.

🔷 Беруний районы ҳәкимлиги:

▫️Санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша бас қәниге;

▫️ “Пахтакор” МПЖда ҳәким жәрдемшиси.

🔷 Мәденият министрлиги:

▫️Мәлимлеме-таллаў, атқарыў тәртиби ҳәм мүрәжатлар менен ислеў бөлими бас қәнигеси.

🔷 Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети:

▫️ Бозатаў районы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими: Кадрлар бойынша инспектор.

❗️Aрзалар 21.10.2023-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша видеоқолланба.

@ARGOS_QR
#Дыққат_вакансия

⚡️Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер менен биргеликте төмендеги вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәриялайды.

🔷 Аўыл хожалығы министрлиги:

▫️ Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў секторы бас қәнигеси.

🔷 Аэрогеодезия орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими:

▫️Инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бойынша бас қәниге.

🔷Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

Беруний районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы:

▫️5-аймақ 2-участкада (“Тинчлик” АПЖ-II, “Махтумқули” АПЖ ) комплекс социаллық хызмет көрсетиўши хызметкер;

▫️7-аймақ 2-участкада (“Саркоп” АПЖ) комплекс социаллық хызмет көрсетиўши хызметкер;

▫️12-аймақ 2-участкада (“Наврўз”, “Истиқлол”, “Пахтакор” МПЖ) комплекс социаллық хызмет көрсетиўши хызметкер.

❗️Aрзалар 22.10.2023-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша видеоқолланба.

@ARGOS_QR
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Эксперт_жуўап_береди

Жумыс бериўши тәрепинен хызметкер интизамий жуўапкершиликке тартылса, оған хошаметлеў илажлары қолланыла ма?

@ARGOS_QR
🔤МӘМЛЕКЕТЛИК ПУҚАРАЛЫҚ ХЫЗМЕТШИЛЕРИНИҢ КӘСИПЛИК МӘДЕНИЯТЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ ӘДЕП-ИКРАМЛЫҚ ҚАҒЫЙДАЛАРЫ:

🔹пуқаралардың жынысы, миллети, расасы, тили, дини, социаллық келип шығыўы, жеке ҳәм социаллық статусы кемситилиўине алып келиўши тәсир шаралары ҳәм ҳәрекетлер (ҳәрекетсизлик)ге жол қоймаў;

🔹ҳадал, әдил ҳәм кишипейил болыў, пуқаралар менен сөйлескен ўақытта әлпайым, салдамлы ҳәм жақсы мүнәсибетте болыў;

🔹физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине байланыслы қарарларды қабыл етиўде нызамлылық, әдиллик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў; 

🔹мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерине зыян жеткериўши, мәмлекетлик уйымның жумыс нәтийжелилигин төменлететуғын ҳәрекетлер (ҳәрекетсизлик)ден тыйылыў;  

🔹өзиниң ҳәрекети ҳәм минез-қулқы себепли жәмийетшиликтиң  cын көз қарасына түспеў илажларын көриў, сын ушын қуўдалаўға жол қоймаў, тийкарлы ҳәм конструктив сыннан өз искерлигиндеги кемшиликлер ҳәмде нуқсанларды сапластырыў жолында пайдаланыў;

🔹өз хызмет ўазыйпаларын физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мәплерин гөзлеп орынлаў ямаса орынламаў есесине олардан сыйлық, пайда ямаса саўға алмаў;

🔹хызмет интизамына қатаң әмел етиў, жумыс ўақтынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў;

🔹турақлы түрде жумыс сапасын асырып барыў илажларын көриў;

🔹интизамий, ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы ҳәрекетлерге жол қоймаў керек.

@ARGOS_QR
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Бул_әҳмийетли

⚡️Мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер, бәрше район (қала) ҳәкимликлери басшы ҳәм жуўаплы хызметкерлери дыққатына!

Бүгинги күнниң ең әҳмийетли темалары ҳаққында мағлыўмат берип барыўшы "Сиясий-ағартыўшылық сааты" басланбақта.

Сиясий-ағартыўшылық саатын Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлигиниң ilm.argos.uz платформасы ҳәмде Youtube тағы бетинде усы силтеме https://www.youtube.com/watch?v=OEvp5jdrfEI
арқалы көриўиңиз мүмкин.

Басланған жумыс күниңиз мазмунлы ҳәм табыслы болсын!

@ARGOS_QR
#Дыққат_вакансия

⚡️Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер, ҳәкимликлер менен биргеликте төмендеги вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәриялайды.

🔹Қараөзек районы ҳәкимлиги:

▫️ Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда мәселелери бойынша бас қәниге.

🔷 Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы министрлиги:

▫️ Бозатаў районы қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы бөлими баслығы.

🔷 Қазнашылық басқармасы (Ишки таңлаў):

▫️ Қанлыкөл районы қазнашылық хызмети бөлими баслығы.

🔹Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

▫️ Беруний районлық бөлими: “Алтынсай” АПЖда жаслар жетекшиси.

❗️Aрзалар 23.10.2023-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

🔹Хожели районы ҳәкимлиги:

▫️ Хожели районы ҳәкимлигиниң балаларды қорғаў мәселелери бойынша сектор баслығы.

🔹Қанлыкөл районы ҳәкимлиги:

▫️ “Бостан” АПЖда ҳәким жәрдемшиси.

🔹Әмиўдәрья районы ҳәкимлиги:

▫️ Аўыл ҳәм суў хожалығы бөлими бас қәнигеси.

🔷 Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети:

▫️ Төрткүл районлық бөлими: инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бойынша бас қәниге;

▫️ Кегейли районлық бөлими: бас қәниге;

▫️ Нөкис қалалық бөлими: финанс-экономика, хожалық жумыслары бойынша бас қәниге;

▫️Елликқала районлық бөлими: ҳайўанлар денсаўлығын қорғаў бойынша қәниге.

🔷 Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги:

▫️ Ҳәкимшилик әмелият бойынша бас қәниге;

▫️ Баспа сөз хаткери;

▫️ Төрткүл районы бөлими баслығы.

❗️Aрзалар 24.10.2023-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша видеоқолланба.

@ARGOS_QR
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️21-октябрь ѳзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн.

@ARGOS_QR
#Дыққат_вакансия

⚡️Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте төмендеги вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәриялайды.


▫️ Шымбай районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Елликқала районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Шоманай районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Хожели районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Тѳрткүл районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Тақыятас районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Нѳкис районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Қоңырат районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Қараѳзек районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Қанлыкѳл районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Кегейли районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Беруний районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Әмиўдәрья районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Нѳкис қаласы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы.

❗️Aрзалар 25.10.2023-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша видеоқолланба.

@ARGOS_QR
#Вакансиялар_менен_танысың

🔹Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

▫️ Тѳрткүл районлық бөлими: “Марказобод” МПЖда жаслар жетекшиси.

🔷 Мәденият министрлиги:

▫️Шымбай районы мәденият бөлими баслығы.

🔷 Шоманай районы ҳәкимлиги:

▫️ “Кетенлер” АПЖда ҳәким жәрдемшиси.

🔷 Бюджеттен тысқары Пенсия қоры Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (Ишки таңлаў):

▫️ Нѳкис қалалық бѳлими: баслық орынбасары – пуқараларға хызмет кѳрсетиў секторы баслығы.

❗️Aрзалар 25.10.2023-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша видеоқолланба.

@ARGOS_QR
#Жаңа_күн_ҳикмети

Ассалаўма әлейкум.

🗓Бүгин 2023-жыл 23-октябрь, ҳәптениң дүйшемби күни.

📚 Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлер мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерине зыян жеткериўши, мәмлекетлик уйымның жумыс нәтийжелилигин төменлететуғын ҳәрекетлер (ҳәрекетсизлик)ден тыйылыўы лазым. Әдеп-икрамлық қағыйдаларынан

😊 Ҳәпте даўамында әмелге асырыў ушын режелестирген бәрше жумысларыңызға табыслар тилеймиз.

@ARGOS_QR
#Дыққат_вакансия

🔷 Аўыл хожалығы министрлиги:

▫️ Финанс-экономика бөлими бас қәнигеси – есапшы.

🔷Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

▫️ Шоманай районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәллелер менен ислеў секторы бас қәнигеси;

▫️ Шымбай районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәллелер менен ислеў секторы бас қәнигеси;

▫️ Мойнақ районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәллелер менен ислеў секторы бас қәнигеси.

🔷 Мәденият министрлиги:

▫️Мойнақ районы мәденият бөлими директоры;

▫️Қанлыкөл районы мәденият бөлими: бас бухгалтер.

❗️Aрзалар 26.10.2023-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

🔷 Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги:

▫️ Тахтакөпир районлық бөлими: Мәмлекетлик мийнет ҳуқық инспекторы.

🔷 Аўыл хожалығы министрлиги:

▫️ Бозатаў районлық бөлими: агротехнология мәселелери бойынша бас қәниге;

▫️ Төрткүл районлық бөлими: Жер дүзиў ҳәм мониторинг секторы бас қәнигеси;

❗️Aрзалар 27.10.2023-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

@ARGOS_QR
⚡️Мәмлекетлик пуқаралық хызметине жумысқа кириў процесслери қадағалаўда

Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалында ашық таңлаўлар бойынша мүрәжатларды қабыл етиў мақсетинде исеним телефоны (61 222-07-55) орнатылған.

Исеним телефоны арқалы өткен ҳәптеде келип түскен мүрәжатлар ҳаққындағы мағлыўматлар инфографикада.

@ARGOS_QR
#Ашық_таңлаў
#Онлайн

Бүгин Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Жаслар ислери агентлиги, Мәҳәллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги, Кадастр агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармалары, Аўыл хожалығы министрлиги, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети, Әмиўдәрья ҳәм Шымбай районы ҳәкимлиги системасындағы вакант лаўазымларға жәрияланған таңлаўлардың тест басқышы болып өтеди.

Тест басқышын усы силтеме https://youtu.be/qFvaJFRwUVU арқалы туўрыдан-туўры көриўиңиз мүмкин.

Ҳүрметли талабанлар, еслетип өтемиз, vacancy.argos.uz порталы арқалы арза жибергениңизден кейин, арзаларыңыздың ҳалатын жеке кабинетиңиз арқалы көрип барыўыңыз лазым. Жумыс бериўши маманлық талапларын үйрениў нәтийжеси, тест ҳәм сәўбет басқышлары өткерилетуғын ўақыт ҳәм усы басқышлардың нәтийжелери ҳаққындағы бәрше мағлыўматларды жеке кабинетиңизге (таңлаў комиссиясы қоңыраў етип хабар бериў миннетлемесин алмаған) жибереди.
🔴LIVE

⚡️Туркий давлатлар ташкилотига аъзо давлатларнинг инсон ресурсларини ривожлантиришга масъул идоралар раҳбарларининг II йиғилиши ўз ишини бошлади

Жаҳон цивилизацияси марказларидан бири — Самарқанд шаҳрида Туркий давлатлар ташкилотига аъзо давлатларнинг инсон ресурсларини ривожлантиришга масъул идоралар раҳбарларининг II йиғилиши ташкил этилди.

Айни дамда бошланган  учрашувда Туркий давлатлар ташкилотига аъзо давлатлар — Ўзбекистон, Озарбайжон, Туркия, Қозоғистон, Қирғизистоннинг инсон ресурсларини ривожлантиришга масъул идоралар раҳбарияти, 30 нафарга яқин вакиллари, Ўзбекистондаги вазирлик, идоралар, ҳокимликларнинг Кадрлар билан ишлаш бўлинмалари раҳбарлари, хорижий ва маҳаллий ОАВ вакиллари иштирок этмоқда.

Каналга уланиш —  @argos_uz